Аэропортта жоқары мәртебели мийманды Әзербайжан мәденият министри Одил Керимли ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Қала уллы әзербайжан шайыры ҳәм ойшылы Муҳаммад Физулий аты менен аталған. Мәмлекеттиң қубла-батыс бөлегинде жайласқан бул қала әзелден Қарабағтың "қубла дәрўазасы" есапланады.
2020-жылдан баслап Физулий районы ҳәм қаласында кең көлемли қайта тиклеў бағдарламасы әмелге асырылмақта. 2021-жылы пайдаланыўға тапсырылған Физулий аэропорты қурылған әҳмийетли объектлерден бири болды. Қалада, сондай-ақ, заманагөй турақ жай комплекслери, медицина ҳәм билимлендириў мәкемелери, инфраструктура объектлери бой тикледи, жаңалары қурылмақта.
2023-жыл август айында еки мәмлекет жетекшилери қалада Өзбекстан Президентиниң басламасы менен дос халықларымыз арасындағы беккем дослық белгиси сыпатында қурылған Мырза Улуғбек атындағы заманагөй мектепти ашқан еди.