Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Кеңестиң көп тәреплеме басламаларды муўапықластырыў ҳәм алға қойыўдағы орны ҳәм белсене қатнасыўының артып баратырғанын есапқа алған ҳалда, Шөлкем шеңбериндеги бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Усы жылы Будапешт ҳәм Габала қалаларында болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң саммитлеринде Өзбекстан тәрепинен алға қойылған стратегиялық усынысларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз Ақсақаллар кеңесиниң институционаллық потенциалын беккемлеў, сондай-ақ, түркий халықлардың миллий дәстүрлери, руўхый мийрасы ҳәм мәдений бирлигин қәстерлеп сақлаўға қаратылған қоспа жойбарларды алға қойыў бойынша "жол картасы"н ислеп шығыўды усыныс етти.