Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында өткерилген илажда Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелони, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.
Ушырасыўда Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Италия арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Атап айтқанда, инвестиция ҳәм технологиялар, "жасыл" экономика тараўларында шерикликти раўажландырыў, билимлендириў ҳәм мәдений бағдарламаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң алдында бул илаж быйыл апрель айында Самарқандта болып өткен саммитте Орайлық Азия ҳәм Европа арасында стратегиялық шериклик ҳаққында ерисилген келисимлердиң үзликсиз даўамы екенин атап өтти.
Бул форматта, бәринен бурын, мәмлекетлеримиздиң технологиялық, санаат ҳәм интеллектуаллық потенциалын есапқа алған ҳалда нәтийжели әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға умтылыў бар екени атап өтилди.
Бүгинги глобал ҳәм регионаллық сиясаттағы тенденцияларды, қәўипсизлик ҳәм раўажланыўға улыўма қәўип-қәтерлердиң күшейиўин есапқа алған ҳалда Италия менен көп тәреплеме сөйлесиўге болған талап та артып бармақта.
Соның менен бирге, регионның Италия менен көп әсирлик саўда ҳәм мәдений байланыслары жаңа басқыштағы кең көлемли шериклик ушын беккем тийкар ўазыйпасын атқармақта.
Күн тәртибиндеги мәселелерге өтип, Өзбекстан басшысы "Орайлық Азия - Италия" форматындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша өз көзқарасларын билдирди.
Бәринен бурын, бир қатар әҳмийетли халықаралық мәселелер бойынша көзқарасларды муўапықластырыў ушын сыртқы ислер министрликлери дәрежесинде турақлы сөйлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, терроризм, экстремизм, радикализм, нәшебентлик затлар саўдасы ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде көп тәреплеме шериклик ҳәм арнаўлы хызметлердиң мәлимлеме алмасыў механизмлерин жолға қойыў усыныс етилди.
Экономикалық тараўда мәмлекетимиз басшысы соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми үш есеге артқанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Италияның жетекши компаниялары менен технологиялық бирге ислесиў жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.
Италия исбилермен топарларының инновациялық раўажланыў бағдарындағы дәстүрий күшли абырайын есапқа алып, мәмлекетлеримиз саўда-санаат палаталарының қәўендерлигинде бизнес сөйлесиўи ушын турақлы майдан - "Орайлық Азия - Италия" исбилерменлер клубын шөлкемлестириў усыныс етилди. Исбилерменлердиң қатнасыўындағы бундай ушырасыўлар ҳәр жылы регион мәмлекетлери ҳәм Италия пайтахтларында өткериледи.
Өзбекстан Президенти технологиялар трансфери, алдынғы билим ҳәм тәжирийбелерди енгизиў, жоқары технологиялы санаат өндирислерин шөлкемлестириў ушын қолайлы шараятларды жаратыўды нәзерде тутатуғын көп тәреплеме Санаат ҳәм технологиялық бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Бар табыслы тәжирийбени есапқа алған ҳалда, минерал ресурслар ҳәм аўыл хожалығы шийки затын терең қайта ислеў; электротехника, химия, тоқымашылық, былғары, азық-аўқат ҳәм басқа да қайта ислеў тармақлары ушын заманагөй үскенелер ислеп шығарыў; комплектлеўши бөлеклер ҳәм санаат өнимлерин локализациялаў; Италияның жетекши брендлериниң қатнасыўында дизайн орайларын шөлкемлестириў бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары болыўы мүмкин екени атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ўәлаятында регионаллық әҳмиетке ие жойбарларды әмелге асырыў ушын Европа операторы басқарыўында арнаўлы индустриаллық парк шөлкемлестирилип атырғанын атап өтти.
Соның менен бирге, Италияның SАCЕ ҳәм SIMEST мәмлекетлик агентликлери және қоспа инвестициялық фондларды бирге ислесиў жойбарларын қоллап-қуўатлаўға тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
"Жасыл" трансформация тараўында Италия менен нәтийжели бирге ислесиўди жоқары баҳалап, Өзбекстан жетекшиси углерод шығындыларын азайтыў бойынша миллий бағдарламаларды әмелге асырыўға жәрдемлесетуғын көп тәреплеме платформаны жолға қойыў арқалы кең көлемли шерикликти раўажландырыўға шақырды.
Қайта тиклениўши энергетика тараўындағы жойбарларды, соның ишинде, Европа Аўқамы мәмлекетлерине "жасыл" энергия жеткерип бериў, Италияның жетекши ислеп шығарыўшылары ҳәм инжиниринг компанияларын тартқан ҳалда кәрханаларды аудиттен өткериў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў, суў инфраструктурасы обектлерин модернизациялаў ҳәм водород технологияларын раўажландырыў бойынша жойбарларды әмелге асырыўға таярлық билдирилди.
Ташкенттеги Турин политехника ҳәм Пиза университетлериниң филиаллары нәтийжели жумыс алып барып атырғанын атап өтип, мәмлекетимиз басшысы Италияның басқа да жетекши жоқары оқыў орынларының регионға қызығыўшылығы артып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Өзбекстан Президенти инженерлик, дизайн, суўды үнемлеў ҳәм биотехнологиялар сыяқлы бағдарларда илимий қолланбалар, академиялық алмасыў ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм қаржыландырыў ушын "Орайлық Азия - Италия" илимий-билимлендириў консорциумын шөлкемлестириў басламасын алға қойды.
Жетекши туроператорлар арасында шериклик байланысларын орнатыў ҳәм биргеликтеги туризм өнимлерин жаратыў мақсетинде туризм альянсын шөлкемлестириўден мәпдарлық билдирилди.
Италия жәмийетшилиги Рим ҳәм Флоренцияда өткерилген көргизбе ҳәм мәдений илажларға үлкен қызығыўшылық билдиргени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен келеси жылы Хийўа қаласында регион мәмлекетлери ҳәм Италия жасларының креатив экономика ҳәм мәдений алмасыў форумын өткериў усыныс етилди.
Саммитте Орайлық Азия мәмлекетлериниң басшылары ҳәм Италия Бас министри де шығып сөйледи. Илаж жуўмағында Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.