Өзим бул тараўдың ўәкили ҳәм жуўапкеркери сыпатында бул нәтийжени көбирек қурылыс, дөретиўшилик жумысларында көремен. Ақыры өткен қысқа дәўирде бул тараўда көп жумыслар исленбеди ме?! Нәтийжеде бир ўақытлары аўлақ, тасланды, адам жасаўын көз алдыңа келтириў қыйын болған орынларда үлкен-үлкен кварталлар, мәҳәллелер, заманагөй социаллық объектлер пайда болды. Бүгин олар адамлардың сүйикли мәканына, абат мәнзилге айланған. Ақылға уғрас инсаныйлық сиясат, халқымыздың дөретиўшилик ғайраты себепли жоқтан бар болды.

Бир мысал. Жақында Президентимиз Янгиҳаёт районындағы Хушнуд мәҳәллесинде болып, халықтың турмысы, аймақтағы өзгерислер менен танысты.

- Бүгин келиўимизден мақсет қабыл етип атырған қарарларымыздың нәтийжесин, адамлардың турмысын көриў. Тап усы райондағы сыяқлы ҳәр бир аймақты раўажландырыў, адамларға қолайлықлар ҳәм жумыс орынларын көбейтиўге ҳәрекет етип атырмыз. Соның менен бирге, тәлим-тәрбияға, мәдениятқа үлкен итибар қаратпақтамыз. Билим ҳәм мәнаўият беккем болса, экономика да жақсы раўажланады, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәҳәлле 2021-жылы шөлкемлестирилген. Бул жердеги 48 көп қабатлы турақ жай ҳәм 625 ҳәўлиде 11 мыңнан аслам халық жасайды. Бурын бул жерлер шетте қәлып қойған, көримсиз еди. 2018-жылдан баслап заманагөй турақ жайлар, балалар ойын майданшалары ҳәм спорт майданшалары қурылды. Әтирап абаданластырылды.

Улыўма, Янгиҳаёт - жаңа район. Оған қойылған тийкар аймақта көплеген турақ жайлардың қурылыўы ҳәм оларға мыңлаған шаңарақлардың көшип келиўи менен байланыслы. Нәтийжеде бүгинги күнге келип жаңа Өзбекстанның жаңа районы санааты, исбилерменлиги, инфраструктурасы раўажланған, адамлар кейпияты жоқары аймаққа айланды.

Ашығын айтыў керек, жақынға шекем тақыр жерлердиң орнына қабат-қабат имаратлар бой тиклейди, перзентлериңиз усы жердеги бақша ямаса мектепке барады, мәҳәллеңизде заманагөй завод-фабрикалар қурылады, десек ким исенер еди? Жоқ. Кейинги сегиз жылдағы реформалар, адамлардың турмыс тәризин түп-тийкарынан жақсылады, мине усындай қыялый көзқарасларды турмысқа көширди. Көз қарасларымызды өзгерттирди.

Шынында да, бундай кең көлемли дөретиўшилик процеси қала ҳәм аўылларымыздың келбетин өзгертиў менен бирге адамлардың турмысына пайыз, мазмун ҳәм берекет бағышлап атыр. Арнаўлы бағдарламалар тийкарында бой тиклеп атырған арзан турақ жайлар, үлгили турақ жайлар, жаңа массивлерде адамлар мүнәсип турмыс кеширип атыр.

2017-жылдан бүгинги күнге шекем республикамыз бойынша жәми 400 мыңға шамалас шаңарақтан ибарат дерлик 8 мың көп қабатлы турақ жай қурылғаны пикиримизди дәлиллейди. Сонлықтан, бир ғана объекттиң иске қосылыўы менен биреў үйге, биреў жумысқа ийе болмақта, аймақлардың инфраструктурасы жақсыланып, келбети және де шырайланып бармақта.

Мәмлекетимиздиң демографиялық өсиў пәти жаңа турақ жайларға болған талапты барған сайын арттырмақта. Сол себепли, быйыл 2,5 мың гектар аймақта 53 "Жаңа Өзбекстан" массивлери қурылмақта. Келеси бес жылда әне усындай массивлерде және 250 мыңнан аслам шаңарақты турақ жай менен тәмийинлеў режелестирилген.

Буннан тысқары, усы жылы 2 қала ҳәм 35 посёлкалардың бас режелери және 94 аўылды қала қурылысы жағынан раўажландырыў схемалары ислеп шығылып, жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилди. Тийисли қарарлар тастыйықланды. Бул қалалардың көриниси және де сулыў, аўыл халқының турмысы қаладағыдай болады, дегени.

Бул бағдардағы жумысларды пуқта әмелге асырыў ушын 105 техникалық-нормативлик ҳүжжет ислеп шығылып, тастыйықланды. Үлгили жойбарлар энергия үнемлеўши технологиялар, материаллар ҳәм жойбар шешимлеринен нәтийжели пайдаланған ҳалда қайта ислеп шығылды.

"Ашық-айдын қурылыс" системасы арқалы 12 мыңнан аслам объект жойбары экспертизадан өткерилди. Бул системаның tender.mc.uz электрон платформасы арқалы 9 мыңға шамалас объект бойынша жойбарлаў ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерди анықлаў ушын онлайн электрон тендер саўдалары өткерилди. Усы жылдың өткен дәўиринде орынланған жумысты бөлип алып ислеў жумысларының улыўма көлеми 167 триллион сумнан асламды қурап, өткен жылға салыстырғанда 9,1 процентке өсти.

Инсан қәдири мәмлекеттиң ҳәр бир пуқарасы ушын тыныш, қәўипсиз ҳәм сапалы турмыс, яғный мүнәсип турмыс шараяты дегени. Социаллық мәмлекет дегенде болса өз пуқараларына белгили бир абаданлықты кепиллейтуғын мәмлекет түсиниледи. Елимиз бойлап заманагөй турақ жайлар бой тиклеп, турмыс кешириў ушын инфраструктуралар жаратылып атырғаны мине, усы ҳәрекетлердиң нәтийжеси болып табылады.

Жаңа Өзбекстанда ҳәр бир пуқараға ғамхорлық етиў, халықтың барлық қатламы ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар бар екени соны айтыўымызға тийкар болады.

Халқымыздың қәлеўи ҳәм тилегине тийкарланып жаңаланған Конституциямызда адамлардың бирлемши ҳуқықларынан бири есапланған турақ жай мәселесине анық тәрип берилген. Оған бола, ҳәр ким турақ жайға ийе болыў ҳуқықына ийе. Ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға қайшы тәризде турақ жайынан айырылыўы мүмкин емес. Турақ жайынан айырылған мүлк ийесине оның баҳасы ҳәм де ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған тәртипте қапланады. Халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж қатламларын турақ жай менен тәмийинлеў тәртиби де нызам менен белгиленген.

Қурылыс тараўын модернизациялаў мақсетинде жаңа норма ҳәм стандартлар енгизилип атырғаны жумыс сапасын арттырыўда, заманагөй архитектуралық-инженерлик өнерлерди қолланыўда, экологиялық ҳәм қәўипсизлик талапларына муўапық жумыс жүргизиўде қолланылмақта. Экологиялық қурылыс идеялары кеңнен раўажланбақта. Буның ушын энергияны үнемлейтуғын қурылыс материаллары, қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм экодизайн элементлерин қолланыўды хошаметлеўге итибар берилмекте.

Қурылыс ҳәм архитектура экономиканың жедел пәтлер менен раўажланып атырған тараўларына айланғаны, дөретиўшилик жумыслардың көлеми жыл сайын кеңейип атырғаны мине усы ийгиликли мақсетлерге хызмет етпекте.

Шерзод ҲИДОЯТОВ,

қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министри