Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарын әмелге асырыў шеңберинде «Toshshahartransxizmat» АЖ қурамындағы «Toshavtobustrans» ЖШЖ автопарки 20 дана заманагөй «Ford» микроавтобуси менен толықтырылды.
Жаңа транспорт қураллары ўәлаят халқы ушын да, Шынаркент, Чимган ҳәм Әмирсайға келиўши туристлер ушын да қолайлы ҳәм қәўипсиз қатнаў имканиятын береди.
Жойбардың әмелге асырылыўы Ташкент ўәлаятында экотуризмди раўажландырыў ҳәм елатлы пунктлер арасында транспорт байланыслылығын беккемлеўге хызмет етеди.