Өзбекстан жетекшисин Япония Бас министри Санаэ Такаичи күтип алды.
Илажда Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысының Япония ҳүкиметиниң басшысы менен сөйлесиўи, сондай-ақ, "Орайлық Азия + Япония" қарым-қатнасының биринши саммитиниң тийкарғы илажлары ертең, 20-декабрь күни болып өтеди.