баннер
2 Apr 2025
07:05

    Адам өлимине себеп болған қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленди

    Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизилди.

    Нызам менен Жынаят кодексине имаратлар ҳәм объектлерден пайдаланыўға рухсатнама бериў ҳәм оларды пайдаланыўға қабыл етиў қағыйдаларын бузғаны, қала қурылысы тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың рухсатысыз объектлерди қурғаны, нызамшылықты бузған ҳалда көп квартиралы турақ жайлардағы таяныш конструкцияларды өзгерткени ҳәм (ямаса) реконструкциялағаны, сондай-ақ, имаратлар ҳәм объектлерди елатлы пунктлердиң тастыйықланған бас режелери, оларды режелестириў ҳәм қурыў жойбарларын бузған ҳалда жойбарластырғаны, реконструкциялағаны ҳәм қурғаны ушын жуўапкершилик жүзеге келиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

    Бунда жынайый жуўапкершилик айыпкер шахслар усы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып болғаннан кейин жүзеге келеди. Адам өлимине ямаса басқа да аўыр ақыбетлерге себеп болған қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын айрықша жынайый жуўапкершилик киргизилмекте.

    Сондай-ақ, нызамшылықты бузған ҳалда көп квартиралы турақ жайлардағы таяныш конструкцияларды өзгертиў ҳәм (ямаса) реконструкциялаў менен байланыслы жынаятты биринши мәрте ислеген ҳәм әмелге асырылған өзгерислер ямаса бузылыўларды, сондай-ақ, олардың ақыбетлерин ықтыярлы түрде сапластырған шахс жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс жойбарлаў шөлкемлериниң авторлық қадағалаўды әмелге асырыў шеңберинде берилетуғын көрсетпелерин буйыртпашылар тәрепинен орынламағаны, сондай-ақ, объектлерди эксперт шөлкемлердиң қала қурылысы ҳүжжетлерине унамлы жуўмақсыз қурғаны ушын жуўапкершиликти белгилеўши нормалар менен толықтырылмақта.

    Сондай-ақ, қала қурылысы тараўындағы қағыйдабузарлықлар ушын салынатуғын жәриймалар муғдарларын көбейтиў нәзерде тутылмақта.

    Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап 3 ай өткеннен кейин күшке киреди.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech