Өзбекстан Республикасы Президенти Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына гезектеги Мүрәжатында талантлы ул-қызларымыз билимлендириў, илим, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм басқа да тараўларда ерисип атырған үлкен табыслары менен жаңа Өзбекстанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырғаны айрықша атап өтилгени билимлендириў тараўына исеним ҳәм жуўапкершиликти белгилеп берди.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы атқарыў тәртиби мәселесине айрықша тоқтап, елимизде билимлендириў, спорт ҳәм кәсип-өнер тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар жаңа басқышқа көтерилип атырғаны, бундай шараятта мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелилик ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў тийкарғы ўазыйпа екенин атап өтти.

Бул реформалардың тийкарғы мақсети - жасларды заманагөй билим ҳәм көнликпелер менен тәмийинлеў, олардың физикалық ҳәм руўхый бәркамаллығын беккемлеў және бәсекиге шыдамлы кадрлар резервин қәлиплестириўден ибарат.

2026-жылы елимизде биринши мәрте мектеп оқыўшылары арасында абырайлы халықаралық химия ҳәм информатика, Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң студентлери арасында инженерлик бағдарларында халықаралық олимпиадалар өткериледи. Бул жарыслар мәмлекетимиздиң илим тараўындағы потенциалын дүнья көлеминде көрсетиў, жасларымызды интеллектуаллық бәсекиге таярлаў ҳәм дүнья көлеминдеги инновациялық процесслерге тартыўға хызмет етеди.

Бундай илажлар жаслардың пуқта билим алыўға қызығыўшылығын арттырып, оларды өз бағдарында жетекши қәнигелер дәрежесине жеткериўге имканият жаратады, Ўатанымызды илим-пән раўажланған мәмлекетке айландырыў, оның абырай-мәртебесин арттырыўға тийкар жаратады.

Елимизде әмелге асырылып атырған барлық реформалар, соның ишинде, билимлендириў, спорт ҳәм кәсип-өнер системасындағы жаңаланыўлар, Мүрәжатта белгиленген ўазыйпалар жаслардың келешегин турақлы тәмийинлеўге қаратылған. Биз биргеликте келешек әўладты және де билимли, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм социаллық белсенди етип тәрбиялаўға умтыламыз. Ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир мектеп ҳәм ҳәр бир шаңарақ бул процессте белсене қатнасыўы зәрүр.

2026-жыл 5-февральда Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди. Оған бола:

- бир жыллық мектепке таярлаў топарларының билимлендириў бағдарламасы мәжбүрий улыўма орта билимлендириўдиң дәслепки басқышы сыпатында киргизиледи;

- мектепке шекемги билимлендириў системасында ойынға тийкарланған билимлендириў енгизиледи;

- мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў хызметлерин көрсетиўши мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине бир жыллық мектепке таярлаў топарларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи.

Улыўма, елимизде билимлендириў тараўын түп-тийкарынан реформалаў, оның сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленген. Мәмлекетлик бағдарламалар, концепциялар ҳәм қарарлар арқалы белгилеп берилип атырған ўазыйпалардың турмысқа толық ҳәм өз ўақтында енгизилиўи болса, бәринен бурын, орынлаў тәртибине байланыслы. Себеби ең пуқта реже ҳәм ең дурыс қарар да орынлаў механизми төмен болса, күтилген нәтийжени бермейди.

Атқарыў тәртиби - бул белгиленген ўазыйпаларды анық мүддетте, сапалы ҳәм жуўапкершилик пенен орынлаў системасы болып табылады. Билимлендириў системасында ол басшылардан баслап педагоглар, қәнигелер ҳәм жуўапкер хызметкерлерге шекемги барлық буўынларда айрықша әҳмийетке ийе. Әсиресе, билимлендириў реформалары көп басқышлы, үзликсиз ҳәм комплексли процесс болғаны ушын атқарыў тәртиби бул процесстиң "ҳәрекетлендириўши күши" есапланады.

Кейинги жылларда мектепке шекемги билимлендириўден баслап жоқары билимлендириўге шекемги барлық буўынларда жаңаланыўлар әмелге асырылмақта. Оқыў бағдарламалары модернизацияланбақта, педагог кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасы жетилистирилмекте, санлы технологиялар кеңнен енгизилмекте. Бул ўазыйпалардың барлығы ҳүжжетлерде анық белгиленген болса да, олардың орынларда қай дәрежеде орынланып атырғаны орынлаў тәртибине байланыслы.

Бир сөз бенен айтқанда, реформалардың нәтийжелилигине ерисиў ушын саат механизминдей анық ислейтуғын атқарыў системасы жаратылды ҳәм бул процесс ҳәзирги ўақытта өз нәтийжесин бермекте.

Әмелият соны көрсетеди, айырым ўақытлары тапсырмаларға жүзеки қатнас жасаў, жуўапкершиликти басқа буўынға жүклеў, есабат ушын ислеў жағдайлары ушырасып турады. Бул болса реформалардың нәтийжелилигин төменлетеди. Соның ушын орынлаў тәртибин беккемлеў, жуўапкершиликти күшейтиў бүгинги күнниң талабы болып есапланады.

Билимлендириў мәкемелеринде басшы кадрлардың орны бул бағдарда айрықша әҳмийетке ийе. Басшының жеке жуўапкершилиги, талапшаңлығы ҳәм үлгилилиги жәмәәтте атқарыў мәдениятын қәлиплестиреди. Егер басшы тапсырмалардың орынланыўын турақлы қадағаласа, машқалаларды өз ўақтында анықлап, олардың шешимин табыўға умтылса, орынлаў тәртиби тәбийғый түрде беккемленеди.

Сондай-ақ, педагоглардың атқарыў тәртибине мүнәсибети де билимлендириўдиң сапасы менен тығыз байланыслы. Сабақларға пуқта таярлық көриў, оқыў реже ҳәм бағдарламаларды толық орынлаў, жаңа метод ҳәм технологияларды әмелиятқа енгизиў - булардың барлығы атқарыў тәртибиниң әмелий көринислери болып есапланады. Жуўапкерли ҳәм тәртипли педагог - сапалы билимлендириў кепили.

Бүгинги санластырыў процесслери орынлаў тәртибин күшейтиў ушын кең имканиятлар жаратпақта. Электрон қадағалаў системалары, онлайн есабатлар ҳәм мониторинг механизмлери ўазыйпалардың орынланыўын ашық-айдын ҳәм оператив бақлаў имканиятын бермекте. Бул болса артықша қағазпазлықты азайтып, реал нәтийжеге бағдарланған жумысты тәмийинлейди.

Усы мәнисте айтқанда, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында алып барылып атырған реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы, биринши гезекте, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң барлық буўынларында атқарыў тәртибиниң зәрүр дәрежеде шөлкемлестирилиўине байланыслы.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасында атқарыў тәртибин беккемлеў, Өзбекстан Республикасы нызамлары, Президентимиздиң пәрман, қарар ҳәм бийликлерин, Президент Администрациясы басшысы және Министрлер Кабинетиниң тапсырмаларын белгиленген мүддетлерде сапалы орынлаўға айрықша итибар қаратылмақта.

2026-жыл даўамында “Ijro.gov.uz” системасы арқалы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине Өзбекстан Республикасы нызамы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы, қарары, бийликлеринде 1786 және Министрлер Кабинетиниң ҳүжжетлеринде 257 тапсырма ҳәм ўазыйпа белгиленген.

Усы жерде министрликке 2023-жылы 166 нызамшылық ҳүжжетинде белгиленген 1725, 2024-жылы 185 нызамшылық ҳүжжетинде белгиленген 1047 тапсырма келип түскенлигин атап өтиў керек. Министрлик тәрепинен 2025-жылы нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген 1483 тапсырманың орынланыўы тәмийинленген. Соның менен бирге, 2026-жылы 1786 тапсырманы сапалы ҳәм өз ўақтында тәмийинлеў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.

Бул бағдарда Президентимиздиң 2021-жыл 10-февральдағы "Нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы және 2025-жыл 25-июльдеги "Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде атқарыў тәртибин буннан былай да беккемлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманлары мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң атқарыў системасында қатаң тәртип орнатыўға ҳуқықый тийкар жаратты.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 31-майдағы "Атқарыў тәртиби “Ijro.gov.uz” уйымлараралық бирден-бир электрон системасының нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлеўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң атқарыў тәртибине жуўапкер бөлимлериниң атқарыў тәртибин беккемлеўдеги роли және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларының жеке жуўапкершилигин арттырыў бағдарында беккем ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте.

Соның менен бирге, Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 30-сентябрьдеги "Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарларының орынланыўын қадағалаўдың жаңа механизмлерин енгизиў ҳаққында"ғы қарарына муўапық, Ҳүкимет қарарларының орынланыўын қадағалаўдың жаңа тәртиби енгизилди. Усы тийкарда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди пуқта ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўдиң тәсиршең әмелиятын қәлиплестириў, оларды анық орынлаўшылар, кең жәмийетшилик ҳәм халыққа жедел жеткериў бойынша бирден-бир системаның енгизилгени реформалардың нәтийжесинде үлкен әҳмийетке ийе.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинде усы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў ҳәм орынлаў тәртибин беккемлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Усы жуўапкершиликли ҳәм әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде министрликте ҳәр ҳәпте жуўмағы бойынша орынлаў мүддети жақынласып атырған ҳүжжетлер талланып, зәрүр жағдайларда тийисли қәнигелерди тартыў арқалы тапсырма ҳәм ўазыйпаларды белгиленген мүддеттен алдын орынлаў илажлары көрилмекте.

Министрлик системасында атқарыў тәртибин беккемлеў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Атқарыў тәртиби қабыл етилген қарарлар, бийликлер ҳәм тапсырмаларды белгиленген мүддетлерде, сапалы ҳәм толық орынлаўды тәмийинлеўге қаратылған системалы жумыс болып табылады. Министрликтиң орайлық аппараты тәрепинен ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша анық ўазыйпалар, мүддетлер ҳәм жуўапкер орынлаўшылар белгиленеди және олардың орынланыўы үстинен турақлы қадағалаў алып барылады. Аймақлық басқармалар ҳәм район (қала) лық бөлимлер тәрепинен тапсырмалардың орынларда өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы, бар машқалаларды сапластырыў ҳәм есабатлардың усынылыўы тәмийинленеди.

Президентимиздиң 2025-жыл 25-июльдеги пәрманына муўапық, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде атқарыў тәртибине жуўапкер структуралық бөлимлерди айрықша бийғәрез структура сыпатында қәлиплестириў және оларды тиккелей биринши басшыға бойсындырыў белгиленген. Бул норма мәмлекетлик басқарыў системасында орынлаў нәтийжелилигин арттырыў, басшылардың жеке жуўапкершилигин күшейтиў ҳәм қабыл етилип атырған қарар және тапсырмалардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған болып, министрлик системасында усы талаплардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынлаў тәртибине жуўапкер структуралық бөлим айрықша бийғәрез структура сыпатында шөлкемлестирилди ҳәм ол тиккелей биринши басшыға бойсындырылды. Бул арқалы орынлаў процеси үстинен турақлы ҳәм системалы қадағалаў орнатылды, тапсырмалардың орынланыўы бойынша оператив мәлимлеме алмасыў механизми жолға қойылды.

Тиккелей биринши басшыға бойсыныў механизми орынлаў тәртибине болған талапшаңлықты және де арттырды. Тапсырмалардың орынланыўы бойынша мәлимлемелер тиккелей басшыларға киргизилиўи нәтийжесинде машқалалар өз ўақтында анықланып, оларды сапластырыў бойынша анық илажлар белгиленбекте. Ҳәр бир структуралық бөлим ҳәм жуўапкер хызметкердиң жумысы нәтийже тийкарында талланып, орынлаў жағдайы бойынша системалы мониторинг алып барылмақта. Бул болса министрлик системасы жумысында тәртип-интизам, жуўапкершилик ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Жуўмақлап айтқанда, министрлик системасы бойынша үлкен нәтийжелерге ерисилмекте.

I. Мектепке шекемги билимлендириў системасында:

Жаңа түрдеги мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң системаға кирип келиўи нәтийжесинде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң саны 38 мыңға жетип, дерлик 8 есеге артты (2017-жылы 5 200 еди).

Заманагөй жойбарлар тийкарында жаңадан 594 бақша шөлкемлестирилди, бар 3,1 мыңы реконструкцияланып, 588 мың жаңа қуўатлықлар жаратылды.

"Илк қадам" бағдарламасының қабыл етилиўи ҳәм жаңа орынлардың жаратылыўы нәтийжесинде 3-7 жастағы балалардың қамтып алыў дәрежеси 78 процентке (2017-жылы 27 процентти қураған), 6 жастағылардың қамтып алыныўы 98 процентке жеткерилди.

2. 2022-жылы Ташкент қаласында ЮНЕСКОның киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм оларға билим бериў бойынша Пүткил жәҳән конференциясы өткерилип, кейинги 10 жылда мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы тийкарғы бағдарларды белгилеп бериўши Ташкент декларациясы қабыл етилди.

II. Мектеп билимлендириўи системасында:

1. 14 Президент, 9 дөретиўшилик, 2 спорт ҳәм 203 қәнигелестирилген мектеп шөлкемлестирилди.

2. Педагог хизметкерлер тәрепинен жүргизилетуғын ҳүжжетлер азайтылды. Атап айтқанда, муғаллимлердиң есабатлары 1 (алдын 7), оқыў ислери бойынша директор орынбасарының ҳүжжетлери 2 (алдын 10), руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасарының ҳүжжетлери 7 (алдын 18), класс басшыларының ҳүжжетлери 4 (алдын 10) етип белгиленди.

3. Мектеп питкериўшилериниң жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў орташа балл көрсеткиши соңғы бес жылда 69,8 баллдан 80,9 баллға артты.

4. Халықаралық пән олимпиадаларында 596 (80 алтын, 204 гүмис, 312 бронза) медаль қолға киргизилди (2010-2016-жыллары 71). Бул өткен дәўирге салыстырғанда дерлик 8 есеге көп, дегени.

5. Аралбойы аймағында оқыўшылардың бийпул аўқатланыў системасы енгизилди. Нәтийжеде Қарақалпақстан Республикасы (734 мектеп) ҳәм Хорезм ўәлаятындағы (545 мектеп) баслаўыш класс оқыўшыларының бийпул аўқатланыўы жолға қойылды.

Соңғы сегиз жыл даўамында 5516 (280 жаңа қурылыс, 2871 реконструкция ҳәм 2365 капитал оңлаў) мектепте қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды (2010-2016-жылларда 2225 мектепте қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылған). Нәтийжеде 761 мың жаңа оқыўшы орны жаратылды.

Бир сөз бенен айтқанда, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының орынланыў жағдайы ҳәр ҳәптениң жума күни - министрдиң биринши орынбасары жанында, ҳәр ҳәптениң дүйшемби күни - министр жанында, ҳәр айда - министрлик коллегиясы мәжилислеринде турақлы сын көзқарастан додалап барылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы 2026-жыл мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасы, экономика тармақлары, билимлендириў, илим, медицина, мәденият, спорт, экология системасы - барлық-барлық тараўларды раўажландырыўда түпкиликли бурылыс жылы болатуғынын, бул усы жылы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги алдында үлкен шеклер турғанын аңлататуғынын атап өтти. Биз бул қойылған шекке ерисиў ушын бар күш-ғайрат ҳәм потенциалымызды жумсаймыз.

ЭЪЗОЗХОН КАРИМОВА,

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри.