Усы күнлерде үлкен қалалардан баслап, алыс аўылларымызда Наўрыз байрамы халықаралық көлемде тән алынған жаңаланыў ҳәм жасарыў тымсалы сыпатында кеңнен белгиленбекте. Халық байрамды өзгеше көтериңкилик пенен күтип алмақта.
Быйылғы байрам илажлары "Наўрызды улығлаў - инсанды улығлаў!" сүрени астында улыўмахалықлық сейиллер формасында өткерилмекте. Олардың ҳәр бир мәҳәлледе өткерилиўи миллий дәстүрлерди беккемлеў, сондай-ақ, жас әўладты мәдений мийрасқа ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди.
Өзбекстанның барлық аймақларында өткерилип атырған байрам илажлары Наўрыз байрамына өзгеше руўх бағышламақта. Майданларда миллий тағамлар таярланады, өнерментшилик көргизбелери шөлкемлестириледи, халық ойынлары өткериледи, қосық ҳәм намалар жаңлайды. Ҳәр қыйлы жастағы инсанлар бир жерге жыйналып, өз-ара аўызбиршиликти көрсетеди.
Балалар ушын театрластырылған тамашалар, спорт жарыслары, мәдений бағдарламалар шадлық ҳәм қуўаныш орталығын жаратады. Бәҳәр келиўи менен тәбият та жаңаланып, адамлардың кеўлине жыллылық ҳәм үмит бағышлайды.
Наўрыз халқымыздың руўхый бирлиги, мийрим-шәпәәт ҳәм кеңпейиллик тымсалы болып, жәмийетте тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеўге хызмет етеди.