Сенат Баслығы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде дүньяда жүз берип атырған ҳәр қыйлы келиспеўшиликлер, кризислер ҳәм гуманитарлық қәўип-қәтерлер миллионлаған адамлардың турмысына үлкен унамсыз тәсир көрсетип атырғанын атап өтти. Бундай шараятта парламентлер инсаныйлық принциплерин алға қойыў ҳәм инсан өмирин қорғаўда шешиўши роль атқарыўы зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Ассамблея даўамында Өзбекстанның гуманитарлық тараўдағы басламалары алға қойылды. Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта дүнья бойлап жүз берип атырған 120 дан аслам қураллы соқлығысыўлар ақыбетинде 310 миллионға шамалас халық жәрдемге мүтәж, бул болса гуманитарлық нормаларға әмел етиў мәселесин және де әҳмийетли етпекте.
Өзбекстан халықаралық гуманитарлық ҳәрекетлерде белсене қатнасып, турақсыз аймақлардағы мүтәж халыққа турақ жай, медициналық хызмет ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў арқалы әмелий жәрдем көрсетпекте. Бул ҳәрекетлер мәмлекетимиздиң инсаныйлық ҳәм халықаралық тилеклеслик принциплерине садықлығын айқын көрсетеди.
Мәжилис шеңберинде парламентлер арасында нызамшылық ҳәм санлы бирге ислесиўди тереңлестириў, гуманитарлық ресурсларды нәтийжели ҳәм мәнзилли бағдарлаў, глобаллық басламаларда финанслық қатнасыўды кеңейтиў, гуманитар тараўда жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў бойынша да анық усыныслар алға қойылды.
Инсаныйлық - бул тынышлықтың ҳуқықый кепили, турақлы раўажланыўдың руўхый тийкары екени атап өтилди. Соның ушын бул процессте парламентлердиң роли барған сайын артып бармақта.












