Мәмлекетлик мийнет инспекциясының еслетип өтиўинше, педагог хызметкерлерди кәсиплик жумысына байланыслы болмаған жумысларға, соның ишинде, аймақларды абаданластырыў ямаса аўыл хожалығы жумысларына тартыў нызамшылыққа бола қатаң қадаған етиледи. Бундай жағдайлар ушын жуўапкершилик белгиленген.
"Егер усындай нызамбузыўшылық жағдайларын тастыйықлаўшы мағлыўматлар бар болса, оларды munosibmehnat.uz Telegram-боты арқалы Мәмлекетлик мийнет инспекциясына жибериў мүмкин", - делинеди хабарда.
Мәлим етилиўинше, ҳәр бир мүрәжат ҳәр тәреплеме үйренилип, нызам шеңберинде тийисли илажлар көриледи.