Сизлерди Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилисинде көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман. Бундай абырайлы әнжуманның елимизде өткерилип атырғаны бизге әлбетте мақтаныш бағышлайды.
Бир неше мың жыллық тарийхқа ийе болған, Уллы жипек жолы кесилиспесинде жайласқан үлкемиз әзелден Шығыс пенен Батысты, Арқа менен Қубланы байланыстыратуғын орай болған. Бул жерде дүнья цивилизациясы, илим ҳәм саўданың раўажланыў жоллары тутасқан.Уллы тарийх ҳәм абадан келешектиң тымсалы болған Жаңа Өзбекстан халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди додалаў ушын әҳмийетли майданға айланып бармақта. Бүгинги Самарқанд форумы алдынғы идея ҳәм жаңа басламаларды алға қойыў, әҳмийетли қарарлар қабыл етиўге хызмет етеди, деп исенемен.
Жаңа Өзбекстанға хош келдиңиз!
Қәдирли мийманлар!
Бүгинги күнде мәмлекетимиз экономикасы пүткиллей жаңа раўажланыў басқышында. 2016-жылдан берли экономиканы либералластырыў, инвесторлар ушын тартымлы орталық жаратыў, глобал қосымша қун шынжырларында белсене қатнасыў, аймақларда социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны түп-тийкарынан жаңалаў, халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бойынша кең көлемли реформаларды әмелге асырмақтамыз.
Биз тарийхый қысқа дәўирде мийнеткеш, дөретиўши халқымыз бенен биргеликте қыйын раўажланыў жолын басып өттик. Кейинги жыллары елимиз экономикасына 150 миллиард доллар сырт ел инвестициясы кирип келди, мыңлаған заманагөй кәрханалар иске қосылды. Тек ғана энергетика тараўында 35 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар есабынан электр ислеп шығарыўды 1,5 есеге арттырып, 87 миллиард киловатт саатқа жеткердик. Усы дәўирде товар ҳәм хызметлер экспорты 3 есеге көбейип, экономикамыз көлеми 50 миллиард доллардан 147 миллиард долларға жетти.
Бундай унамлы нәтийжелер дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынбақта. 2020-жылдан баслап Өзбекстан суверен кредит рейтинглерин избе-из жақсылап бармақта. Быйылғы Экономикалық еркинлик индексинде мәмлекетимиз 14 текшеге көтерилип, биринши мәрте "үлкен емес" экономикаға ийе мәмлекетлер қатарына кирди. Глобаллық турақсызлық шараятында да биринши шерек жуўмақлары бойынша экономикамыз 8,7 процентке өсиўге еристи.
Ең тийкарғысы - реформалар процесинде ҳәр бир шаңарақтың, ҳәр бир инсанның турмысын жақсылаўға биринши дәрежели итибар қаратпақтамыз. Усы дәўирде 8 миллион 500 мың жәрдемге мүтәж халықтың дәраматларын арттырып, кәмбағаллық дәрежесин дерлик 35 проценттен ҳәзирги 5,8 процентке азайтыўға еристик. Өткен он жыл даўамында Өзбекстан Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде ең үлкен унамлы өзгерислерге ерискен бес мәмлекет қатарына кирди.
Биз 2030-жылға шекем Өзбекстанның барлық тармақларын технологиялық ҳәм инновациялық өсиў модельине өткерип, экономика көлемин 240 миллиард доллардан асламға жеткериў нийетиндемиз. Мақсетимиз - нәтийжеде дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарына кирип, кәмбағаллықты пүткиллей сапластырыў.
Жақын ўақытта 13 стратегиялық ири кәрхананың активлерин өз ишине алған Миллий инвестиция қорының 30 процент акцияларын халықаралық фонд базарына алып шығамыз. Бундай әҳмийетли қәдем шериклеримиздиң мәмлекетимиздиң инвестициялық орталығына болған исенимин және де беккемлейди, деп исенемен.
Ҳүрметли дослар!
Биз Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда Азия раўажланыў банки ҳәм басқа да халықаралық финанс шөлкемлериниң рольин айрықша атап өтемиз. Бизиң исенимли стратегиялық шеригимизге айланған Банк пенен биргеликте бүгинги күнде улыўма баҳасы дерлик 16 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырдық ҳәм әмелге асырмақтамыз. Әсиресе, Азия раўажланыў банки дәслепки күнлерден баслап қайта тикленетуғын энергетика, аўыллық жерлерде турақ жай қурылысы, Орайлық Азияда экономикалық бирге ислесиў сыяқлы бағдарларда биз бенен бирге болғанын қәдирлеймиз.
Пурсаттан пайдаланып, бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырғаны ушын Азия раўажланыў банкиниң Президенти мырза Масадо Канда ҳәм банк басқарыўшысына пүткил халқымыз ҳәм жеке өзимниң атымнан шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Соның менен бир қатарда, Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, Ислам раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәм басқа да халықаралық финанс институтларының басшыларына, барлық сырт елли шериклеримизге жақыннан бирге ислесип атырғаны ушын үлкен миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Биз Азия раўажланыў банки менен кәмбағаллықты қысқартыў, инсан капиталын раўажландырыў, заманагөй инфраструктураны қурыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда тығыз бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша анық режелерди белгилеп алдық. Кеше Банк пенен 12 миллиард долларлық жаңа бирге ислесиў бағдарламасына қол қойдық.
Бәршеңиз жақсы билесиз, ҳәзирги тынышсыз заманда дүнья экономикасында қурамалы өзгерислер жүз бермекте, жаңа технологиялар жедел өзлестирилмекте. Жағдайдың өзи бизден Банк пенен биргеликте турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын жаңа механизмлер ҳәм тәсиршең көзқарасларды енгизиўди талап етпекте.
Бириншиден, бүгинги күнде санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект дерлик барлық тараўларды пүткиллей жаңа форматқа өткермекте.
Жәҳән саўда шөлкеминиң болжаўларына бола, 2040-жылға барып жасалма интеллект есабынан халықаралық саўда айланысының көлеми қосымша 40 процентке артады.
Биз мәлимлеме технологияларын раўажландырыўға қатаң киристик. Өзбекстанда инновация ҳәм билимге тийкарланған жасалма интеллект хабын жаратыў басланды. Экономика тармақларында жасалма интеллект тараўында 200 ден аслам жойбар бойынша жумыслар әмелге асырылмақта. Аймақларда мағлыўматларды қайта ислеў орайлары, суперкомпьютер ҳәм жасалма интеллект лабораторияларын көбейтиў, "Бес миллион жасалма интеллект лидерлери"н таярлаў бағдарламалары әмелге асырылмақта.
Онда Азия раўажланыў банки, сондай-ақ, АҚШ, Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Япония, Корея ҳәм Қытайдан келген шериклеримиз бизге тиккелей жәрдем берип атырғанын айрықша атап өтпекшимен.
Әлбетте, халық ең көп талап етип атырған билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, суў хожалығы, экология ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўларында да ЖИ ның ашық модельлеринен пайдаланыў зәрүр.
Усы мақсетте Азия раўажланыў банки қәўендерлигинде раўажланып атырған мәмлекетлерде жасалма интеллектти кеңейтиў бойынша арнаўлы бағдарлама ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Сондай-ақ, Банктиң "Азия ушын санлы магистраль" басламасына қосылғанымызды жәриялаймыз ҳәм Ташкентте оның регионаллық муўапықластырыў орайын ашыў усынысын алға қоямыз.
Екиншиден, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллекттиң раўажланыўы, өз гезегинде, энергия ресурсларына болған талапты кескин арттырмақта.
Халықаралық энергетика агентлигиниң таллаўларына бола, 2030-жылға барып мағлыўматларды қайта ислеў орайларының электр энергиясына болған талабы ҳәзиргиге салыстырғанда 2-3 есеге артады. Бундай шараятта инвесторларға арзан, исенимли ҳәм "жасыл" энергияны усынатуғын мәмлекетлер ғана глобаллық базарда бәсекиге шыдамлы болып қала алады.
Биз бул бағдарда сезилерли жетискенликлерге еристик. Дүньяның жетекши компаниялары менен биргеликте жәми қуўатлылығы 5 мың 600 мегаватт болған ири самал ҳәм қуяш электр станциялары иске қосылып, "жасыл" энергияның улыўма генерациядағы үлеси 30 процентке жеткерилди. 2030-жылға шекем бул көрсеткишти 54 процентке жеткериўди режелестиргенбиз.
Улыўма етип айтқанда, регионымыз қайта тиклениўши энергия ислеп шығарыў тараўында үлкен потенциалға ийе. Таза энергия экспортын кеңейтиў ушын "Орайлық Азия - Европа" "жасыл" энергетика коридорын жаратыўда Азия раўажланыў банкиниң жәрдемин миннетдаршылық пенен атап өтемиз. Үмит етемиз, регион мәмлекетлери Банк пенен биргеликте жақын ўақыт ишинде усы "Энергетика артериясы" жойбарын әмелге асырыўды баслайды.
Үшиншиден, транспорт системаларының өз-ара байланыслылығын ҳәм логистика коридорларының турақлылығын тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселеге айланбақта.
Дүньядағы ҳәр қыйлы келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар ақыбетинде логистика коридорларының өзгериўи бүгинги күнниң өзинде Орайлық Азия мәмлекетлери ушын транспорт қәрежетлериниң 30 процентке шекем артыўына, жеткерип бериў мүддетлериниң бир неше ҳәптеге созыўына алып келмекте.
Хабарыңыз бар, Шығыс ҳәм Батысты байланыстыратуғын Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан темир жолын қурыў жойбары бойынша жумыслар басланған. Бул жаңа транспорт жөнелиси пүткил регионның транзит потенциалын кескин арттырады. Жүклерди жеткерип бериў мүддети 10 күнге шекем қысқарады, жылына 15 миллион тоннаға шекем жүк тасыў имканияты жаратылады.
Усы мүнәсибет пенен Банктиң Орайлық Азияда регионаллық экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде "Санлы бажыхана ҳәм логистика альянсы"н шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Бул бажыхана тәртип-қағыйдаларын үйлестириў, ҳүжжетлерди санластырыў ҳәм шегара арқалы жүк тасыўды әпиўайыластырыў имканиятын береди.
Төртиншиден, Банктиң қатнасыўында жеке меншик сектор менен бирге ислесиўди және де кеңейтиўден мәпдармыз.
Атап айтқанда, ҳәзирги техника ҳәм технологиялар әсиринде әҳмийетли минераллар тараўында бәсеки күннен-күнге күшейип баратырғанын бәршемиз көрип турмыз.
Халықаралық экспертлердиң есап-санақларына бола, 2040-жылға барып санаат ушын әҳмийетли болған минералларға талап 6 есеге артады. Бул - жаңа имканиятлар. Өзбекистан мис, вольфрам, молибден, магний, графит, ванадий, титан ҳәм басқа да пайдалы қазылмалардың ири қорларына ийе. Бул потенциалды өзлестириў мақсетинде кореялы бирге ислесиўшилер менен биргеликте R&D орайының жумысын жолға қойып, Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында "Келешек металлары технопарки"н қурып атырмыз. АҚШ, Қытай ҳәм Түркияның ири компаниялары менен 1,6 миллиард долларлық 70 тен аслам жойбар иске қосылған.
Мақсетимиз тек ғана пайдалы қазылмаларды қазып алыў емес, ал оларды терең қайта ислеў есабынан экономиканың раўажланыўына жаңа пәт бағышлаў болып есапланады. Азия раўажланыў банкиниң "Аўыр минераллардан - өндириске шекем" бағдарламасына қосылыўды ҳәм оның шеңберинде жоқары қосымша қунлы жойбарларды әмелге асырыўды усыныс етемиз. Бул бағдарда геологиялық-излеў жумысларына заманагөй технологиялар ҳәм санлы шешимлерди енгизиў, қазып алыў ҳәм қайта ислеў процесслеринде экологиялық стандартларды қолланыў, әҳмийетли пайдалы қазылмаларды жеткерип бериўдиң турақлы шынжырларын жаратыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Бесиншиден, климат өзгериўи ҳәм шөллениў Орайлық Азия мәмлекетлериниң раўажланыўына үлкен тәсир көрсетпекте.
Экологиялық машқалалардың ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде биз бес жыл даўамында "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп нәл отырғызып атырмыз. Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектар жасыл қапламлы қорғаў тоғайзарлары жаратылды. Биз 2030-жылға шекем Өзбекстанда көклемзарластырыў дәрежесин 30 процентке жеткериўди өз алдымызға әҳмийетли ўазыйпа етип қойғанбыз.
Соның менен бирге, Азия раўажланыў банки 2030-жылға шекем мөлшерленген Климатлық ҳәрекетлер режесин табыслы әмелге асырмақта. Банк ҳәр жылы ажыратылатуғын қаржылардың кеминде 50 процентин климат жойбарларын қаржыландырыўға қаратады.
Банк ҳәм регионның басқа да мәмлекетлери менен биргеликте әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли ҳәрекетлер және де салмақлы нәтийжелер береди, деп ойлайман. Усы мүнәсибет пенен "Орайлық Азияның жасыл белбеўи" регионаллық жойбарын әмелге асырыўды усыныс етемиз.
Алтыншыдан, дүньядағы турақсызлық шараятында миллионлаған туристлер қәўипсиз бағдарларды излемекте.
Орайлық Азия зыярат, мәдений, гастрономиялық, этнографиялық, экстремал ҳәм медициналық туризм сыяқлы бағдарларда үлкен потенциалға ийе. Биз бул тараўға айрықша итибар қаратып, зәрүр инфраструктура, сервис, виза ҳәм транспорт тәмийнатын жаратыў, бәринен бурын, туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған реформаларды әмелге асырдық. Нәтийжеде он жылда Өзбекстанға сырт елли туристлердиң ағымы 6 есеге артып, жылына 12 миллионға жетти.
Жақында Ташкентте ашылған Орайлық Азияның илимий ҳәм руўхый ғәзийнеси сыпатында тән алынған Ислам цивилизациясы орайы, Самарқандта қурылған уллы илимпаз ҳәм ойшыл Имам Бухарий естелик комплекси елимиздиң жаңа ҳәм сийрек ушырасатуғын дыққатқа ылайық орынларына айланды. Бундай комплекслер қоңсы мәмлекетлерде де қурылмақта. Соның ушын регион мәмлекетлерин бирлестиретуғын "Орайлық Азия туристлик шеңбери" - туристлик мәканын шөлкемлестириў басламасын алға қоямыз. Қоңсы мәмлекетлер, Азия раўажланыў банки ҳәм басқа да шериклеримизди туризмди раўажландырыў бойынша жойбарлар портфельин қәлиплестириў ҳәм оларды биргеликте қаржыландырыўға шақырамыз.
Биз жоқарыда атап өтилген барлық усыныс ҳәм басламаларды Азия раўажланыў банки менен тек ғана суверен кредитлеў емес, ал мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, кепиллик бериў, аралас қаржыландырыў ҳәм жеке меншик капиталды мобилизациялаў арқалы жедел бирге ислесиўде әмелге асырыўға таярмыз. Усы мүнәсибет пенен Аймақлық жойбарларды қаржыландырыўдың инновациялық платформасын қәлиплестириўди усыныс етемиз.
Ҳүрметли банк басқарыўшылары!
Бүгинги күнде жәҳән экономикасында жүз берип атырған кескин өзгерислер шараятында кең регионымыздың социаллық-экономикалық турақлылығын тәмийинлеўде Азия раўажланыў банкиниң орны және де әҳмийетли болмақта. Усы мәниде, биз халықаралық финанс ҳәм экономикалық қатнасықлар тараўында терең билим ҳәм үлкен тәжирийбеге ийе болған Банк Президенти мырза Масато Канда тәрепинен әмелге асырылып атырған нәтийжели реформаларды толық қоллап-қуўатлаймыз.
Әзиз дослар!
Бүгинги форумда дүньяның 100 ден аслам мәмлекетлери, халықаралық финанс шөлкемлери, жетекши банк ҳәм компаниялардан 4 мыңнан аслам абырайлы экспертлер қатнаспақта.
Самарқанд платформасында алға қойылған әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар келешекте үлкен әмелий нәтийжелер беретуғынына, ҳәр бир келисим анық ҳәм пайдалы жойбарға айланатуғынына исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизди Жаңа Өзбекстанның гөззал тәбияты, тарийхый естеликлери, заманагөй архитектуралық көриниси менен жақыннан танысыўға мирәт етемен.
Сизлерге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли жумысыңызда жаңа жетискенликлер тилеймен.