Norma.uz порталы 2024-жыл 1-декабрьден күшке киретуғын миллий нызамшылықтағы тийкарғы өзгерислердиң көрип шығыўын усынады.
Туризм ярмаркасы өткериледи
Ҳәр жылы декабрь айында исбилерменлик субектлериниң қатнасында Б2Б ("бизнес бизнес ушын") механизмлери тийкарында миллий туристлик ярмарка шөлкемлестириледи.
Мийнет мигрантлары ушын кәсипке ҳәм шет тиллерге оқытыў курслары шөлкемлестириледи
Миграция агентлиги билимлендириў шөлкемлерине сырт елде ислеўди қәлеўши пуқараларды кәсипке ҳәм шет тиллерге оқытыў бойынша буйыртпалар жайластырады.
Кәмбағал шаңарақлар реестри қәлиплестириледи
"Мәҳәлле жетилиги" тәрепинен кәмбағал шаңарақлардың социаллық шараяты ҳәм кәмбағаллыққа түсиў себеплерин үйрениў нәтийжесинде Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен Кәмбағал шаңарақлар реестри қәлиплестириледи.
Көшелер майыплығы болған шахслар ушын бейимлестириледи
Көшелер (дизим бойынша) қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларының талапларынан келип шығып, майыплығы болған шахслар тосқынлықсыз ҳәрекетлениўине масластырылады.
Автомобил номерлери ушын төлеў әпиўайыластырылады
Енди автомототранспорт қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм оларға номер бериў бойынша мүрәжат етиў ҳәм төлемди әмелге асырыў ЖХХҚ мобил қосымшасы, рәсмий веб-сайты, "Call"-орайы ямаса ЯИДХП арқалы әмелге асырылыўы мүмкин.
Қорғаныў ордерин бериў жағдайлары кеңейтилмекте
Бир календарь жыл даўамында еки ҳәм оннан артық мәрте басым ҳәм зорлық жағдайы бойынша мүрәжат етилгенде ишки ислер уйымлары тәрепинен қорғаў ордери баслама тәртибинде бериледи.
Мәжбүрий орынлаў бюросы "Мәжбүрийлик реестрин" жүргизеди
Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлериниң сөзсиз орынланыўын тәмийинлейтуғын "Мәжбүрийлик реестри" институты енгизиледи. Бунда:
қарыздар мүлкиниң жоқ екенлиги себепли өндириўди әмелге асырыў имканияты болмаған жағдайда, ол ҳаққындағы мағлыўматлар мәжбүрий тәртипте Реестрге киргизеди;
қарыздар ҳаққындағы мағлыўмат Реестрге киргизилгеннен кейин оған атқарыў иси шеңберинде қолланылған барлық шеклеўлер сақлап қалынады;
Реестрге киргизилген қарыздардың мүлк ҳәм пул қаржылары анықланған жағдайда мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўам еттириледи.
Пайтахтта тереклерди паспортластырыўдың үшинши басқышы жуўмақланады
2024-жыл 31-декабрьге шекем мағлыўматлар базасы тийкарында "Жасыл мәкан" электрон платформасында ҳәр бир терекке паспорт қәлиплестириледи ҳәм ID -сан бериледи.
Тоқымашылық санаатын қоллап-қуўатлаў бойынша айырым илажлар бийкар етилмекте
2024-жыл 31-декабрьге шекем ийирилген жипти экспорт етиўде өндирилетуғын жыйымның әмелдеги муғдары 5 есеге азайтылды (1 кг ушын $0,01).
Боялған гезлеме ҳәм боялған гезлемени реализациялаўдан түскен улыўма түсиминде бул өнимлерди ишки базарда сатыў үлеси кеминде 50 процентти қураған кәрханаларға социаллық салықты 1% муғдарындағы салық ставкасы бойынша төлеў және юридикалық тәреплерден алынатуғын мүлк салығын төлеўди 3 жыл мүддетке шекем кешиктириў ҳуқықы берилген.
Айырым реклама орны паспортларының әмел етиў мүддети жуўмақланбақта
Норма әмел етиў мүддети көрсетилмеген реклама орны паспортларына тийисли.
Майыплығы болған шахслар спорт пенен бийпул шуғылланыўы мүмкин
2024-жыл 15-декабрьден баслап спорт пенен шуғылланыўды қәлеген майыплығы болған шахслардың мүрәжаты бойынша, "Инсан" социаллық хызметлер орайлары тәрепинен мәмлекетлик мүлкте болған дене тәрбия-саламатландырыў ҳәм спорт объектлеринде бийпул спорт пенен шуғылланыў ушын жоллама берилетуғыны белгиленди.
Социаллық төлемлер - "Социал карта" арқалы
Жаңадан тайынланатуғын социаллық төлемлер, хызметлер ҳәм жеңилликлер, соның ишинде, протез-ортопедиялық буйымлар ҳәм реабилитация техникалық қуралларын сатып алыў "Социаллық карта" мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда социаллық карта арқалы әмелге асырылады.
"Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги"
Ҳәр жылы декабрь айының биринши ҳәптесинде "Пуқаралық жәмийети ҳәптелиги" өткерилип барылады. Оның шеңберинде "Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын" көкирек белгиси менен сыйлықлаў әмелге асырылады.
Айырым имарат ҳәм обектлерди пайдаланыўға тапсырыў тоқтатылады
Аймақлық инспекциялардың дизимнен өткерместен қурылыс-монтажлаў жумысларын орынлаған имарат ҳәм обектлер бойынша тийисли ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ҳәм пайдаланыўға рухсат бериў жумыслары 2024-жыл 31-декабрьден тоқтатылады.