Илажда Болгария Президенти Румен Радев, Словакия Бас министри Роберт Фицо, Қазақстан Бас министри Олжас Бектенов, Қырғызстан Ҳүкимети баслығы Адилбек Касималиев, Тәжикстан Бас министри Қоҳир Расулзода, Әзербайжан Бас министри Али Асадов, Россия Ҳүкимети баслығының орынбасары Александр Новак, Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Нокергули Атагулиев және Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одил Рено-Бассо ҳәм Жаңа раўажланыў банкиниң президенти Дилма Русеф те қатнасты.

Улыўма, форумға 100 ден аслам мәмлекеттен 7,5 мыңнан аслам делегат, соның ишинде, 3 мыңға шамалас сырт ел мийманы келди. Быйылғы илаж жаңа, кеңейтилген түрде өткерилмекте. Оның шеңберинде биринши мәрте Өзбекстан компанияларының жойбарлары ҳәм биргеликтеги басламалары көрсетилип атырған қәнигелестирилген көргизбе шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы форумдағы шығып сөйлеген сөзин дүньядағы бүгинги жағдайдың қысқаша анализи менен баслады. Бүгинги күнде геосиясий процесслер жеделлик пенен өзгерип, глобал қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға қәўиплер күшейип атырғаны атап өтилди.

Экономикалық кризистиң кескинлесиўи ҳәм финанслық ресурслардың жетиспеўшилиги нәтийжесинде жәҳән жалпы ишки өниминиң өсиў пәтлери избе-из үшинши жыл төменлемекте.

Өзбекстан басшысы регионаллық келиспеўшиликлер ҳәм машқалаларды тек ғана дипломатиялық қураллар менен, халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм принциплери тийкарында, БМШ резолюцияларына муўапық шешиў әҳмиетли екенлигин атап өтти. - Мен ҳәзир атап өткен машқалалар бойынша барлық шерик мәмлекетлеримизди ашық ҳәм кең көлемли халықаралық бирге ислесиўге шақырамыз. Себеби форумның тийкарғы темасы болған инвестициялар - тек ғана экономикалық раўажланыўдың емес, ал тынышлық ҳәм турақлылықтың кепили болып есапланады, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан жетекшиси тек ғана дәрамат келтиретуғын емес, ал инсан қәдирин улығлаў, оның турмыслық мәплери ҳәм жәмиеттиң раўажланыўын тәмийинлеў ушын беккем тийкар болып хызмет ететуғын инвестициялық орталықты жаратыўға шақырды.

Мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жетискенликлерине айрықша тоқтап өтилди. Кейинги 8 жылда Өзбекстанның жалпы ишки өними еки есеге көбейди. Бул көрсеткишти 2030-жылға барып 200 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген. 2024-жылы инвестициялар көлеми 35 миллиард долларға, експорт болса 27 миллиард долларға жеткен.

Соңғы 5 жыл ишинде Өзбекстан Экономикалық еркинлик индексинде 48 текшеге, Гарвардтың Экономикалық қурамалылық индексинде 28 текшеге көтерилди.

Өткен айда абырайлы “S&P” агентлиги Өзбекстанның суверен рейтинги бойынша прогнозин "турақлы"дан "унамлы"ға көтерди.

Бүгин жәҳән экономикасы жаңа өзгерислер босағасында турғанын атап өтип, Өзбекстан Президенти төрт әҳмийетли бағдар бойынша бирге ислесиў зәрүр екенлигин көрсетип өтти.

Бириншиси - "жасыл" экономика модельине өтиў.

- Биз экономиканы турақлы энергия ресурслары менен тәмийинлеў ушын "жасыл" энергетиканы раўажландырыўға қатаң бел байлағанбыз, -деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Кейинги жыллары бул тараўға дерлик 6 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары тартылды. Электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми 59 миллиардтан 82 миллиард киловатт саатқа артты. Келеси 5 жылда бул көрсеткиш 120 миллиард киловатт-сааттан артып, "жасыл" энергия үлеси 54 процентке жетеди.

Электр тармақларын жаңалаўға да 4 миллиард доллар тартылады. Быйыл Самарқанд қаласында, келеси жылы және 8 аймақта электр тармақлары жеке меншик шерикликке бериледи.

Биринши мәрте "жасыл сертификатлар" ҳәм углерод бирликлери саўдасын жолға қойыў режелестирилген. Өзбекстан глобал углерод базарларына қосылады, "Жасыл Өзбекстан" климат инвестициялары платформасы жаратылады.

Екиншиден, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект экономиканың жаңа "драйвери"не айланбақта.

- Мәмлекетимизде усы жылдың өзинде IТ экспорты 1 миллиард долларға жетеди. 2030-жылға барып, бул көрсеткишти 5 есеге арттырыў ушын потенциалымыз да, имканиятымыз да жетерли, -деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстанның бул бағдардағы жетискенликлери халықаралық көлемде тән алынбақта. Атап айтқанда, Халықаралық жасалма интеллектке таярлық индексинде мәмлекетимиз бир жылда 17 текшеге көтерилди.

Келеси жылы "Бултлы технологиялар" миллий платформасы иске қосылады. Жақын 5 жылда жеке меншик инвесторлар менен биргеликте 500 мегаваттан аслам қуўатлылықтағы 20 дата-орай қурылады.

Бай тарийхымыз, қәдириятларымыз ҳәм жаңа креатив идеяларды жәмлейтуғын миллий жасалма интеллект модельин ислеп шығыў режелестирилген. Бул системаның нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде "Бир миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбары басланды.

Мәмлекетимиз басшысы биргеликтеги ҳәрекетлер менен Өзбекстан абырайлы IТ ҳәм финтех хабына айланатуғынына исеним билдирди.

Үшиншиден, финанслық система ҳәм технологиялар түп-тийкарынан өзгермекте.

- Биз жақында Халықаралық валюта қоры ҳәм Жәҳән банки менен биргеликте Өзбекстан финанс секторын биринши мәрте комплексли баҳалаўдан өткердик. Олар банк, қаржы, қамсызландырыў, капитал базарындағы реформаларымызды толық қоллап-қуўатлады, -деди мәмлекетимиз басшысы.

Бул тараўларды кейинги басқышқа алып шығыў ушын Финанслық турақлылық кеңеси дүзиледи, Орайлық банк жанында киберқәўипсизлик ҳәм финанслық технологиялар платформалары иске қосылады.

Қамсызландырыў системасында реформалар басланды, Миллий қайта қамсызландырыў компаниясы ҳәм Глобал қайта қамсызландырыў санлы платформасы шөлкемлестирилди.

Стартаплар ушын альтернатив финанслық қурал - венчурлар жедел раўажланбақта. Мәселен, өткен жылы еки миллий стартап компаниясының баҳасы биринши мәрте 1 миллиард доллардан асты.

Бундай компанияларды көбейтиў мақсетинде "Альтернатив инвестиция қорлары ҳаққында"ғы нызам жойбары ислеп шығылды. Келеси 5 жылда венчур ҳәм басқа да альтернатив инвестициялар көлеми 1 миллиард доллардан асты.

Бундай компанияларды көбейтиў мақсетинде "Альтернатив инвестиция қорлары ҳаққында"ғы нызам жойбары ислеп шығылды. Келеси 5 жылда венчур ҳәм басқа да альтернатив инвестициялар көлеми 1 миллиард долларға жеткериледи.

Және бир бағдар - "Төртинши санаат революциясы" шараятында технологиялық минералларға талап бир неше есеге көбеймекте.

Өзбекистанда вольфрам, молибден, магний, литий, графит, ванадий, титан ҳәм басқа минераллардың үлкен қорлары анықланган. Жер асты байлықларымыздың улыўма потенциалы 3 триллион долларға баҳаланбақта.

- Регионымыздың минераллардан жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў "хабы"на айланыўы ушын барлық имканиятлар бар. Бул бағдарда Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында "Келешек металлары технопарки"н қурмақтамыз, -деди мәмлекетимиз басшысы.

Сонлықтан геологиялық-излеў жумысларынан таяр өним ислеп шығарыўға шекемги толық шынжырды жолға қойған инвесторларға 10 жыл даўамында рента салығын қайтарып бериў усыныс етилди.

Өзбекстан Президенти өзиниң шығып сөйлеген сөзинде "Жаңа Өзбекстан - инвестициялар ушын үлкен имканиятлар мәмлекети" принципин әмелде жүзеге шығарыўға айрықша итибар қаратты.

Бириншиден, Өзбекстан келеси жылы Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўды мақсет еткен. Бул бағдарда онлаған нызамлар, жүзлеген стандартлар халықаралық талапларға бейимлестирилди. Бул процесс усы жылы толық жуўмақланады.

Екиншиден, сырт ел инвесторлары ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде жергиликли компаниялар менен бирдей шараятларды кепиллейтуғын "миллий режим", мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиўде "бир айна" принципи енгизиледи, инвестициялық жумысты кепилликли қорғаў системасы жаратылады.

Бундай илажлар арқалы 2030-жылға барып Өзбекстанның кредит рейтингин "инвестициялық" дәрежеге көтериў режелестирилген.

Үшиншиден, мәмлекетлик компанияларды меншиклестириўде оларды мәмлекет абаданлығының өсиўине хызмет ететуғын ири активлерге айландырыў жолы таңланды.

18 ири компания ҳәм банклердеги дерлик 2 миллиард долларлық мәмлекетлик үлеслерди бирлестирген Миллий инвестиция қоры шөлкемлестирилди. Қорды басқарыўға абырайлы “Franklin Templeton” халықаралық компаниясы тартылған. Келеси жылы фонд акциялары пакетин халықаралық IPОға шығарыў режелестирилген.

Буннан тысқары, профессионал консультантлар тартылып, еки жыл ишинде 29 ири мәмлекетлик компания меншиклестириледи.

Төртиншиден, жеке меншик капиталды тартқан ҳалда транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Мәселен, Самарқанд, Наманган, Бухара ҳәм Үргенш халықаралық аэропортлары мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында потенциаллы инвесторларға басқарыўға берилген.

Үргенш аэропортын басқарыўға дүньяның жетекши "Инчхон" компаниясы тартылды. Келеси жылы Нөкис, Термиз, Ферғана, Наўайы аэропортлары бойынша тендерлер өткериледи.

Буннан тысқары, пайтахтымыз халқы 5 миллионнан асатуғынын есапқа алып, 2 миллион халыққа мөлшерленген Жаңа Ташкент қаласы қурылады. Бул жерде аэропорт, темир жол ҳәм автомобиль транспортын байланыстыратуғын, жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсететуғын мултимодал хаб қурылады.

Бесиншиден, Орайлық Азияда пүткиллей жаңа бирге ислесиў орталығы қәлиплести. Соңғы 8 жылда қоңсы мәмлекетлер менен товар алмасыў көлеми 3,5 еседен зыятқа өсип, дерлик 13 миллиард долларды қурады.

Ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолының қурылысы басланды, ири энергетика ҳәм инфраструктура жойбарларын таярлаў жумыслары алып барылмақта.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан жетекшиси Орайлық Азияда "Инвестиция ҳәм саўда ушын бирден-бир аймақ" концепциясын алға қойыўды усыныс етти.

- Усы жерде халықаралық шөлкемлерге мүрәжат етпекшимен: регионаллық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын жаңа қаржы механизмлерин жолға қойыў ўақты келди. Биргеликте ҳәрекет етсек, Орайлық Азияны тынышлық ҳәм раўажланыў мәканына айландырамыз, - деди Президент.

Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан басшысы қатнасыўшылардың итибарын инвестициялар мәмлекетимиз ушын тек ғана қаржы ресурсы емес, ал технологиялар, билимлер, маман кадрлар, сондай-ақ, халықаралық өндирис шынжырларына интеграцияласыў екенине қаратты.

- Өзбекстан мине усындай жақсы идеялар менен келетуғын сырт ел инвесторларына барлық шараятларды жаратып береди, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды ҳәм буны кепиллейди, -деди мәмлекетимиз жетекшиси.

Жалпы мәжилисте шығып сөйлегенлер Жаңа Өзбекстандағы реформалардың нәтийжелерин жоқары баҳалап, мәмлекетимиз бенен тийкарғы тармақларда инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша өз усыныслары менен басламаларын билдирди.

Ташкент халықаралық инвестициялық форумы 12-июнь күни өз жумысын жуўмақлайды.

Ертең Өзбекстан Республикасы Президентиниң қатнасыўында Сырт ел инвесторлары кеңесиниң жалпы мәжилиси болып өтеди.