Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде ойынға тийкарланған билимлендириўдиң енгизилиўи арқалы интеллектуаллық раўажланыўға қаратылған орталық жаратылып атырғаны балалардың ақылый, эмоционаллық ҳәм социаллық қәбилетиниң қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе. Бул арқалы бала билимди мәжбүрий түрде емес, ал қызығыўшылық ҳәм тәжирийбе тийкарында өзлестиреди.
Пән ҳәм математика бағдарында арнаўлы ойын зоналары шөлкемлестирилмекте. Балалар ушын мозаикалар, конструкторлар, логикалық ойынлар, робототехника ҳәм дәслепки алгоритмлеў элементлери енгизилмекте. Интерактив доска ҳәм санлы билимлендириў қураллары арқалы өткерилетуғын шынығыўлар балаларда мағлыўмат излеў, таңлап алыў, дурыс пайдаланыў сыяқлы мәлимлеме мәдениятын қәлиплестиреди. Өз бетинше қарар қабыл етиў, ўазыйпаларды орынлаў, өз қәтелерин таллаўға үйретеди.
- Усы жылы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласында шөлкемлестирилетуғын "Жаңа әўлад" мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тийкарындағы Балаларды раўажландырыў инновациялық орайы базасында тап усындай заманагөй ойын зоналарының әмелиятқа енгизилиўи нәзерде тутылмақта, - дейди Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги Мектепке шекемги билимлендириў системасының жумысын муўапықластырыў департаментиниң бас қәнигеси Сирожиддин Раҳмонбердиев. - Пән ҳәм математика бағдарында арнаўлы тематикалық ойын майданшалар шөлкемлестирилип, балалар ушын мозаикалар, конструкторлар, логикалық ойынлар, робототехника топламлары және дәслепки алгоритмлеў элементлери енгизиледи. Сондай-ақ, интерактив доска ҳәм санлы билимлендириў қураллары арқалы сабақлар өткериў системасы жолға қойылады.
Бул мектепке шекемги билимлендириў системасын жаңа сапа басқышына алып шығыў, ойынға тийкарланған билимлендириў арқалы балалардың интеллектуаллық потенциалын раўажландырыўды нәзерде тутады.
Ойын зоналары Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм тараўлық жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў мәкемелери менен биргеликте шөлкемлестирилмекте. Педагоглар ушын арнаўлы методикалық қолланбалар ислеп шығылып, "Методикалық шеберлик күни" ҳәм "Методикалық шеберлик сааты" илажлары шеңберинде ойынға тийкарланған пән ҳәм математика сабақларын шөлкемлестириў бойынша тәжирийбе алмасыў жолға қойылған.
Қәнигелердиң пикиринше, бундай арнаўлы ойын зоналары тек ғана билим бериў қуралы емес, ал балада илимге қызығыўшылықты ерте қәлиплестиретуғын орталық жаратады. Жаңаша қатнаслар оларда еркин пикирлеў, таллаў, машқалаға шешим табыў көнликпелери, пикирлеў, дыққат, есте сақлаўдың раўажланыўына жәрдем береди.
Балаларды миллий мақтаныш ҳәм ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаўға бәрқулла тийкарғы ўазыйпа сыпатында итибар қаратылады. Усы мақсетте мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде мәмлекетлик нышанларға ҳүрмет, миллий қәдириятлар, ата-анаға ҳүрмет, үлкенлерди ҳүрмет етиў, дослық ҳәм аўызбиршилик идеяларын сиңдириўге қаратылған шынығыўлар өткерилмекте.
"Мениң Ўатаным - Өзбекстан" темасындағы сәўбетлер, миллий байрамларға бағышланған сахналық көринислер, "Туран кишкентайлары" театр жәмәәтлери арқалы халық ертеклери тийкарында шөлкемлестирилип атырған тәрбиялық шынығыўлар, сахналық көринислер балалардың санасында миллий қәдириятларды беккемлемекте.
Пәрманда балаларды тәрбиялаў, раўажландырыў ҳәм оларға билим бериўди унамлы қатнасықлар арқалы әмелге асырыў мақсетинде ойынға тийкарланған билимлендириўди енгизиў ўазыйпасы да келтирилген. Соннан келип шығып, ҳәзирги ўақытта МШБШларда дөретиўшилик ҳәм көркем өнер бағдарында тематикалық ойын майданшалары шөлкемлестирилмекте. Балалар өз қоллары менен қуўыршақлар соғыў, түрли сахна көринислеринде роллер атқарыў, музыка әсбаплары менен танысыў арқалы дөретиўшилик имканиятын көрсетеди. Сүўрет салыў, музыка, қосық айтыў, аяқ ойын ҳәм сахналастырыў шынығыўлары кеңнен жолға қойылады. Бул процесс балаларда көзқарас ҳәм дөретиўшилик пикирлеўди раўажландырады.
Ҳүжжетте балалардың жасы ҳәм раўажланыў басқышларына сәйкес дөретиўшилик ҳәм көркем өнер, пән ҳәм математика, тил ҳәм қыял, робототехника ҳәм дәслепки алгоритмлеў менен бир қатарда физикалық белсендилик бағдарында да тематикалық ойын майданшаларын ашыў нәзерде тутылған. Усы тийкарда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде спорт майданшалары, ҳәрекетли ойынлар ушын ашық ҳәм жабық заллар шөлкемлестирилмекте. Азанғы дене шынықтырыў, ашық ҳаўада саламатландырыўшы шынығыўлар балалардың физикалық раўажланыўына хызмет етиўи, күшли, шыныққан ҳәм саламат болып өсиўине тийкар жаратады.
- Ташкент қаласындағы 122-мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде арнаўлы үскенеленген спорт залы, резина қапламалы ашық майданша, балалар ушын қәўипсиз тренажёр ҳәм ҳәрекетли ойынлар зонасы бар, - дейди Сирожиддин Раҳмонбердиев. - Бул жерде ҳәр күни азанғы дене шынықтырыў, ҳәптелик спорт саатлары ҳәм ашық ҳаўада саламатландырыўшы шынығыўлар өткериледи.
Сондай-ақ, Ташкент қаласындағы 204-мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде "Саламат бала - саламат келешек" сүрени астында денетәрбия бағдарламасы әмелге асырылмақта. Бақша балалар ушын мини-футбол, гимнастика, эстафета ойынлары, ҳәрекетли шынығыўлар өткерилиўи жолға қойылған. Шынығыўлар балалардың булшық ет, дем алыў системасы ҳәм улыўма ҳәрекет активлигин арттырады. Интизам, жәмәәтте ҳәрекет етиў, өз денсаўлығына жуўапкершилик пенен қараў көнликпелерин қәлиплестиреди. Балалар ҳәрекет арқалы өз энергиясын дурыс жумсайды, иммунитети беккемленеди ҳәм мектеп билимлендириўине физикалық жақтан таяр ҳалда киреди.
Бул мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тәжирийбеси басқа аймақларға да енгизилмекте. Жаңа спорт майданшалары қурылып, тәрбияшылар ушын дене тәрбиясы бойынша арнаўлы методикалық усыныслар ислеп шығылмақта.
Пәрманда симуляциялық жағдайлар арқалы балаларда кәсиплерге қызығыўшылық оятыў, экологиялық мәдениятты қәлиплестириў сыяқлы бағдарлар бойынша тәлим-тәрбия процеси әмелге асырылыўы ўазыйпасы келтирилген.
- Балаларды симуляциялық ойынлар арқалы кәсиплер менен таныстырыў, экологиялық тәрбия, социаллық қатнасықларды үйретиўге қаратылған шынығыўлар жолға қойылмақта, - дейди Сирожиддин Раҳмонбердиев. - "Шыпакер", "Асхана", "Қурылысшы" сыяқлы ролли ойынлар, тәбиятты қорғаў темасындағы әмелий жумыслар, топарлық ойынлар балаларды бирге ислесиўге ҳәм жуўапкершиликке үйретеди. Бул бағдарда енгизилип атырған көзқараслар алдынғы сырт ел тәжирийбелери, атап айтқанда, Қубла Корея ҳәм Қытай мектепке шекемги билимлендириў системасындағы инновациялық моделлер тийкарында жетилистирилмекте.
Қәнигениң атап өтиўинше, Қубла Корея тәжирийбесинде "турмыслық көнликпелер арқалы билимлендириў" принципи үстин болып есапланады. Ол жерде бақшаларда “mini city” - яғный киши қалаша түриндеги ойын орталықлары жаратылған болып, балалар емлеўхана, дүкан, асхана, қурылыс майданы, полиция бөлими сыяқлы симуляциялық аймақларда ойын арқалы жәмийетлик турмысты үйренеди. Бул усыл арқалы балаларда кәсиплерге қызығыўшылық, жәмийетлик орында өзин тутыў мәденияты ҳәм социаллық жуўапкершилик сезими қәлиплеседи. Өзбекстанда да айырым мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде усы модель тийкарында "Кәсиплер қалашасы" усылында тематикалық ойын зоналары шөлкемлестирилмекте.
Қытай тәжирийбесинде болса экологиялық тәрбия ҳәм жәмәәтлик ойынлар айрықша әҳмийетке ийе. Бақшаларда балалар тәбиятты қорғаўға қаратылған әмелий шынығыўларда қатнасады. Гүл егиў, шығындыларды сайлап алыў, суўды үнемлеў, тереклерге ғамхорлық етиў сыяқлы ис-ҳәрекетлер симуляциялық ойынлар менен үйлестириледи. Мәселен, "Экология қорғаўшысы" ойыны арқалы балалар өзин тәбият қорғаўшысы сыпатында сезеди. Бул тәжирийбе тийкарында мәмлекетимиздиң бақшаларында "Тәбиятты сақлаймыз" темасында сюжетли-ролли шынығыўлар жолға қойылмақта.
- Республика бойынша 6 мың 917 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң 30 мың 882 топарында тәрбияланыўшылардың қол мийнети буйымлары, сызылмалары ҳәм тәбийғый материаллардан таярланған дөретиўшилик жумыслары тийкарында "Экологиялық мүйешлер" ҳәм 6 мың 588 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде "Экологиялық жоллар" шөлкемлестирилген, - дейди С.Раҳмонбердиев. - Бул жолларда ойын арқалы балалардың қоршаған орталық пенен тиккелей байланыста болыўы, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын бақлаў арқалы экологиялық ой-пикирин раўажландырыў имканияты жаратылды.
2025/2026-оқыў жылынан баслап "Экологиялық мүйешлер" ҳәм "Экологиялық жоллар"дағы ойын арқалы шынығыўлар, бақлаў жумыслары ҳәм сейиллер даўамында тәрбияланыўшыларға Өзбекстан Қызыл китабына киргизилген өсимликлер ҳәм ҳайўанлар ҳаққында дәслепки түсиниклер бериў системалы жолға қойылды.
"Сүўретлеў искерлиги" шынығыўлары процесинде балалар тәрепинен қорғалатуғын өсимлик ҳәм ҳайўанлардың сүўретлерин салыў әмелияты енгизилип, бул арқалы оларды тәбиятты сүйиў, оған абайлы қатнаста болыў ҳәм экологиялық мәдениятты ерте жастан ийелеўге бағдарлаў тийкарғы мақсет етип белгиленген.
Бул жантасыўдың және бир өзине тән тәрепи социаллық қатнасықларды ойын арқалы үйретиў болып табылады. Жәмәәтлик ойынларда балалар нәўбет күтиў, бир-бирине жәрдем бериў, келисимге ерисиў, тартысты тыныш жол менен шешиўди әмелде үйренеди. Бул болса олардың эмоционал интеллекти ҳәм сөйлесиў мәдениятын қәлиплестиреди.
Симуляциялық ҳәм ролли ойынлар арқалы билим бериў усылы Қубла Корея ҳәм Қытай тәжирийбесине сүйенген ҳалда жергиликли шараятқа бейимлестирилмекте. Бул көзқарас баланы тек билимли емес, ал турмысқа таяр, жәмәәтте ислей алатуғын, кәсиплерге қызығатуғын ҳәм тәбиятқа жуўапкершилик пенен қарайтуғын шахс етип тәрбиялаўға хызмет етпекте.
Бүгинги күнде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери баланың келешегин белгилеп, потенциалын ашып беретуғын заманагөй тәрбия ҳәм раўажланыў орайларына айланбақта. Бул болса елимиз келешеги болған жас әўладты бәркамал етип тәрбиялаў жолында әҳмийетли қәдем болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысының жоқарыда келтирилген пәрманы бул ийгиликли жумысларды жаңа басқышқа көтериўи менен әҳмийетли.
Рисолат МАДИЕВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы