«Uzbekistan Airports» компаниясы Моңғолстанның «Hunnu Air» авиакомпаниясы менен сөйлесиўлердиң екинши басқышын өткерди. Мәжилисте қатнасыў ушын авиакомпания бас директоры Пуревжав Мунхжаргал Ташкентке келди.
Тәреплер Ташкент ҳәм Улан-Батор арасында тиккелей турақлы жолаўшы қатнаўларын шөлкемлестириўге байланыслы мәселелерди додалады. Авиакомпания усы жылдың сентябрь айынан баслап Эмбраэр 190 самолётларында ҳәптесине еки мәрте пәрўазларды әмелге асырыўды режелестирмекте.
Сөйлесиўлерде, сондай-ақ, Монголия авиатасыўшысының басшысы Ташкентти тек ғана перспективалы, туристлер ҳәм исбилерменлер ушын қызықлы мәнзил емес, ал Монголия ҳәм қоңсылас мәмлекетлер жолаўшыларының ушыўлары ушын кең имканиятлар ашып беретуғын транзит "Хаб" сыпатында да көретуғынын атап өтти.
«Hunnu Air» - 2011-жылы шөлкемлестирилген ҳәм штаб-квартирасы Улан-Батор қаласының Шыңғысхан халықаралық аэропортында жайласқан жеке меншик Монгол авиакомпаниясы. Авиакомпания ишки ҳәм халықаралық пәрўазларды АТР 72-500 ҳәм Эмбраэр 190 самолётларында әмелге асырады.









