2025-жыл 9-декабрьдеги "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызам, бәринен бурын, мәмлекетлик шөлкемлерде мийнет шәртнамасы тийкарында ислеп атырған ҳәм жеке меншик сектордағы хызметкерлердиң социаллық теңлигин тәмийинлеўге хызмет етеди. Бул нызам, әсиресе, ҳаял-қызлардың рәсмий бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылғаны менен баҳалы.
Хош, социаллық теңлик, рәсмий бәнтлик мәселелери қай тәртипте орнатылады? Жаңа системаның мәниси, абзаллықлары неде, жәмийетке не береди?
Усы сыяқлы мәселелер бойынша Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң жуўапкер хызметкерлери менен дөгерек сәўбетинде пикир алыстық.
Мадина АЗИЗОВА, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң бас қәнигеси:
- Бүгин Өзбекстандағы социаллық реформалар инсан мәплери биринши орынға қойылып атырғаны менен айрықша әҳмийетке ийе. Социаллық тараўдағы реформалардың ең әҳмийетлилеринен бири мәмлекет социаллық қамсызландырыў системасының енгизилиўи болды. Усы системаны сыпатлаўдан алдын социаллық қамсызландырыўға алып келетуғын жағдайларға тоқтап өтсек. "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызамға тийкарланып кеселлик себепли ўақтынша мийнетке жарамсызлық, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў, жумыстан босатылыў сыяқлы жағдайлар қамсызландырыў ҳәдийселери деп тән алынған. Усы жағдайлар жүзеге келгенде қамсызландырылған шахсқа ўақтынша мийнетке жарамсызлық напақасы, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы, жумыстан босатыў напақасы төленеди.
Напақаларды тайынлаў ҳәм төлеў ашық-айдын болыўы ушын мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлер пуқаралардың қамсызландырыў стажы ҳәм қамсызландырыў төлемине бола, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры арқалы төленеди. Бул пуқара ушын да, жумыс бериўши ушын да пайдалы, анық қағыйдаларға тийкарланады. Биринши гезекте, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын алыў мәселесинде теңлик тәмийинленеди. Мақсет - ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыў, пуқаралардың аўыр турмыслық жағдайға түсип қалыўының алдын алыў, кәмбағаллық қәўпин азайтыў, рәсмий бәнтликти хошаметлеў.
Айырымларда "Нениң есесине мәмлекет жеке меншик сектордағылардың напақасын өз мойнына алмақта? Бул әмелге аса ма ямаса қуры гәп пе?" деген сораўлар туўылмақта. Сонлықтан, қор қаржысы қалай қәлиплесиўи, напақалар тайынланыў тәртиби, январь айындағы нәтийжелер ҳаққында кең жәмийетшиликке мағлыўмат берип бармақтамыз.
Рустам ХИКМАТОВ, Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры бөлим баслығы:
- Адамларда исенимсизлик болатуғынын да дурыс түсиниў керек. Себеби усы ўақытқа шекем кеселлик ҳәм ҳәмиледарлық напақаларын төлеў тийкарынан жумыс бериўшилердиң мойнында ҳәм ықтыярында болған. Жеке меншик секторда ислеп атырғанлардың көпшилиги усы ўақытқа шекем кеселлиги, перзенти болғаны ушын напақа пулын алыўды қыялына да келтирмеген. Узаққа бармайық, өткен жылы 168 мыңға шамалас декрет бети ашылған болса, соннан 118 мыңы бюджет шөлкемлериниң үлесине туўра келген ҳәм напақалар 100 процент төлеп берилген. Жеке меншик секторда болса 50 мыңға шамалас декрет қағазы ушын тек ғана 15 мың (30 процент) ҳаялға декретлик напақа төлеп берилген.
Нызам менен беккемленген, финанслық жақтан турақлы, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға сүйенген мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасы иске қосылмақта. Кәсиплесим айтқанындай, январьдағы дәслепки мағлыўматларды халыққа усындық. Дәслепки айда ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы бойынша Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қорына 11,6 мың кеселлик бети келип түскен. Соннан 9 мыңы бойынша 103,5 миллиард сум муғдарындағы напақа тайынланған. Қалған 2600 мийнетке жарамсызлық қағазынан 1600 и бойынша пуқаралар рәсмий жумыс пенен бәнт емеслиги ямаса қамсызландырыў стажы жетерли емеслиги себепли напақа тайынлаў бийкар етилген. Қалған қағазлар бойынша напақа тайынлаў ямаса бийкарлаў мәселеси бойынша үйрениў жумыслары даўам етпекте.
Социаллық қорғаўдың қамтып алыўы нениң есабынан кеңейип атырғанына келсек, Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қорының қаржысы бир неше дәрек есабынан қәлиплеседи. Жумыс бериўшилер төлейтуғын социаллық салықтың бир бөлеги, пуқаралар төлейтуғын дәрамат салығының бир бөлеги ҳәм ықтыярлы қамсызландырыў төлеми усы қорға қаратылады. Сондай-ақ, мәмлекетлик бюджет есабынан да қаржы ажыратылады. Қордың қаржысы салыққа тартылмаўы, толық социаллық төлемлерге жумсалыўы да сезилерли қаржының адамлардың есабына өтиўин тәмийинлейди. Соның ушын да 2026-жылы Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қоры арқалы 185 мыңға шамалас ҳаял-қызларға декретлик напақасын, июльден баслап болса 600 мыңға шамалас пуқараға кеселлик напақасын автомат тәризде, яғный мүрәжатысыз төлеп берилиўи режелестирилген. Бул мақсетлер ушын усы жылы қор есабынан 3,4 триллион сум қаратылады.
Бул әмелиятта, әлбетте, раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесинен үлги алынған. Бүгин ҳәр бир тараўда халықаралық тәжирийбе өз сөзин айтып атыр.
Азиз ЭШБОЕВ, Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қорының бас қәнигеси:
- Ҳақыйқатында да, ҳәзир барлық тараўда сырт ел тәжирийбесине сүйенилмекте. Мәмлекет социаллық қамсызландырыўы (мәмлекет тәрепинен басқарылатуғын пенсия, жумыссызлық напақасы, медициналық қамсызландырыў, балалар напақасы сыяқлы системалар) көплеген мәмлекетлерде бар. Олардың тәжирийбеси ҳәм бир қатар халықаралық ҳүжжетлер үйренилгенде халықты социаллық қамсызландырыў менен қамтып алыў нызам дәрежесине алып шығылғаны ҳәм беккемленгени көринеди. Германияда социаллық қамсызландырыў системасының жүдә раўажланғаны, Францияда халықтың көпшилик бөлеги мәмлекет социаллық қорғаўына қамтып алынғаны, Швецияда кең көлемли социаллық тәмийнат, Японияда мәжбүрий социаллық қамсызландырыў системасының бар екенлиги усылар қатарына киреди.
Өзбекстанда да социаллық қамсызландырыўға байланыслы қатнасықлар нызам дәрежесинде беккемленбекте. Жаңа система халықаралық стандартларға муўапықластырылған ҳалда басқышпа-басқыш жолға қойылады. 20 дан аслам раўажланған, раўажланып атырған ҳәм басқа да түрдеги мәмлекетлердиң тәжирийбесинен напақалар қай тәртипте тайынланыўы, стаж қалай жүргизилиўи ҳәм төлем қашан, қандай тәризде, қандай мәлимлеме системалары арқалы төлениўи сыяқлылар үйренилди. Жоқарыда айтылғанындай, ҳаял-қызлардың бәнтлиги, пуқаралардың аўыр турмыслық жағдайға түсип қалыўының алдын алыў бул процессте биринши әҳмийетке ийе.
Мадина АЗИЗОВА:
- Кәсиплесимниң халықаралық тәжирийбе ҳаққындағы пикирлерине жанлы бир мысал қоспақшыман. Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қорының жуўапкерлери жақында Малайзияда оқыў сапарында болды. Тийкарғы мақсет - алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда Өзбекстанда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасын басқышпа-басқыш енгизиўге таярлық көриў. Жоқарыдағы нызамға бола, мәмлекетимизде жумыстан босаў напақасын тайынлаў 2030-жылға шекем жолға қойылады. Малайзия әне усы бағдарда, яғный жумыстан босаў напақасы, жумыссызлық напақасын енгизген мәмлекетлер арасында 50 жылдан аслам алдынғы сырт ел тәжирийбесине ийе мәмлекет сыпатында дүньяда жетекши орынды ийелейди. Соның ушын да Өзбекстанда нызам орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге таярлық көрилип, Малайзия тәжирийбеси үйренилмекте.
Өзбекстанда ҳәзир мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў тараўындағы реформалар малайзиялы экспертлер тәрепинен жоқары баҳаланды. Олар мәмлекетимиздеги реформаларды буннан былай да жетилистириў ҳәм жолға қойыў бағдарында ҳәр қандай жәрдемге таяр екени қуўанышлы. Жаңаланыў болса өз-өзинен процесс қатнасыўшыларына қолайлықлар жаратады.
Система толық автоматластырылған. Бүгин санластырылмаған тараўдың өзи дерлик қалмады. Ҳақыйқатында да, санластырыўдың мәниси, мәпи адамлардың күнделикли турмысында сәўлеленбекте.
Тийкарғы ҳүжжет - электрон ўақтынша мийнетке жарамсызлық бети. Пуқара, атап айтқанда, ҳаяллар поликлиникаға барғанда ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын алыў ушын мийнетке жарамсызлық бети ашылады. Ол "Бирден-бир медициналық мәлимлеме системасы"нда рәсмийлестириледи ҳәм автомат түрде "Социаллық қамсызландырыў" мәлимлеме модулине жибериледи. Қорға келип түскен ҳүжжет мағлыўматлары бул жердеги мәлимлеме системалары арқалы тексериледи. Яғный қамсызландырыў стажы, орташа айлық мийнет ҳақы анықланып, соған сәйкес түрде напақа тайынланады. Напақа тайынланғаны ҳаққында пуқараның телефон номерине СМС келеди. Тек ғана пуқаралар мийнетке жарамсызлық бети ашылып атырғанда өз мағлыўматларын толық ҳәм анық усыныўы керек. Бирде-бир санды қәте айтқаныңыз ҳәмме нәрседен хабарсызлыққа (СМС келмеўине), қайтадан ҳүжжет таярлаўға шекем алып келеди. Жоқарыда айтылғанындай, санластырыў тийкарында әўерегершиликлерге жол қоймаў ушын қолланылады. Напақаларды пуқаралардың мүрәжатысыз (проактив) түрде тайынлаў ҳәм төлеў ушын "Социаллық қамсызландырыў" мәлимлеме модули ислеп шығылыўы, қамсызландырылған шахслардың қамсызландырылған стажы, төленген қамсызландырыў төлеми есабынан хабардар болыў имканиятының өзи бир қанша жеңиллик береди. Сондай-ақ, қордың рәсмий сайтында пуқаралар ушын мүрәжат етиў ҳәм тайынланатуғын напақалар муғдарын онлайн есаплаў (калькулятор) имканияты, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасы шеңбериндеги мүрәжатларды Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң Call орайына қамтып алыў имканияты бар екенлиги де инсан қәдири ушын, әлбетте.
Рустам ҲИКМАТОВ:
- Айтқаныңыздай, инсан қәдири, әсиресе, социаллық тараўда анық көринеди. Жаңа мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў системасы рәсмий ислеўди хошаметлейди. Яғный мийнет етип атырған инсан мийнетине жараса хошамет те алыўы керек. Напақалар пуқараның қамсызландырыў стажына ҳәм орташа айлық мийнет ҳақысына байланыслы болады. Демек, пуқара қанша узақ мүддет рәсмий ислесе ҳәм қамсызландырыў системасында қатнасса, оның социаллық қорғалыўы сонша күшли болады. Қысқаша айтқанда, қамсызландырыў стажының көплиги - пенсияның жоқарылығы.
Қамсызландырыўдың мәжбүрий және ықтыярый формасы болып, мийнет шәртнамасы тийкарында ислеўшилер автомат тәризде қамсызландырылады. Өзин-өзи бәнт еткенлер, жеке исбилерменлер, сырт елде жумыс ислеп атырған пуқаралар болса ықтыярлы түрде қамсызландырыўға қосылыўы мүмкин.
Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў ушын кеселлик қағазы әдетте 126 күн ямаса 140 күнге ашылады. Пуқараның қамсызландырыў стажы көп ямаса азлығына қарап коэффициент қолланылады. Мәселен, 10-24 айлық қамсызландырыў стажына 75 процент, 25-60 айға 85 процент, 61 ай ҳәм оннан артыққа 100 процент напақа төленеди.
Кеселлик напақасы бойынша да, биринши гезекте, шахс рәсмий бәнт болыўы, қалаберди, кеминде 6 ай қамсызландырыў стажы болыўы шәрт. Кеселлик дәўири бойынша төлемлер 182 күнге шекем қор тәрепинен қапланады. Бул да мийнет ҳақы ҳәм қамсызландырыў төлемлерине байланыслы болып, 6-96 ай қамсызландырыў стажына 60 процент, 97 ай ҳәм оннан артығына 80 процент напақа төленеди.
Ықтыярлы қамсызландырыўда ҳәр айда ең кем қамсызландырыў төлеми төленеди. Ҳәр бир төленген ай пуқара ушын қамсызландырыў стажы есапланады. Кеминде 10 ай төлем төленгеннен кейин декретлик напақаны алыў ҳуқықы пайда болады. Ҳәзирги ўақытта ең аз қамсызландырыў төлеми 63 мың 550 сум.
Азиз ЭШБОЕВ:
- Усы жерде қамсызландырылған шахслар ушын напақа муғдары қалай есапланады, деген сораў туўылыўы тәбийий. Келиң, усыған толық түсиник берип кетейик.
Напақа муғдары = ОАМҲ (есапланған орташа айлық мийнет ҳақы) ÷ 25,3 (жумыс күнлериниң орташа айлық саны) х СК (стаж коэффициенти) х КС (декрет күнлери саны). Мысалы ушын, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасын алыўшының орташа айлық мийнет ҳақысына төмендеги муғдарлар есапқа алынады: 10 айдан 2 жылға шекем - 75 процент; 2 жылдан 5 жылға шекем - 85 процент, 5 жыл ҳәм оннан артық мүддетке - 100 процент. Онда напақа алыўшының орташа айлық мийнет ҳақысы қамсызландырыў ҳәдийсеси жүзеге келген айдан алдынғы 12 ай даўамында есапланған барлық мийнет ҳақы жәми 12 айға (егер 12 ай толық исленбеген болса, әмелде исленген айлар санына) бөлиў арқалы анықланады.
Усы тәртипте анықланған орташа айлық мийнет ҳақыға қамсызландырыў стажына сәйкес коэффициент (75/85/100 процент) ҳәм декрет күнлери саны қолланылып, улыўма напақа суммасы шығарылады. Ықтыярый тийкарда қамсызландырылғанлар ушын да улыўма формула бирдей, тек орташа айлық ис ҳақы төленген қамсызландырыў төлеминен келип шыққан ҳалда анықланатуғын шәртли айлық ис ҳақы есапланады.
Бир айлық мийнет ҳақы муғдары төмендеги тәртипте анықланады:
Бир айлық ис ҳақы = төленген қамсызландырыў төлеми ÷ қамсызландырыў төлеми ставкасы (процент) × 100. Мәселен, ҳаял өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында ықтыярлы түрде 2026-жыл январь айы ушын қорға 150 мың сум муғдарында қамсызландырыў төлемин төледи. Бул пуқараға напақа есаплаўда оның 2026-жыл январь айы ушын 3 000 000 сум муғдарында мийнет ҳақысы анықланады. Яғный төленген қамсызландырыў төлеми (бир жүз елиў мың) ÷ қамсызландырыў төлеми ставкасы (5 процент 2026-жыл ушын қамсызландырыў төлеми ставкасы) × 100 = 3 000 000 сум.
Әлбетте, мәжбүрий ҳәм ықтыярый системада қамсызландырылған шахслар тең ҳуқықлы болады.
Егер пуқара ең кем муғдар - 63 мың 550 сум муғдарында төлем ететуғын болса, оған бүгин 1 миллион 271 мың сум муғдарында айлық мийнет ҳақы ҳәм усы муғдардан келип шығып, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы орташа есапта есапланады. Жаңа система бойынша байрам ҳәм дем алыс күнлери алып тасланған ҳалда ең кем төлем еткен пуқараларымызға 4 миллион сумға шамалас напақа төлеп бериледи.
Ҳүжжетке тийкарланып, қамсызландырыў төлемлери ҳәмиледарлық ҳәм туўыў, ўақтынша мийнетке жарамсызлықта пуқараның мүрәжатысыз "проактив" түрде, жумыстан босатыў напақасы болса пуқараның мүрәжаты тийкарында тайынланады. Бул системаның дурыс ислеўи ушын жумыс бериўшилердиң жуўапкершилиги жүдә әҳмийетли. Мағлыўматлар өз ўақтында ҳәм дурыс киргизилмесе, напақалар надурыс есапланыўы ямаса улыўма төленбеўи мүмкин.
Рустам ҲИКМАТОВ:
- Өз-өзинен напақа тайынлаў пүткиллей бийкар етилиўи мүмкин бе, деген сораў да пайда болады. Буған жуўап ретинде напақа тайынланбаўдың еки тийкарғы себеби келтириледи. Бириншиси - пуқараның рәсмий бәнт емеслиги ҳәм белгиленген қамсызландырыў стажына ийе емеслиги. Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы ушын кеминде 10 ай қамсызландырыў стажы, кеселлик, ўақтынша мийнетке жарамсызлық ушын 6 ай қамсызландырыў стажы керек. Усы талапларға жуўап бермеген жағдайда напақа тайынлаў бийкар етиледи.
Азиз ЭШБОЕВ:
- Пуқаралардың жумыс стажы, қамсызландырыў стажы, кеселлик бетлери, олар ҳаққындағы социаллық қамсызландырыўға зәрүр мағлыўматларды алыўда уйымлараралық интеграция оғада қолайлы. Соның ишинде, "Социаллық қамсызландырыў" мәлимлеме модулине ҳәр бир тийисли жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың мағлыўматлары интеграцияланған. Бул арқалы, бәринен бурын, мағлыўматлар алмасыўы жетилисип бармақта. Ең әҳмийетлиси, пуқарадан салыққа тийисли ақырғы мийнет ҳақы ҳаққындағы ямаса басқа да жағдайлар бойынша ҳеш қандай мағлыўмат талап етилмейди. Себеби, бир мәкемеге барып саатлап күтиў процесине шек қоятуғын система жаратылмақта. Тийисли жуўапкер шөлкемлер менен мағлыўматлар өз-ара интеграцияланған. Кеселлик бети автомат түрде тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың мағлыўматлары менен үйренилип, есапланады. Пуқараға "Усы картаңызға усындай муғдарда напақа тайынланды ҳәм төлеп берилди" деген СМС түринде хабар жибериледи. Бул банкке мүрәжат етип ямаса басқа жерге барып пул алыў жағдайларына шек қояды.
Жоқарыда атап өтилгениндей, бүгин ҳәр бир тараўда, атап айтқанда, социаллық қорғаў бағдарында инсан қәдири улығланып атырғаны көринбекте. Буны адамлардың өзи де тән алып атыр. Әсиресе, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың жаңа системасынан хабардар болып атырған ўатанласларымыз жаңа системадан қуўанышлы. Бирақ еле бул ҳаққында билмегенлер де көп. Ҳәр қандай жаңа система үгит-нәсият жумысларын күшейтиўди талап етеди.
***
Аўа, және бир пайдалы нызамның қабыл етилиўи, ол арқалы әдил системаның иске қосылғаны халқымыздың жарқын ертеңги күни ҳәм бүгинги абадан турмысына хызмет етеди. Ол арқалы хызметкерлерди социаллық қәўиплерден қорғаў, мийнет базарында турақлылықты арттырыўға ерисиў нийет етилмекте. Қайырлы әмеллер, ийгиликли ис-ҳәрекетлер халық ушын оғада әҳмийетли кепилликлерди жаратады. Кеселлик ямаса ҳәмиледарлық дәўиринде пуқаралар дәраматсыз қалып қоймайды.
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы
Муножат МУМИНОВА жазып алды.