Бундай көзқарас итибарсызлық, "ертең-арғы қүни көремен" сыяқлы итибарсызлықты келтирип шығарады. Айтайық, басшы ушын киши көринген машқала мүрәжат пенен келген пуқара ушын "өмир-өлим" мәселеси болыўы мүмкин. Ҳәр бир инсанның жумысында, турмысында өзине жараса машқалалары бар. Оны аўызбиршиликли түрде шешиў талап етиледи.

Президентимиздиң атап өткениндей, ҳәр бир ҳәким аймағындағы, министрлер болса тармағындағы имканиятлар менен қәўип-қәтерлерди алдыннан билип, проактив, яғный тапсырма күтпей, өзи баслама көрсетип ислеўге өтиўи шәрт. Ең әҳмийетлиси, халық ҳәм бизнес пенен қарым-қатнасты және де күшейтип, олар сорап атырған мәселелерди тез-тез шешип бериў басшылардың тийкарғы ўазыйпасы болыўы зәрүр. Ҳақыйқатында да, өз жумысына шын кеўилден қатнас жасайтуғын ҳәр қандай басшы аймағындағы машқалаларды жоқарыдан тапсырма күтип отырмастан, сапластырыў жолларын излеўи керек. Әлбетте, бәринен бурын, оған қәлеў, тилек ҳәм жуўапкершиликти сезиў керек.

Таллаўымыз бойынша соңғы ўақытлары мүрәжат етиўшилердиң саны бираз азайды. Демек, инсанлардың жақсы жасаўына, турмыстан разы болыўына қол-қанат болып атырмыз. Әлбетте, елимизде болып атырған жаңалықлар халқымызды да қуўандырмақта.

Имканият өз-өзинен жаратылмайды

Нөкис - жаңа имканиятлар, жаңа брендлер, жаңа жумыс орынлары, заманагөй медицина ҳәм билимлендириў дәргайларына бай қала. Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған ири инвестициялық жойбарлар, халықаралық бирге ислесиў бағдарламалары, социаллық объектлердиң қурылысы - булардың барлығы инсан қәдирин улығлаў, оның турмысын жақсылаўға хызмет етпекте. Усы мәниде, Нөкисти Қарақалпақстандағы реформалар орайы, трансформация ҳәм раўажланыўдың реал көриниси, десек асыра айтқан болмаймыз.

Әлбетте, ҳәр бир реформаның тийкарында инсан қәдири турады. Инсан қәдири болса, бәринен бурын, оның жеке үйине, өз баспанасына ийе болыўы менен өлшенеди. Соның ушын да турақ жай мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Нөкис қаласында 3389 квартиралы 63 көп қабатлы турақ жайдың қурылысы нәзерде тутылған. Усы күнге шекем қаладағы Қумбыз аўыл ҳәм Гүлзар мәҳәллелеринде 84 квартиралы 2 турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Енди болса итибар Нөкис-Шымбай гүзары әтирапына қаратылмақта.

Қурылыс жумысларына халықаралық инвесторлар, соның ишинде, Қытай компаниялары да тартылған. Олардың қатнасыўында 10 турақ жайдың қурылысы режелестирилген болып, бүгинги күнде 5 объектте жумыс қызғын даўам етпекте.

Соның менен бирге, халықтың турақ жайларының жағдайын жақсылаў, ескирген имаратларды оңлаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары да кең көлемде әмелге асырылмақта. Нөкис қаласында 2926 турақ жай оңлаў мақсетинде қамтып алынған. Соннан бүгинги күнге шекем 824 турақ жай оңланып берилди, 448 иниң төбесине жаңа шифер қапламалар орнатылды. 32 турақ жай болса пүткиллей қайта қурылды.

Нөкис қаласында қурылыс объектлериниң саны артып баратырған бүгинги шараятта, оларды сапалы материаллар менен тәмийинлеў мәселеси де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Енди бул талапты сырттан емес, ал жергиликли имканиятлар есабынан қанаатландырыў мүмкин. Мәселен, қурылыс санааты ушын стратегиялық әҳмийетке ийе жаңа кәрхана - базальт шийки заты тийкарында ыссылық сақлаўшы материаллар ислеп шығаратуғын завод жумыс баслады. Жойбар шеңберинде жылына 40 мың тонна өним ислеп шығарыў нәзерде тутылған.

 Бул санаат майданы ушын 677 миллиард сумнан аслам инвестиция киргизилди. Базальт тийкарындағы материаллар ыссылықты жақсы сақлаўы, экологиялық тазалығы ҳәм турақлылығы менен әҳмийетли. Сонлықтан, олар тек ғана турақ жайлар емес, ал ири санаат объектлериниң қурылысында да кеңнен қолланылыўы күтилмекте. Нәтийжеде 300 жумыс орны жаратылды ҳәм июль айынан ислеп шығарылған өнимлер Әзербайжанға экспорт етиле баслады.

Қарақалпақстан қуяшлы күнлериниң көплиги менен таза энергия ислеп шығарыў ушын қолайлы аймақ. Енди бул абзаллық өндириске айланбақта. Нөкис қаласында қуяш панеллерин ислеп шығаратуғын биринши завод - "Нөкис электроаппарат" қоспа кәрханасы жылына 150 мегаватт қуўатлылыққа ийе қуяш панеллер ислеп шығармақта. Өндирис Қытай үскенелери ҳәм Қубла Корея технологиясы тийкарында шөлкемлестирилген. Ҳәзирги ўақытта 30 дан аслам қәниге жумыс ислемекте. Жақын келешекте олардың саны 150 ге жетеди. Итибарлы тәрепи сонда, қуяш панеллерин ислеп шығарыў Өзбекстанда биринши болып Қарақалпақстанда жолға қойылмақта.

Ири бизнес ҳәм туризм орайы

Нөкис енди тек ғана ҳәкимшилик ҳәм мәдений орай емес, ал ири бизнес ҳәм туризм орнына айланбақта. Бир ғана мысал, қаламыз орайында қурылысы басланған заманагөй конгресс-холл комплекси 78 миллион долларлық инвестиция тийкарында қурылмақта. Бул жойбар тек ғана заманагөй архитектура емес, ал қала инфраструктурасын пүткиллей жаңа басқышқа алып шығатуғын идеялардың бири болып есапланады.

Қаламызда хызмет көрсетиў тараўын жаңа басқышқа алып шығатуғын және бир ири жойбар - "Karakalpak Palace Premium" мийманханасының қурылысы басланды. Бул Қарақалпақстандағы биринши бес жулдызлы мийманхана болып, ол тек ғана ўатанласларымыз емес, ал халықаралық туристлер ҳәм инвесторлар ушын да жоқары дәрежедеги сервисти усынады.

Ири сервис жойбарларынан және бири "Эко базар" комплекси болып есапланады. 3 гектар майданда қурылған бул базарда 148 саўда орны шөлкемлестирилиўи белгиленген болып, 130 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылды. Онда 225 пуқара турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс пенен тәмийинлениўи нәзерде тутылған.

“Long Water” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен баҳасы 1,5 миллион АҚШ доллары муғдарында тиккелей сырт ел инвестициясы есабынан “SHILPIQ” бренди жойбары әмелге асырылып, базарлар қадақланған сапалы суў менен тәмийинленбекте. Бул жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 50 ге шамалас жумыс орны жаратылды.

Бүгинги күнде Қарақалпақстанда бурын болмаған жөнелислер де пайда болмақта. Мәселен, биринши мәрте Нөкис қаласында заманагөй стандартларға жуўап беретуғын “Monte” музқаймақларын ислеп шығарыў кәрханасы иске түсирилди. “Yuventa Nukus” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылып атырған бул жойбар тийкарында базарларды сапалы сүт өнимлери менен тәмийинлеўге ерисилип, 40 қа шамалас жумыс орны жаратылды.

Жүреклеримизге жақын тема

Жаслар темасы жүрегиме жақын. Себеби, олар елдиң келешеги. Баслама ҳәм идеяларға бай бүгинги әўлад ўәкиллери. Соның ушын, олар менен сәўбетлесип, пикирлери менен қызығаман.

Бүгинги күнде Президентимиздиң итибары ҳәм жанкүйерлиги себепли, әсиресе, қарақалпақстанлы жаслар жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыўында қосымша квоталар берилиўи, "Жаслар дәптери"ндеги студентлерге контракт пулларының төлеп берилиўи әжайыпат...

Аўа, ҳәзирги ўақытта көз көрип, қулақ еситпеген жаңалықлардың тек ғана гүўасы емес, ал қатнасыўшысы болмақтамыз. Ҳәр қәдемде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳәўиж алған. Мәселен, Нөкис қаласында Билимлендириўди баҳалаў агентлигиниң 1000 орынлық жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. 18,3 миллиард сум қаржы есабынан қурылған бул имаратта абитуриентлер ушын миллий ҳәм халықаралық тест сынақларын жоқары стандартларда шөлкемлестириў имканияты жаратылған.

Сондай-ақ, санлы технологиялар тараўында жетик кадрлар таярлаў мақсетинде шөлкемлестирилген Ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң Нөкис филиалы да жумыс баслады. 61 миллиард сумлық мәмлекетлик инвестиция есабынан қурылған бул билимлендириў орнында IТ тараўы бойынша терең билим бериў ушын барлық шараятлар жаратылған.

Президентимиздиң басламасы ҳәм тапсырмалары тийкарында Қарақалпақстанда спорт тараўын раўажландырыў, жаслар ушын заманагөй шараят жаратыў жолында әмелий жумыслар исленбекте. Соның ишинде, улыўма баҳасы 13 миллиард сумнан аслам қаржы тийкарында гүрес шеберлиги мектебиниң қурылысы алып барылмақта. Мектеп қурамында 150 орынлық жатақхана, стандарт спорт залы, стадион ҳәм асхана болады. Бүгинги күнде бул қурылыстың 94 проценти жуўмақланған. Сондай-ақ, 79,8 миллиард сум қаржы қаратылған гимнастика орайының қурылысы басланған. Жойбар Президент қарары тийкарында әмелге асырылмақта. Пайдаланыўға тапсырылғаннан соң гимнастика спорт түрлерин раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе имарат болыўы күтилмекте.

Жақында болса бокс шеберлиги мектебиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. 3,1 миллиард сум инвестиция тийкарында қурылған имарат жас спортшылар ушын заманагөй имканиятқа ийе.

Мәмлекетимизде жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў, оларды саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўға қаратылған реформалар қатарында халықтың саламатлығын беккемлеў де тийкарғы бағдарға айланбақта.

Өзине тән мәдений орын

Қала орайында бой тиклеген ашық амфитеатр тек ғана жаңа инфраструктуралық жойбар болып қалмастан, ал нөкислилер, атап айтқанда, жаслар ушын мәдений ҳәм социаллық белсендиликтиң жаңа орайына айланбақта. Бул жерде концертлер, театр тамашалары, ашық сөйлесиўлер, байрам илажларын өткериў мүмкин екенлиги болса қала халқы ушын және бир заманагөй имканият есапланады.

Буны айқын дәлиллейтуғын мысаллардан бири Нөкис қаласындағы "Ақ қус" комплексинде бой тиклеген, дүньядағы ең үлкен қара үй (отаў) есапланады. 40,5 метр диаметр ҳәм 22 метр бийикликке ийе бул үлкен имарат 2024-жыл 22-август күни Гиннестиң рекордлар китабына рәсмий түрде киргизилди. Бул тек ғана Қарақалпақстан емес, ал пүткил Өзбекстанның мәдений потенциалы ҳәм архитектуралық имканиятларын дүньяға танытқан ўақыя болды, деп айтыў мүмкин.

Халық ушын, келешек ушын

Нөкисте әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбар - бул халық ушын, оның келешеги ушын. Бул мәмлекет басшысының елимиздиң раўажланыўына, адамлардың турмысына қаратып атырған итибарының әмелий көриниси. Әсиресе, соңғы жыллары қала көшелеринде соңғы заманагөй имаратлар, көп қабатлы жайлар қурылып, көзди қуўандыратуғын дәрежеде өзгерислерге бет бурмақта. Қала халқының саны да жылдан-жылға көбейип, мәмлекетимиз басшысының тәрийпи менен айтқанда Өзбекстанның екинши пайтахты күннен-күнге шырай ашып, кеңейип бармақта. Бүгинги күнде қаламызда 350 мыңнан аслам халық 71 мәкан пуқаралар жыйынында жасайды.

Барлық мәселелер әсте-ақырын, басқышпа-басқыш өз шешимин таўып атыр. Қаламыздың дерлик барлық көшелерине асфальт төселип атыр. Алдынлары асфальт жоллар мәселеси 10-15-жыллар даўамында толық шешилмей қалатуғын еди. Сол шешилмей қалған қаламыздағы жол мәселесиндеги машқалалар соңғы жылларда сапластырылып атыр.

Буннан тысқары, аймақлық бағдарлама шеңберинде 2025-жылы улыўма баҳасы 2,3 триллион сум болған 107 жойбардың иске қосылыўы ҳәм 2 471 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Соннан бүгинги күнде баҳасы 806,3 миллиард сум болған 48 жойбар иске қосылды ҳәм 561 жаңа жумыс орны жаратылды.

Бүгинги күнде кәмбағаллықтан шығарылған шаңарақлар 585 ти, халықтың саны 2052 адамды қурайды. 2025-жылдың 1-январына шекем кәмбағал шаңарақлар 6,6 мың шаңарақ, кәмбағаллық дәрежеси 8,7 процентти қураған болса, 2025-жылдың 1-июль жағдайына бола, кәмбағал шаңарақлар 5,4 мың, кәмбағаллық дәрежеси 6,1 процентти қурады.

Елимизде ата-бабаларымыз көрмеген бүгингидей абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумысларынан халқымыз шексиз миннетдар. Соңғы жыллар даўамында әмелге асырылған өзгерислер мәмлекет басшысының халқымызға, аймаққа болған итибары ҳәм исениминиң нәтийжеси болып есапланады. Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған кең көлемли реформалар, халық ушын жаратылып атырған қолайлықлар ҳәм инсан мәпин жоқары қәдирлеў сиясаты барлық тараўларда өз нәтийжесин бермекте.

Абатбай ДАНИЯРОВ,

Нөкис қаласы ҳәкими