Ҳәзир ис билгенниң заманы, десек асыра айтқан болмаймыз. Себеби бүгин ислеймен, үйренемен деген ҳәр бир инсан ушын барлық шараятлар бар.
Қанлыкөл районындағы "Арзымбетқум" АПЖда жасаўшы С.Өтепбергенов ҳәм П.Усенова дәслеп қыйтақ жерде қулпынай жетистириўди жолға қойды. Өткен жылы кишкене қыйтақ жерден бир ғана қулпынайдан 5 миллион сумнан аслам дәрамат көрди. Район ҳәкиминиң қоллап-қуўатлаўы менен оларға "Дәрьябай қақсобин" фермер хожалығынан жер ажыратылып, алдыннан таярланған қулпынай нәллери егилди.
Техниканың тилин билген нураный ана
Бүгинги тыныш турмысымыз, ерискен табысларымыз, айдын келешегимиз ушын пидәкерлик пенен хызмет етип киятырған нураный ата-аналарымызды ҳәр қанша қәдирлесек арзыйды. Себеби олар өмирин, бар күш-ғайратын, билим ҳәм талантын ел-журт абаданлығына бағышлаған.
Биз сөз етпекши болған қанлыкөлли Шукуржан апа Самамбетова быйыл 75 жасын қарсы алады. Қаҳарманымыз жаслығынан аўыл хожалығы тараўында тийкарғы күш, яғный "дийқанның қол қанаты" есапланған тракторды басқарыўға қызыққан. Тек қызығып ғана қоймастан, таңлаған механизаторлық кәсиби менен бахыт, ығбал, мәртебеге ерискен. Техникаға қызығыўшылығы орта мектепти тамамлағаннан соң техникумның механизация бөлимине жетелеп келген еди. Оқыды, үйренди, мийнет етти. Соң шаңарақ қурды. Өмирлик жолдасы Орақбай Самамбетов та аўыл хожалығының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан инсанлардан бири еди.
- Атызда культиватор, пахта териў машинасы, қулласы, қандай техника болса, барлығын басқарғанман. Сондай-ақ, жипек қуртын бағып, пиллешиликти раўажландырыўда да үлесимиз бар, - дейди Шукуржан ана Самамбетова.
Жаслығынан атыз жумысларында қолы қабарған ана бүгин де перзентлери, ақлықларын мийнетке үйретип, қыйтақ жеринде палыз өнимлери, түрли мийўели тереклер егип тәрбиялаўға үйретип, жол-жоба көрсетип келеди. Неше жыллық мийнетлериниң нәтийжеси менен үлкен бағ жаратқан.
Қыйтақ жер - өзин-өзи бәнт етиў имканияты
Аўыллық жерлерде қыйтақ жерлер әзелден шаңарақ ырысқы, берекет ҳәм мийнет тымсалы болып келген. Ҳәзир болса қыйтақ жерден үнемли пайдаланыў арқалы тек ғана шаңарақтың мүтәжлигин қанаатландырыў емес, ал турақлы дәрамат дәрегин жаратыў мүмкин екенлиги халық турмысында өз дәлилин таппақта. Әсиресе, ыссыхана қурыў арқалы қыста да жерден нәтийжели пайдаланыў шаңарақлардың экономикалық имканиятларын және де кеңейтпекте.
Әмиўдәрья районының "Бобур" АПЖда қыйтақ жер ийелери қатары кеңейип бармақта. Бул бағдарда "мәҳәлле жетилиги", атап айтқанда, ҳәким жәрдемшиси тәрепинен халыққа әмелий жәрдем көрсетилип, кредит алыў, ыссыхана қурыў ҳәм агротехникалық мәселелерде мәсләҳәтлер берип барылып атырғаны тараўдың раўажланыўында әҳмийетли фактор болмақта.
Алишер Бабажанов мине усындай имканиятлардан пайдаланып, нәтийжели жумыс алып барып атырған алдынғы қыйтақ жер ийелеринен. Ол 2025-жылы 33 миллион сум кредит алып, 3 сотих майданда заманагөй ыссыхана қурды. Ҳәзир қыйтақ жер ийеси палыз нәллерин таярлаў менен шуғылланады.
- Нәл жетистириўдиң абзаллығы сонда, ол салыстырмалы қысқа мүддетте дәрамат келтиреди. Тек турақлы мийнет талап етеди. Еплей алсаңыз, сапалы нәл бәрқулла талапта, әсиресе, бәҳәр мәўсиминде дийқан ҳәм қыйтақ жер ийелери ушын, - дейди ол. - Бирақ айрықша итибар қаратыў керек болған өзине тән тәреплери бар, соның ишинде, туқым таңлаў, топырақ араласпасын дурыс таярлаў, температура ҳәм ығаллықты қадағалаў үлкен әҳмийетке ийе. Қыс мәўсиминде болса ыссыханада турақлы температураны сақлаў арқалы ерте базар ушын нәллер жетистириледи.
Усы аўылдағы және бир алдыңғы қыйтақ жер ийеси Саатбай Атажанов банктен кредит алып, жәми 4 сотихлы ыссыхана қурды. Ол да, тийкарынан, палыз нәллерин ҳәм ҳәр қыйлы гүллер жетистириў менен шуғылланады.
- Гүл жетистириў тек ғана экономикалық емес, ал руўхый әҳмийетке де ийе. Оларға мудамы талап бар. Себеби ҳәр қыйлы байрамлар, илажлар жыл бойы турақлы даўам етеди, - дейди С.Атажанов. - Ыссыханада гүл жетистириў ушын жақтылық, ығаллық ҳәм азықлық балансын сақлаў талап етиледи. Бул машақатлы жумыс болғаны менен жоқары дәрамат алыўға болатуғын бағдар. Биз бул ыссыханамызды шаңарақлық бизнеске айландырғанбыз.
Қыйтақ жерде гүл жетистириў жоқары дәраматлылығы ҳәм аз жер талап етиўи менен ажыралып турады. Бир неше сотих жерде жетистирилген сийрек ушырасатуғын гүл нәллери бир неше тонна картошка ямаса пияздан көбирек пайда келтириўи мүмкин. Қалаберди, гүлшилик мәўсим таңламайтуғын тараў. Бул болса жыл даўамында, әсиресе, байрамлар алдында жақсы пайда алыў имканиятын береди.
Аўылдағы және бир алдыңғы қыйтақ жер ийеси Айбек Даўлетов 2024-жылы 100 миллион сум кредит алып, 6 сотихлы ыссыхана қурған еди. Ҳәзирги күнде бул жерде қыяр ҳәм помидор жетистирип, ишки базарды тәмийинлеп келмекте.
Аўыллық жерлерде қыйтақ жер халықтың өзин-өзи бәнт етиўде әҳмийетли орын ийелейди. Ыссыхана қурыў арқалы шаңарақ ағзалары турақлы жумыс пенен тәмийинленеди, тийкарғысы, мийнет миграциясы азаяды.
Алдыңғы қыйтақ жер ийелериниң тәжирийбесинен келип шығып, жерге меҳир менен қатнаста болсақ, қыйтақ жер ҳақыйқый дәрамат дәреги екенин аңлаў қыйын емес. Ыссыхана қурыў, нәл жетистириў, гүл жетистириў ҳәм палыз жетистириў бағдарларын раўажландырыў арқалы көплеген шаңарақлар турақлы дәрамат дәрегине ийе болмақта.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы