Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Саудия Арабстаны Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд ҳәм Мийрасхор, Бас министр Муҳаммад бин Салмон Ол Саудтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде көп қырлы Өзбекстан - Саудия бирге ислесиўин ҳәм кең көлемли шерикликти буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Нәтийжели бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Барлық дәрежедеги байланыслар жеделлести. Өз-ара саўда көлеми, тиккелей инвестициялар ҳәм қоспа кәрханалар саны артпақта. Еки мәмлекет арасында авиақатнаўлар саны көбейди.
Биргеликтеги жойбарлар портфели 27 миллиард долларға жетти. "ACWA Power" компаниясы менен енергетика тараўында 15 миллиард долларлық бир қатар ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
Күни кеше Ташкент қаласында болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислериниң нәтийжели жуўмақлары, олар шеңберинде жаңа келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылғаны жоқары баҳаланды.
"Жасыл" энергетика, аўыл хожалығы, электротехника, көшпес мүлк, аймақларда инфраструктураны модернизациялаў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы жойбарлар менен басламаларды жедел әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.