Президентимиздиң басламасы ҳәм реформалары дүньяның жетекши илимий орайларынан алдынғы агротехнологияларды трансфер етиўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Соның ишинде, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм экспорт өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда жаңа дәўир басланды. Бундай сиясаттың ең айқын үлгилеринен бири ғаўаша пақалынан алынатуғын углеродлы материал, яғный биокөмир ислеп шығарыў технологиясы болып есапланады.

Жақын ўақытларға шекем ғаўаша пақалына жанылғы сыпатында қаралатуғын еди. Ол атызларда қалып кеткен ямаса мәўсимлик жанылғы сыпатында пайдаланылған. Ҳәр еки жағдайда да баҳалы органикалық ресурс қайтып келмейтуғын тәризде жоғалатуғын еди, бул процесс болса ыссыхана газлери шығындысы ҳәм атмосфера ҳаўасының патасланыўына себеп болып атырған еди.

Пиролиз қайта ислеў технологиясы бул логиканы түп-тийкарынан өзгертеди. Кислород шекленген шараятта биомассаны термикалық тарқатыў арқалы өсимлик қалдықлары турақлы углерод матрицасына - биокөмирге айландырылады. Ол болса онлап жыллар даўамында углеродты топырақ қатламында услап тура алады ҳәм бир ўақыттың өзинде жердиң агрофизикалық қәсийетлерин жақсылайды.

2025-жыл октябрьден баслап Аўыл хожалығы министрлиги Пахта бойынша халықаралық мәсләҳәт комитети, Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы ҳәм сырт елли шериклер менен биргеликте 782 фермер хожалығы майданларында пилот жойбарды әмелге асырды. Әмелият ең әҳмийетли тәрепти тастыйықлады: технология реал дала шараятында турақлы жумыс ислейди, аўыл хожалығы қалдықларын талап жоқары экологиялық ҳәм экономикалық өнимге айландырыў имканиятын береди.

Пилот жойбардың муғдарлық көрсеткишлери бағдар имканиятын айқын көрсетеди. Ҳәр бир гектардан 4-5 тонна ғаўаша пақалы жыйнап алынады. Оннан шама менен 1,3-1,6 тонна биокөмир алынады. Бул жойбар шеңберинде фермерлер тәрепинен 706 метр куб биокөмир  таярланып, 2500 гектар жерге себилди. Биокөмир  таярлаған 163 фермерге 307 миллион сум төлеп берилди.

Ҳәзирги ўақытта Европаның еки ири компаниясы – “Alcon Development” (Германия) ҳәм “Green Carbon” (Швеция) қәнигелери елимизде бул бағдардағы жумыслардың дурыс шөлкемлестирилиўине жәрдем бермекте. Швециялы мәсләҳәтшилер мәмлекетте бир айдан аслам ўақыттан берли жумыс алып барып, жергиликли қәнигелер менен бирге санаат циклиниң техникалық, шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий тәреплерин - шийки затты жыйнаўдан баслап оны қайта ислеў, сапа қадағалаўы, биокөмирди топыраққа қосыў ҳәм углерод эффектин сертификатлаўға шекемги басқышларды ислеп шықпақта. Санаат бағдарын иске қосыў 2027-жылға режелестирилген болып, 100 мың гектарға шекем қамтып алыў ҳәм кейинги жылларда қайта ислеў көлемин басқышпа-басқыш кеңейтиў нәзерде тутылған.

Масштабластырыў проекциясы жөнелистиң сезилерли экономикалық потенциалынан дәрек береди. 100 мың гектарды қамтып алыў ҳәм ҳәр гектардан кеминде 140 доллардан дәрамат табыў мүмкин. Улыўма есап-санақларға бола, жылына шама менен 14 миллион доллар пайда алыў мүмкин. Кейинги басқышта 850 мың гектарлық қамтып алыўға ерисилсе, улыўма дәрамат та соған сәйкес көбееди. Хожалықлар ушын тиккелей нәтийжеден тысқары, тармақтың раўажланыўы мәмлекетке қосымша инвестиция, заманагөй технологиялар ҳәм жаңа өндирис қуўатлықларын тартыў және аўыллық жерлерде жумыс орынларын ашыў имканиятын береди.

Жойбар аграр тараўда үлкен экономикалық нәтийже бериў менен бирге, зәрүрли экологиялық әҳмийетке ийе. Өсимлик қалдықларын ашық ҳаўада жағыўдан ўаз кешиў ҳәм кем углеродлы агротехнологияларды енгизиў ыссыхана газлериниң азайыўына себеп болады. Бул болса миллий талаплар ҳәм Өзбекстанның халықаралық миннетлемелерин орынлаўға үлкен түртки береди. Усы тәризде мәмлекеттиң климат күн тәртибин күшейтиў ҳәм "жасыл" қаржыландырыў қуралларын тартыў аграр шығындыларды халықаралық углерод базарларында тән алынатуғын активке айландырыў ушын тийкар жаратылады.

Биокөмирдиң шорланған топырақты реабилитациялаўға жәрдемлесиў өзгешелиги айрықша стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз дийқаншылығы ушын ең әҳмийетли машқалалардан бири. Өзбекстан топырақтаныў ҳәм агрохимия илимий-изертлеў институты ҳәм швед илимпазлары менен биргеликте биокөмирдиң инженерлик модификациялары - топырақтың қурамын жақсылаў, ығаллықты услап турыў қәсийетин арттырыў ҳәм дуздың унамсыз тәсирин азайтыўға қаратылған арнаўлы өнимлери шорсызландырыў бойынша комплексли бағдарламалар шеңберинде ислеп шығылмақта.

Топыраққа киргизилген биокөмир углеродты байланыстырыў менен бирге жердиң сапасын ҳәм өнимдарлығын арттырады. Минерал төгинлерге талапты азайтады ҳәм аграр шығындыларды қайта ислеў бойынша жаңа базарды қәлиплестиреди. Бул экологиялық ҳәм экономикалық бағдарлар өз-ара сәйкес келетуғын сийрек ушырасатуғын жағдай. Шығынды дәраматқа айланады, топырақ қайта тикленеди, мәмлекет болса "жасыл" экономиканы қурыў ушын тәсиршең қуралға ийе болады. Бул жерде ҳәр бир технология трансфери артында белгили бир атызлар, хожалықлар ҳәм баҳалаў мүмкин болған нәтийже турады - илим әне усы тәризде келешек зүрәәтине айланады.

Жамолиддин БОБОХОНОВ,

Аўыл хожалығы министрлиги

департаменти директоры