Мәмлекетимиз басшысы быйылғы Наўрыз байрамы муқаддес Рамазан ҳайыты менен бирге белгиленетуғынын айрықша атап өтип, тәбияттың ояныўы, руўхый пәклениўдиң тымсалы болған бул қутлы күнлер барлық ўатанласларымыз ушын жақсылық, аўызбиршилик ҳәм абаданлық байрамы екенин атап өтти. Сондай-ақ, узақ ҳәм жақын сырт еллерде мийнет етип атырған ҳәм оқып атырған ўатанласларымызға да қутлықлаў ҳәм тилеклер билдирилген.

Президентимиз ҳәр бир ўатанласымыздың миллети, тили, динине қарамастан, пүткил халқымыз ушын мүнәсип турмыс тәмийинлеўге және де көбирек итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Быйылғы байрам "Наўрызды улығлаў - инсанды улығлаў!" сүрени астында өткерилип атырғаны буның әмелий тастыйығы екени атап өтилди.

Мәресимде барлық аймақлар, аўыл ҳәм мәҳәллелерге Жаңа Өзбекстан руўхын алып кириў бойынша үлкен жумыслар басланғаны атап өтилди. Жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, социаллық қорғаўды күшейтиў бойынша әҳмийетли қәдемлер тасланбақта. Жаңа заманагөй кәрханалар, коммуникация тармақлары, ықшам турақ жайлар, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт объектлери қурылмақта. Келешекте бундай жумыслардың көлеми және де кеңейтилетуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы шебер дийқан ҳәм фермерлерге терең ҳүрмет көрсетти. Олардың халықтың үйлеринде молшылық ҳәм абаданлықты тәмийинлеў бағдарындағы ийгиликли мийнетин атап өтип, мәмлекет ҳәм жәмийет бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди.

Жаңа Өзбекстан жасларымыз ушын жоқары пәрўазлар ҳәм үлкен жеңислер майданына айланып атырғаны айрықша атап өтилди. Бүгинги күнде билимлендириў, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт, IТ ҳәм бизнес тараўларында жаңа атлар, жаңа қаҳарманлар пайда болмақта. Бундай билимли, күш-ғайратлы, бәрқулла изленип жасайтуғын жас әўлад пенен пүткил халқымыз ҳақылы түрде мақтанады.

Мәмлекетимиз басшысы жасларға мүрәжат етип, олар Үшинши Ренессанстың дөретиўшилери болыўдай уллы бахытқа ҳүрметке миясар болғанын атап өтти. Президентимиз жигит-қызларды бүгинги тыныш ҳәм татыў турмыс, жаратылған үлкен имканиятлар, ата-аналар, устаз ҳәм тренерлердиң мийнетин қәдирлеўге, тынымсыз үйрениўге, өз үстинде ислеўге, билим ҳәм шеберлигин арттырыўға шақырды. Мәмлекетимиз жаслары ушын барлық зәрүр шараятларды жаратып бериўге таяр екенлиги билдирилди.

Мәресимде мәҳәлле системасының жәмийетлик турмыстағы әҳмийетине де айрықша итибар қаратылды. Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылында кең көлемли бағдарлама ҳәм режелер әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Шаңарақ ҳәм жәмийетте тынышлық-татыўлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеў, орынларда социаллық машқалаларды шешиў, инсаныйлық ҳәм әдиллик идеяларын әмелиятта беккемлеў бағдарындағы бул жумысларда нураныйлар, "мәҳәлле жетилиги" ағзалары, белсенди пуқаралар тиккелей қатнасатуғынына исеним билдирилди.

Пурсаттан пайдаланып, Президентимиз ертең белгиленетуғын Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни мүнәсибети менен жергиликли ҳәкимият уйымларының баслықлары ҳәм белсендилерин, барлық ўатанласларымызды қызғын қутлықлап, оларға жаңа табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, Наўрызда өз көринисин тапқан тынышлық, дослық ҳәм бирге ислесиў идеялары мың жыллар даўамында халықлар арасында руўхый көпир ўазыйпасын атқарған болса да, ҳәзирги тынышсыз заманда барған сайын әҳмийетли болып бармақта. Елимизде жасап атырған 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери бул байрамды бир шаңарақ болып, қуўанышлы руўхта белгилемекте. Бундай дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик Жаңа Өзбекстанды қурыўдың ең исенимли кепили екени атап өтилди.

Жәмийетимизде миллетлер ҳәм конфессиялараралық татыўлықты буннан былай да беккемлеў ушын барлық күш ҳәм имканиятлар жумсалып атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, қоңсылас дос мәмлекетлер менен биргеликте бирден-бир Орайлық Азияны қәлиплестирген ҳалда, регионымыздың тынышлық, туўысқанлық ҳәм бирге ислесиў орайы сыпатындағы абырайын арттырыўға тийкарғы әҳмийет қаратылатуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы илажда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң елшилери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин Халықаралық Наўрыз күни менен қызғын қутлықлап, олардың еллерине ҳәм халықларына раўажланыў тиледи.

Президентимиз барлық ўатанласларымызға және бир мәрте мүрәжат етип:

- Әййемги дәстүрлеримизди даўам еттирип, нәл егип, бағ егип, шаңарақ ҳәм мәҳәллелеримизди абат етип, турмысымызды және де абат ҳәм абадан етемиз!

Биз жақсы қоңсышылық, дослық руўхы, ийгиликли ислеримиз тийкарында жоқары шеклерди гөзлеп жасап атырған халық екенимизди және бир мәрте тастыйықлаймыз!

Бәршемиз биргеликте және де бирлесип, жаңа турмыс, жаңа тарийх, жаңа келешек жаратамыз!".

Байрам үлкен концерт бағдарламасы менен даўам етти. Фольклор-этнографиялық жәмәәтлер ҳәм көркем өнер шеберлериниң шығыўлары, миллий ойынлар ҳәм аскиялар барлық тамашагөйлерге қуўаныш ҳәм жарқын тәсирлер бағышлады.

Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, парламент ҳәм ҳүкимет ағзалары, ҳәр қыйлы аймақлардан келген мийманлар, дипломатиялық корпус ўәкиллери қатнасты.