Илаж Өзбекстан Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты тәрепинен Қатардағы Жоржтаун университети филиалының Халықаралық ҳәм регионаллық изертлеўлер орайы менен биргеликте шөлкемлестирилмекте.
2025-жыл май айында Термиз қаласында басланған Термиз сөйлесиўи Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының 2022-жыл 11-июльдеги арнаўлы резолюциясы менен қоллап-қуўатланған Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў басламасын әмелий жақтан алға қойыў ушын турақлы жумыс алып барып атырған платформа болып есапланады.
Бүгин терең геосиясий өзгерислер шараятында Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы тарийхый байланысларды қайта тиклеў объектив зәрүрликке айланбақта. Өз-ара байланыслылық, бирге ислесиў, қарым-қатнас ҳәм исеним бул стратегиялық әҳмийетке ийе макроаймақта қәўипсизлик, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўдиң тийкарғы шәртлери болып есапланады.
Бул процесслерде Аўғанстан айрықша орын ийелейди. Мәмлекетимиз өзиниң географиялық орналасыўына бола, еки аймақ арасындағы тәбийғый көпир есапланады. Прагматикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, экономикалық байланысларды кеңейтиў ҳәм Аўғанстанды регионлараралық процесслерге тартыўға пүткил Орайлық ҳәм Қубла Азия регионында узақ мүддетли турақлылық ҳәм тыныш раўажланыўды қәлиплестириўдиң ең әҳмийетли факторы сыпатында қаралмақта.
Болажақ сессияның күн тәртиби әне усы мәселелерге бағышланады. Қатнасыўшылар Аўғанстанның трансрегионаллық өз-ара байланыслылықты тәмийинлеўдеги ролин, сондай-ақ, кең регионаллық көлемде турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелий қәдемлерди додалайды.
Сессияны Қатардағы Жоржтаун университети филиалы Халықаралық ҳәм регионаллық изертлеўлер орайының директоры Заҳра Бабар алып барады.
Додалаўда төмендегилер қатнасады:
- Өзбекстан Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматулла Иргашев;
- ИСМИ директоры Элдор Арипов;
- Аўғанстан СИМ жанындағы Стратегиялық изертлеўлер орайының директоры Абдул Хай Канит;
- Қатар сыртқы ислер министриниң арнаўлы ўәкили Файсал Абдуллоҳ Ал-Хензаб;
- Қатардағы Жоржтаун университетиниң тарийх бойынша профессоры Валид Зиёд.
Еслетип өтемиз, Доха форумы 2002-жылдан берли Қатар ҳүкиметиниң жәрдеминде өткерилип келинбекте ҳәм глобаллық әҳмийетли машқалаларды додалаў ушын абырайлы майдан есапланады. 2025-жылы форум "Әдиллик әмелде: ўәделерден раўажланыўға қарай" темасында өткериледи.
Онда 150 ге шамалас мәмлекеттен 8 мыңға шамалас адам, соның ишинде, АҚШ, Уллы Британия, Россия, ЕА, Жақын Шығыс, Ҳиндстан, Пакистан, Қытай, Япония ҳәм Кореяның жетекши таллаў орайларының басшылары ҳәм қәнигелери қатнасыўы күтилмекте.