Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Греция Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Параскеви Цевелеки, Индонезия Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Сити Руҳайни Жухаятин, Латвия Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Гиртса Яунземс, Франция Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Валид Фук, Россия Федерациясының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Алексей Ерхов, Японияның Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Кэндзи Хирата ҳәм Тәжикстан Республикасының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Насриддин Исматуллодан исеним жарлықларын қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы дипломатиялық ўәкилханалардың басшыларын Жаңа Өзбекстандағы миссиясын баслағаны менен қызғын қутлықлады.
Дүньяда қурамалы геосиясий ҳәм экономикалық машқалалар жеделлик пенен күшейип атырған бүгинги қыйын дәўирде дипломатлардың жумысы барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырғаны атап өтилди.
- Сизлер бир неше айлардан берли елимизде болып, мәмлекетимиздиң жедел раўажланып, дүнья дипломатиясы орайларынан бирине айланып атырғанын өз көзиңиз бенен көрип атырсыз, - деди Президент.
Атап айтқанда, усы жылы Ташкент халықаралық инвестициялық форумы ҳәм Сырт ел инвесторлары кеңесиниң мәжилиси, Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы, "Орайлық Азия - ЕА" биринши саммити ҳәм халықаралық Климат форумы, ЮНЕСКО Бас конференциясының тарийхый сессиясы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының саммити табыслы өткерилди.
Кейинги жыллары Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 13 резолюциясы қабыл етилди.
Быйыл мәмлекетимиз Глобал турақлы раўажланыў мақсетлери индексинде 19 текшеге көтерилди ҳәм соңғы 10 жылда ең жоқары нәтийжени көрсеткен бес мәмлекет қатарына кирди. Кейинги 8 жылда экономика 2 еседен зыят өсти. Кәмбағаллық дәрежеси 35 проценттен 6,6 процентке түсти.
Ашық-айдынлық сиясаты нәтийжесинде дерлик 100 мәмлекет ушын визасыз тәртип енгизилди. Экспорт географиясы избе-из кеңейип бармақта. Усы жылы сыртқы саўда айланысы тарийхта биринши мәрте 66 миллиард доллардан артты. Тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 39 миллиардқа жетти.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын жедел қоллап-қуўатлап атырғаны ушын ўәкилликли мәмлекетлердиң ҳүкиметлерине айрықша миннетдаршылық билдирди.
Президентимиз Греция Республикасының елшисине мүрәжат етип, Греция мәмлекетимиздиң Европа Аўқамындағы дәстүрий ҳәм перспективалы шериклеринен бири екенин атап өтти.
Усы жылы еки тәреплеме сиясий мәсләҳәтлесиўлер табыслы өткерилди. Апрел айынан баслап Грецияның Ташкенттеги елшиханасы өз жумысын баслады.
Жыл басынан өз-ара саўда көлеми 5 есеге артты. Фармацевтика, жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, энергетика, мәлимлеме технологиялары ҳәм транспорт тараўларында кооперацияны алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Жақын күнлерде Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилген Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм Өзбекстан - Греция бизнес форумының нәтийжелилигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президентимиз Индонезия Республикасы менен байланыслар ҳаққында сөз етип, халықларымызды әзелден тарийхый, диний ҳәм мәдений байланыслар байланыстырып туратуғынын атап өтти.
Жыл басынан берли еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў 60 процентке артқаны атап өтилди. Химия санааты, аўыл хожалығы, телекоммуникация ҳәм туризм тараўларында қоспа кәрханалар табыслы жумыс алып бармақта. Декабр айында тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылады.
Келеси жылы Ташкентте Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси ҳәм бизнес-форум, сондай-ақ, Жакартада сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң өткерилиўи салмақлы нәтийжелер беретуғынына исеним билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы Латвия Республикасы менен қатнасықларды додалаў ўақтында сиясий ҳәм экономикалық байланыслар избе-из раўажланып, исбилермен топарлар арасындағы сөйлесиўлер жеделлескенин атап өтти.
Кейинги 5 жылда Өзбекстанның Латвияға экспорты ҳәм қоспа кәрханалар саны 3 есеге артты.
Мәмлекетимизде Латвия Инвестициялар ҳәм раўажланыў агентлигиниң офиси жумыс алып бармақта.
Жақында Рига қаласында Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм Ректорлар форумы табыслы өткерилди.
Миграция тараўындағы келисимге қол қойылыўы, авиақатнаўлардың санын көбейтиў ҳәм экономикалық бирге ислесиў механизмлеринен нәтийжели пайдаланыў халықларымызды және де жақынластырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Президентимиз Франция Республикасы ҳаққында сөз етип, жедел сиясий сөйлесиў себепли мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгенин атап өтти. Өткен айда Стратегиялық режелестириў топарының биринши мәжилиси болып өтти.
Усы жылдың март айында Парижге әмелге асырылған тарийхый жоқары дәрежедеги сапар даўамында улыўма баҳасы 10 миллиард долларлық қоспа жойбарлар келисип алынған еди. Жыл басынан берли өз-ара саўда көлеми 1,2 миллиард доллардан артты.
Франция раўажланыў агентлиги менен 2030-жылға шекем бирге ислесиў бағдарламасы тастыйықланды. Өзбекстан-Франция қоспа университети ашылды.
Быйыл Парижде болып өткен Өзбекстан мәденияты күнлери ҳәм туризм потенциалы көргизбеси халықларымызды және де жақынластырыўға хызмет етти.
Келеси жылы Биргеликтеги инвестициялық кеңестиң биринши мәжилиси ҳәм Аймақлараралық форумды өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Россия Федерациясы Өзбекстанның ўақыт пенен сыналған стратегиялық шериги ҳәм аўқамласы болып есапланады.
Өткен жылы өз-ара саўда көлеми 12 миллиард долларға шамаласты. Елимизде Россия капиталының қатнасыўында 3 мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Жыл басынан берли 4 миллиард доллар инвестиция өзлестирилген. Россияның 15 жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары нәтийжели жумыс алып бармақта.
Усы жылы Парламентлераралық комиссияның мәжилиси, "ИННОПРОМ" халықаралық санаат көргизбеси, Аймақлар басшылары кеңеси, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, Ректорлар форумы, Россия мәденият күнлери ҳәм басқа да илажлар өткерилди.
Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилисин нәтийжели өткериў, сондай-ақ, аймақлараралық сөйлесиўди жеделлестириў әҳмиетли екени атап өтилди.
Япония менен стратегиялық шерикликти кеңейтиў сыртқы сиясатымыздың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.
Өзбекстанда Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA), Япония сыртқы саўданы раўажландырыў шөлкеми (JETRO) ҳәм Нагоя университетиниң ўәкилханалары нәтийжели жумыс алып бармақта.
Телекоммуникация, энергетика, денсаўлықты сақлаў, инфраструктураны раўажландырыў, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында 8 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Август айында Стратегиялық сөйлесиўдиң биринши мәжилиси, өткен айда Самарқандта Ректорлар форумы өткерилди.
Осака қаласында "ЭКСПО-2025" көргизбеси шеңберинде Өзбекстан Миллий күни табыслы шөлкемлестирилди.
Келеси айда Токиода болып өтетуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм исбилерменлик байланыслары еки тәреплеме бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлайтуғынына исеним билдирилди.
Улыўма сиясий ерк-ықрар себепли кейинги жылларда Өзбекстан - Тәжикстан қатнасықлары стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилди.
Шегара мәселелери толық шешилди, транспорт байланыслары тикленди. Парламентлер, ҳүкиметлер, аймақлар ҳәм исбилермен топарлар арасындағы бирге ислесиў жеделлести.
Өз-ара саўда көлеми 5 еседен аслам көбейди ҳәм 1 миллиард долларға шамаласты. "Айбек-Фотеҳобод" еркин саўда-шегара алды зонасы ҳәм "Андархан" саўда-логистика орайының шөлкемлестирилиўи товар алмасыўдың көлемин бир неше есеге арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Санаат, транспорт, геология, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы, туризм, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын потенциал бар екенлиги атап өтилди.
Мәресим жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жаңадан тайынланған елшилерге ҳүрметли жумысында үлкен табыслар тиледи, шерикликти беккемлеў ушын бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўға шақырды, аймақлар ҳәм жеке меншик бизнес ўәкиллери менен жедел бирге ислесиўди усыныс етти.
Өз гезегинде, дипломатлар қызғын қабыллағаны ҳәм нәтийжели жумысы ушын жаратылған шараятлар ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан менен көп қырлы бирге ислесиўди жедел алға қойыў ушын барлық профессионаллық тәжирийбе ҳәм билимлерин иске қосыўға таяр екенин атап өтти.