Қандай тыныш-татыў күнлерге жеттик, ул-қызларымыз шын мәнисинде ҳүрмет-иззетте, жеке Президентимиздиң итибарында. Усыларды бақлап отырып, өткен әсирдиң 80-жылларында мен ҳәм досларым менен жүз берген бир ўақыя ядыма түсти. Биз - әрман ҳәм күш-ғайратқа толған нәўқыран изертлеўшилер докторлық диссертацияларымызды таярлап атырғанымызда бир топар "үлкен илимпазлар" тәрепинен "Не ушын булар еле 40 жасқа толмастан илим докторы болмақта?" деген орынсыз сынға, бир қатар қарсылықларға ушырағанбыз.
Бүгин болса илим жолына кирип, илимий излениўлер алып барып атырған жасларымыздың жолына ҳеш ким тосқынлық ете алмайды, керисинше, олар ушын айрықша жеңиллик, хошамет ҳәм көплеген имканиятлар жаратылған. Соның ишинде, Президентимиз биринши мәрте БМШ Бас Ассамблеясының минберинде турып жаслар сиясаты мәселесин көтерип шыққаны ҳәм бул баслама дүнья жәмийетшилиги тәрепинен үлкен итибарға ийе болғанын атап өтиў керек. Быйыл Ташкентте Жәҳән жасларының тынышлық жолында ҳәрекети Бас резиденциясының шөлкемлестирилиўи, Самарқанд қаласында Жаслар парламенти ағзаларының 12-глобал конференциясының өткерилиўи сыяқлы бир қатар басламалар бул процесстиң турақлы ҳәм даўамлы екенинен дәрек береди.
Жаслар менен бул ретки ашықтан-ашық сөйлесиўде белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар да Үшинши Ренессанстың дөретиўшилери ҳәм қурыўшысы болған жаслардың келешекке пәрўазын тәмийинлейтуғын фундаментал тийкарларға ийе. Оларды қоллап-қуўатлаў, билим алыўы, заманагөй кәсип-өнер ийелеўи, исбилерменлик ҳәм инновациялық жумыс пенен шуғылланыўы ушын кең имканият жаратыўға тийкар жаратылмақта. Атап айтқанда, "Келешекке қәдем" бағдарламасы жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшыларына да үлкен жуўапкершилик жүклейди. Себеби алдымызда Өзбекстанның раўажланыўын тәмийинлейтуғын жоқары маманлықтағы инженерлер таярлаў ушын фундаментал ҳәм улыўма инженерлик пәнлерди терең өзлестирген билимли, интакер ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрларды жеткерип бериў ўазыйпасы тур. Бул болса, өз гезегинде, билимлендириў системасының нәтийжелилиги ҳәм өндиристиң анық мақсетлерине бағдарланғанлығы менен тиккелей байланыслы.
Усы жерде жақын өтмишке қайтып бир ўақыяны еске алғым келеди. 2016-жыл 15-июнь күни Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң кеңейтилген илимий кеңеси өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Бас министри Шавкат Мирзиёев қатнасты. Мәжилисте техника илимлери тараўында жоқары маманлықтағы илимий ҳәм илимий-педагог кадрлар таярлаўды буннан былай да жетилистириў мәселелери бойынша өз пикир-усынысларымды билдирдим. Сонда ол адам маған - илимий дәрежелер бериўши илимий кеңес баслығына төмендеги әҳмийетли тапсырманы берген еди: "Маған бир илим докторын таярлап бериң, ол дүнья илимпазлары менен биймәлел теңлесе алатуғын илимпаз болсын". Ҳәзирги күнге келип университетимизде мине усындай жоқары потенциалға ийе әўлад камалға келип атырғанына ҳеш қандай гүманым жоқ.
Арадан бираз ўақыт өткеннен соң, Президентимиздиң илимий дәрежелер бериўдиң еки басқышлы системасына өтиўге байланыслы қарары шықты. Яғный, дәслеп, тийисли илим тараўында философия докторы (Phd) ҳәм илим докторы (DSc) диссертацияларын таярлаў ҳәм қорғаўларды өткериў зәрүр. Буннан кейин илимий дәреже алыў ушын излениўшилерге талаплар да күшейди. Илимий кеңесимиз техника илимлерине қәнигелескен. Соннан келип шығып, изертлеўшилеримиз ҳәм илимий басшыларымызға бир қатар әҳмийетли талаплар қойылды. Өткен дәўирде кеңесимизде 150 ден аслам философия ҳәм илим докторы диссертациялары қорғалды. Илимпазларымыздың илимий жумыслары ҳәм монографиялары дүньяда импакт факторы жоқары болған журналлар ҳәм топламларда басып шығарылды. Көплеген устазларымыз дүньяның жетекши 1000 лығына кириўши университетлери менен биргеликте илимий излениўлер алып барып, баянатлар оқып атыр. Жас илимпазларымыз да техника ҳәм технологиясы раўажланған мәмлекетлерде оқып, биргеликте илимий изертлеўлер алып бармақта.
Сондай-ақ, бүгин Ташкент мәмлекетлик техника университети халықаралық билимлендириў майданында интеграция процесин тереңлестириў, алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў ҳәм бәсекиге шыдамлы жоқары маман қәнигелер таярлаў мақсетинде дүньяның абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелери менен қоспа және дуал билимлендириў бағдарламаларын жедел әмелге асырып келмекте. Университет бир қатар абырайлы сырт ел билимлендириў мәкемелери менен 2+2 ҳәм 1+1 форматларындағы қоспа билимлендириў бағдарламалары арқалы студентлерге халықаралық критерияларға сәйкес билим алыў, еки тәреплеме дипломлар ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе болыў имканиятын берди. Беларусь мәмлекетлик технологиялар университети, Беларусь миллий техника университети, Москва энергетика институты сыяқлы жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў солардың қатарына киреди.
2024-2025-оқыў жылынан баслап дуал билимлендириў түринде бирге ислесиўши кәрханалар санын кеңейтиў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты, “Veolia Energy Tashkent”, “Zavod NVA” сыяқлы кәрханаларда оқыў жылы даўамында студентлердиң әмелияты дуал билимлендириў системасы тийкарында жолға қойылды.
2023-2025-жылларда болса “Uzbekistan-GTL” Ташкент металлургия заводы, Ташкент труба заводы, Алмалық кән-металлургия комбинаты, Наўайы кән-металлургия комбинаты, "Аймақлық электр тармақлары", "Зарафшан электр самал станциясы", “AgroTechKlaster”, “ENTER STEEL”, Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги, “ADM Jizzakh”, “BYD Uzbekistan” сыяқлы кәрхана ҳәм заводлар менен биргеликте дуал билимлендириў жолға қойылған. Профессор-оқытыўшылардың өндиристеги стажировкасы ҳәм кәрханадағы машқалалар тийкарында илимий изертлеўлер өткериўи бойынша унамлы нәтийжелерге ерисилген. Мәселен, Наўайы кән-металлургия комбинатында бир қатар кафедраларымыздың филиалы бар. Наўайы машина қурылысы заводында болса ТДТУ жанындағы илимий дәрежелер бериўши илимий кеңес ушын айрықша орын ажыратылған. Ол жерде 5 таяныш докторантларымыз өндирис машқалалары менен үзликсиз байланысқан ҳалда илимий жумысын орынламақта. Кәрхана кафедралардың оқыў процесинде қолланыў ушын 24 түрдеги өним үлгилери ҳәм қәлип материалларын бийғәрез берген. Өз-ара хожалық шәртнамалары тийкарында жәми 5 миллиард сумнан аслам экономикалық нәтийжели 16 жаңа технологияны ислеп шығарыўға бағдарланған. Сондай-ақ, "Алмалық кән-металлургия комбинаты" акционерлик жәмийети менен дүзилген хожалық шәртнамалары тийкарында 2 миллиард сумнан аслам экономикалық нәтийжеге ийе 9, Өзбекстан металлургия комбинаты менен болса жәми 4,5 миллиард сумлық 14 жаңа технология өндириске енгизилди.
Усы унамлы нәтийжелер менен бирге илимий кеңестиң жумысында айырым кемшиликлер де бар. Атап айтқанда, машина қурылысында материалтаныў, қуйыўшылық, металларға термикалық ҳәм басым астында ислеў бериў, қара, реңли ҳәм сийрек ушырасатуғын металлар металлургиясы, сийрек ушырасатуғын ҳәм радиоактив элементлер технологиясы, механизмлер ҳәм машиналар теориясы, сондай-ақ, машина деталлары қәнигеликлери бойынша жақланған диссертациялардың көпшилигинде илимий нәтийжелер ислеп шығарыўға усыныс етилген кәрханалардың актлери бар ҳәм экономикалық нәтийжелилик те көрсетилген. Соған қарамастан, финанслық түсим болмаған. Изертлеўшилердиң жуўмағына бола, өндирис кәрханалары түсимлер бойынша имканияты шекленгенин атап өтпекте. Илимий кеңес басшылары ҳәм илимий басшылар кәрханаларға барып, бул мәселелерди шешиў үстинде ислемекте. Бирақ барлық аўырманлықты изертлеўшилерге таслап қойыў да жақсы әмелият емес. Буны сапластырыў ушын илимий кеңес басшылығының белсендилигин арттырыў зәрүр.
Және бир кемшилик конструкциялық материалларға ислеў бериў технологиялары ҳәм үскенелери қәнигелигинен ҳәзирге шекем бирде-бир диссертация жақланбағаны менен байланыслы. Бул қәнигелик бойынша ҳәр жылы таяныш докторантураға қабыллаў бойынша имтиханлар өткерилип, еркин изертлеўшилерге талабанлар усыныс етилмекте. Бул машқалаларды шешиў ушын университеттиң тийисли бөлимлери, деканатлар ҳәм кафедралар биргеликте жумысларды жеделлестириўи керек.
Улыўма алғанда, жетискенликлер де, кемшиликлер де өзимиздики - мине усы халық, усы ўатанға тийисли. Тийкарғысы ҳәр бир қәдемимизде, ҳәр бир ҳәрекетимизде соны есимизде тутсақ, болғаны. Биз - профессор-оқытыўшылар, устаз-тренерлер жоқары маман кадрларды таярлаўда биринши гезекте оларды қоллап-қуўатлап, потенциалын көрсетиўине имканы болғанынша жақсы шараят жаратыўымыз ҳәм бул бағдарда мәмлекетимиз басшысының тапсырмаларын қолланба сыпатында алыўымыз зәрүр. Тәлим-тәрбия сапасын буннан былай да арттырыў, сырт ел алдынғы технологияларын тартыў, заманагөй лабораториялар ҳәм коворкинг орайларының жумысын кеңейтиў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалыўы керек. Сонда ғана жасларымыз халықаралық көлемде "Мен Өзбекстан перзентимен", деп мақтаныш пенен өз илимий жумысларын баян етип атырған ҳәм олар дүнья илимий жәмийетшилиги тәрепинен тән алынып атырған бир ўақытта бул жумысларда мениң де үлесим бар, деп мақтаныўға руўхый ҳақымыз болады.
Камолхон КАРИМОВ,
Ташкент мәмлекетлик техника университети жанындағы
илимий дәрежелер бериўши илимий кеңес баслығы,
техника илимлериниң докторы, профессор