Миллий тәрбиямызға, руўхыйлық нормаларына ҳеш нәрсе қарсы болмасын

    29 қараша 2024 17

    Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы медиа өнимлерин руўхый экспертизадан өткериў зәрүрлиги бойынша қатаң усыныс билдирмекте.

    Гәп миллет руўхыйлығы, жас әўладты тәрбиялаў, инсаныйлық қәдирият ҳәм пазыйлетлерди улығлаў және бул түсиниклерге қәрсы ҳүжимлердиң алдын алыў ҳаққында болатуғын болса, әлбетте, бул басламаны қоллап-қуўатлайман. Ашығы, бүгин интернет, социаллық тармақлар дүньясына нәзер тасласаңыз, билимсизлик, инсандағы гөззал сезимлерди жемирип, апатшылыққа дуўшар ететуғынын сезесиз. Мәселен, социаллық тармақларда нырққа сыймайтуғын бийпарўа ҳәм бийәдеп сөзлер барған сайын көбейип бармақта. Ҳәзил, юмор орнында айтылып атырғандай болса да, тийкарында әдепсизлик бөртип турған уятсызлыққа көпшилигимиз көнлигип бармақтамыз. Ақылын жәмленген, еси бар адам айтпайтуғын усындай уятсыз сөзлердиң айтылыўы күнделикли әдетке айланбақта. Айырым роликшилер ямаса вайнерлер әтирапына адам топлаў, халықты өзине қаратыў ушын уятсыз жолға өтип алған. Бир-бирине ўарсақы гәплерди айтып атырған, сын-сынбаты келискен, бирақ аўзынан ақ ийт кирип, қара ийт шығып атырған адамларға қарап, олар көркем өнер ямаса журналистиканы уятсызлық майданына айландырып, қайтседе халық итибарын қаратыўға ҳәрекет етип атырғанына гүман жоқ...

    Не ушын бундай болмақта? Не ушын тилимиз, қатнас ҳәм пикирлеўимиз буншелли төменлеп бармақта? Ақыры тилди адамгершилик дәрежесин белгилейтуғын, адамды ҳайўаннан ажыратып туратуғын ең жоқары қурал деп билемиз ғой. Ҳәзирети Наўайы "Аўзына келгенди демек наданлықтың иси, алдына қойғанын жеў ҳайўанның иси..." деп бийкарға айтпаған. Тил, руўхый ой-пикир булағынан ҳәм исеним суўынан пайдаланыўы керек. Ол пикиримиз шырағын жағады ҳәм миллеттиң көз-қарасын көрсетеди. Солай екен, "аўзына келгенди деў"ге үйренип барыў миллеттиң мәнаўиятын жоқ етип, ақыбетинде өзин де жемирип жибереди. Бундай жағдайда миллет аяғында тик турыўы, ҳәрекетленип жүриўи мүмкин, бирақ тири өликтен парқы қалмайды. Тири сүлдерге айланган миллетти ҳәр қандай идеологиялық самал, ҳәттеки епкин де биймәлел ойнатыўы мүмкин.

    Мен ҳеш қәўетерленип атырғаным жоқ. Сезип турмыз, бирақ қандай илаж табыўды билмеймиз. Бара бара өзимизде көнлигип баслаймыз. Тап түпсиз бир ойпатқа, қараңғылықтың түбине түсип баратырғандаймыз. Бул аянышлы жағдай миллий иммунитет төменлеп баратырғаны, өзлик, адамгершиликке тән пазыйлетлер дәўир шаңлары ишинде жоғалып, көмилип баратырған сыяқлы. Әдеп-икрамлылық, уят, ар-намыс деген пазыйлетлерди адасқанлар базарында сатыў да әпиўайы түске енбекте. Бул базарда ҳаял-қызлар менен еркеклер араласып жатыр. Медиаәлем, интернет, қол телефоны деген түсиниклер миллетимиз келешегиниң руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан жетик өсиўине қарсы агрессия қуралы сыпатында уятсызлық, бузықшылық "жылтыраған" үгит-нәсият өнимине айланып бармақта. Енди бул жағдайға бийпәрўа қарап, тамашагөй болып отырыўымыздан мәни жоқ.

    Бүгин интернет дүньясында еки жол бар. Бири жақсылық, инсанның камалға келиўи ушын хызмет етеди, оның аўырын жеңиллестиреди. Екиншиси болса оған қарсы: ҳәр қандай руўхый тәрбияны қыйратып, жоқ етиўге таяр турған жол. Адамзат, соның ишинде, биз де мине усы еки жолдвың ортасында турмыз. Усы көз-қарастан алып қарағанда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының зыялылары мәнаўиятымызға, миллий тәрбиямызға қарсы мәлимлеме ҳүжимлеринен қәўетерленип атырғанында тийкар бар.

    Көпшилик, әсиресе, жаслар өзлери билмеген ҳалда руўхый тәрбиясызлық жолына кирип қалмақта. Дурыс, руўхый жақтан жоқары, руўхый бәркамал, санасы таза инсан өзин әдепсизлик торына тасламайды. Онда руўхый иммунитет жетерли болады. Исеними ҳәм көз-қарасларын жақсылық нуры менен қорғай алады. Бирақ, бүгин бундай адамлар, бундай жаслар жүдә аз. Себеби, китап оқыўшылар, оқыў ҳәм әдебияттан, билимнен қалқан излеген адамлар әпиўайы халық пенен салыстырғанда жүдә аз.

    Исенбесеңиз, мине, қараң: көшеде, мийманда, той-тамашада, емлеўханада, ҳәтте марҳумлардың жаназасындаа, жәмийетлик транспортларда, метро, поезд, самолётта, улыўма етип айтқанда, ҳәмме жерде инсан баласы телефонның қарамағында жасамақта. Жатқанда да телефон, турғанда да телефон... Телефон пандемиясына шалынған әўладтың ертеңги күнин ойлап қайғыға түсип кетесең. Бүгин телефон ямаса компьютер экранына үңилип отырған бул әўладтың нелерди көрип атырғаны, нелерден заўықланып атырғаны менен қызығасыз. Он процент ғана адам қол телефоны ямаса интернет арқалы қандай да бир шығарма, руўхый-тәрбиялық әҳмийетке ийе текстти оқып атырған ямаса әдеп-икрамлылыққа байланыслы үзиндилерди тамашалап отырған болады. Нәсият, жақсылық, ҳадаллық сәўлеленген сүўретлер, әдебий-ағартыўшылық темасында шығыўларды көрип, әлбетте, кеўлиңиз жақтыланады. Руўхий азық аласыз. Бирақ, бундай сүўретлерге қызығыўшылық қаншелли, гәп сонда... Олардан жаслар менен жас өспиримлерге қарағанда көбирек орта ямаса кексе әўлад пайдаланбақта.

    Бир жердеги жарамсыз клиплер, оғада биймәни, дәрежеси пәс роликлер, қас қояман деп көз шығарыўлар, гөр саўатлық, билимсизлик ҳәм таланты масқара болғанын аңламаған парасатсыз масқарапазлардың өними, ең жаманы, уятсызлық сәўлеленген көринислер, айтыўға тилиң бармайтуғын сөзлер, инсан баласына жат болған әдепсиз ис-ҳәрекетлер, төсек үгит-нәсиятына суўғарылған көринислер, инсан тамашалаўға арланатуғын ўақыялар, бузықшылықтың ашық-айдын үгит-нәсияты күннен күнге күшейип баратырған бир ўақытта буған үндемей қарап турғанның өзи солар тәрепте деген мәнини аңлатады. Бундай әдепсизликтиң ҳәммеси Батыстан ямаса бизден узақтағы басқалардан емес, сиз бенен мен жасап атырған жәмийетте, арамыздағы адамлар тәрепинен таярланбақта. Буларды таярлап атырған да кимниңдир баласы ямаса қызы. Оның да ата-анасы, аға-иниси, мәнзил-мәканы, мәҳәллеси, қоңсы-қобасы бар ғой. Дурыс түсиниң, усыған усаған бирли-ярымлар ушын пүткил миллеттиң қәдир-қымбаты жерге урылыўына бийпарық қараўға болмайды. Гейде дурыс көринген үп-үлкен адамлар да уятлы көринислерди таярлап, социаллық тармақларға жайластырмақта. Көрип ақылыға сыйдыра алмайсан, буларды не жин урды екен деп ойлайсан. Бул жол арқәлы тапқан пулы да, жеп-ишкенлери де ҳарам емес пе, деп ойлайсаң. Себеби, олар қаншадан-қанша инсанлардың руўхый дүньясын, әсиресе, еле сана-сезими толық қәлиплеспеген жас өспиримлердиң дүньяға көз-қарасын бузып, зәҳәрлемекте.

    Интернет ермек емес. Ол бизге идея ҳәм мақсетлеримизди, қәлеўимизди нур менен сәўлелендирип, көз-қарасларымызды өзгертиў ушын дерек ямаса қурал болыўы керек. Қол телефоны да узақты жақынластыратуғын аралық пенен байланыс дәреги. Оның имканиятлары идеологиямызға зыян етпеўи, оған байланып, қул болып қалмаўымыз керек. Ҳәзир жүдә көпшилигимиз мобиль телефоннан бир адым да узақласып кете алмай атырмыз.

    Мениң гәплериме қапа болмаң. Ҳәзирде балаңызға қараң: ол не менен бәнт. Телефон ишине кирип кететуғын дәрежеде, сиз қалып қалып, өзине керек нәрсени усы жерден таўып атырған болса, мениң қорқынышым бийкарға емеслигин сезесиз. Ямаса перзентиниз телефон көриў орнына китап оқыў менен бәнт пе? Ата-аналардың өзи үлги болып китап оқып атыр ма? Үйиңизде усындай орталық ҳүким сүрсе, қәўетерге түспеўиңиз керек. Қәне, сондай болса...

    Руўхыйлыққа жуўапкерлер, елдиң зыялы қатламы, жазыўшы ҳәм шайырлар халықты, әсиресе, жас әўладты жақсылық жолына баслаў, китапқумарлыққа үйретиў, қәлбин адамгершилик нуры менен жарытыў жолында тыным билмей ислеп атыр. Бул машақатлы мийнетти, ҳәрекетти үлкен толқынға қарсы шығыўға салыстырыўымыз мүмкин, бул бағдардағы барлық ҳәрекетлерди жүреги бар, миллий мақтанышы еле өлмеген ҳәр бир адам қоллап-қуўатлайды, олардың қатарында болады...

    Медиа әлеминде ылайықсыз, қәўип-қәтерге толы, жаўызлық ҳәм әдепсизликти үгит-нәсиятлаўға мәжбүрлеўши көринислер, роликлер тарқатылып атырған екен, телеэкран арқалы эфирге зыянлы, турақсыз көринислер ҳәм де оғада биймәни сериаллар узатылып атырған екен, бул жағдайға миллеттиң руўхый раўажланыўы ушын айрықша қәўип сыпатында қараў керек. Халықты аламанға алып келиўши бундай қәўип-қәтер, тамашагөйлердиң жүрек көзин соқыр қылатуғын бундай медиа ҳәм экран өнимлерине бийпәрўалық пенен қараўдың өзи де миллет келешегине қыянет болып есапланады. Сол себепли, медиа өнимлерди руўхый экспертизадан өткериў мәселесинде ҳеш қандай сиясий қәте излемеў керек. Бул ис-ҳәрекетти цензура, сөз яки пикирди шеклеўге урыныў, демократияға қарсы деп жуўмақ шығарыў да керек емес. Себеби, миллий қәдириятлар ҳәм әдеп-икрамлылық түсиниги көп нәрседен үстин. Азанда бет-қолын жуўмастан төсекте жатып кофе ишетуғын демократияның жолламасы руўхый нормаларымызға сәйкес келмегени сыяқлы әдепсизлик ағымы да руўхыйлығымызға, миллий тәрбиямызға қарсы. Соның менен бирге, оның тәсири бүгин бизде сезилип атырғаны, адамлардың санасы былғанып атырғаны да сыр емес.

    Қўчқар НОРҚОБИЛ,

    жазыўшы