Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелович Тоқаевқа шын жүректен қабыллағаны ҳәм "Орайлық Азия - Қытай" екинши саммити жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Қытай Халық Республикасы Баслығы ҳүрметли мырза Си Цзиньпинге регион мәмлекетлери менен дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге исенимли умтылысы ушын миннетдаршылық билдиремен.

Сизиң "Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлерин өз-ара ҳүрмет, өз-ара исеним ҳәм өз-ара жәрдемге тийкарланған көп әсирлик дослық ҳәм шериклик байланыслары және тығыз байланысларды орнатыў ҳәм жоқары сапалы бирге ислесиўди раўажландырыўға болған умтылысы байланыстырып турады", деген сөзлериңизди толық қоллап-қуўатлайман.

Жақында белгиленген туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сизиң атыңызға билдирилген қызғын қутлықлаў ҳәм тилеклерге де қосыламан.

Сиз дүнья көлеминдеги мәмлекетлик ғайраткер ҳәм заманымыздың уллы сиясатшысысыз.

Сизиң терең ойланған сиясатыңыз ҳәм мәмлекетти модернизациялаў бойынша реформаларыңыз себепли Қытай жедел раўажланбақта.

Сиз үш мыңнан аслам реформа ҳәм өзгерислерди әмелге асырдыңыз, мәмлекетте Қытайға тән болған социализм қурыў бойынша нәтийжели сиясат алып бармақтасыз.

Бүгинги күнде Қытай глобал технологиялық ҳәм инновациялық раўажланыўдың драйвери сыпатында алға илгерилеп, пүткил Азия континентиниң жедел раўажланыў процесине жетекшилик етпекте.

Регионымыздың турақлы раўажланыўын анық жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў арқалы қоллап-қуўатлаў бойынша сизиң жедел ҳәрекетлериңизди жоқары қәдирлеймен.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бүгинги ушырасыўымыз күн тәртиби ҳәм таярланған ҳүжжетлер, соның ишинде, Астана декларациясын қоллап-қуўатлайман.

Шөллениўден ескертиў, билимлендириў тараўында бирге ислесиў, кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги орайлар, сондай-ақ, Орайлық Азия ҳәм Қытай үзликсиз саўда платформасы иске қосылғанын қоллап-қуўатлайман. Әлбетте, бул механизмлер мәмлекетлеримиз арасындағы өз-ара әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге имканият береди. Өзбекстан бундай структуралардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыўда белсене қатнасыў ниетинде.

Ҳүрметли делегациялар басшылары!

Қытай данышпанлары айтқанындай: "Ким дослары менен бирге қәдем тасласа, узаққа барады."

Биз Сиандағы биринши тарийхый саммитимизден кейин әҳмийетли нәтийжелерге еристик. Жоқарыда атап өтилгениндей, бирге ислесиўди көп дәрежеде муўапықластырыўды тәмийинлейтуғын Секретариат дүзилди.

Түрли бағдарлар бойынша министрлер ҳәм экспертлердиң ушырасыўлары менен мәжилислерине байланыслы нәтийжели механизмлер ислемекте, кең көлемли бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый базасы қәлиплестирилмекте.

Таллаўлар Орайлық Азия мәмлекетлериниң Қытай менен улыўма саўда айланысының өсип атырғанын көрсетпекте. Усы жылы бул көрсеткиш дерлик 100 миллиард долларға жетеди. Қоспа кәрханалар ҳәм жойбарлардың саны болса 10 мыңнан артады.

Бизиң пикиримизше, бир тәрептен исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик мәканына айланған Орайлық Азияның өзиндеги терең трансформация процесслери, екинши тәрептен, Қытай басшылығының қоңсы мәмлекетлер менен дослық қатнасықларын раўажландырыў ҳәм "Мәкан ҳәм жол" глобал концепциясын алға қойыўға исенимли умтылысы усы форматтағы бирге ислесиўдиң раўажланыўына имканият бермекте.

Усы мүнәсибет пенен көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бағдарындағы көзқарасларымызды билдирмекшимен.

Бүгинги ушырасыўымыз халықаралық жағдай сезилерли дәрежеде төменлеп баратырған шараятта болып өтпекте. Жоғалтыў ҳәм зыянларға себеп болатуғын келиспеўшиликлер жаңадан алыспақта, глобал ҳәм регионаллық дәрежедеги ири мәмлекетлер арасында өз-ара исенимсизлик күшеймекте.

Бәсекиниң артыўы кескинликтиң күшейиўине, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға жаңа қәўип-қәтерлердиң пайда болыўына алып келмекте.

Тартыслы халықаралық мәселелер ҳәм қарама-қарсылықлы машқалаларды шешиў ушын күш қолланыў қуралларынан пайдаланыў өзин ақламайды ҳәм оған жол қойып болмайды, деп есаплаймыз.

Ҳүрметли мырза Си Цзиньпин, Сизиң даўам етип атырған тартыслар ҳәм урысларда ҳеш қандай жеңимпазлар болмайды, деген сөзлериңизге толық қосыламан.

Барлық келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар суверенитетти ҳүрмет етиў, халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Режеси тийкарында тек ғана дипломатиялық ҳәрекетлер жолы менен - сөйлесиўлер столында шешилиўи шәрт.

Бундай алдыннан айтып болмайтуғын шараятта халықаралық қатнасықлардың ҳәзиргиден де турақлы системаларын тәмийинлеў ушын мәмлекетлерди бирлестире алатуғын регионаллық механизмлердиң әҳмийети ҳәм роли артып атырғанын атап өтиў керек.

Усы мүнәсибет пенен бүгин мәмлекетлеримиз арасындағы Мәңги жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманың қабыл етилиўин тарийхый ўақыя, деп есаплайман. Бул ҳүжжет регионаллық турақлылықты тәмийинлеўге қосқан улыўма үлесимиз болып қалады. Шәртнаманы әмелий жақтан беккемлеўде анық механизм ҳәм жойбарларды қамтып алған Узақ мүддетли шериклик концепциясын қабыл етиў үлкен әҳмийетке ийе.

Саўда, инвестиция ҳәм технологиялық бирге ислесиў Орайлық Азиядағы барлық мәмлекетлердиң социаллық-экономикалық раўажланыў стратегиясын әмелге асырыўда күшли локомотив болып хызмет етпекте.

Бир ғана мысал келтиремен.

Қытайдың алдынғы тәжирийбеси тийкарында елимизде санаат потенциалын ҳәм социаллық инфраструктураларды раўажландырыў, аймақларымызда жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған онлаған ири жойбарлар әмелге асырылды.

Орайлық Азия мәмлекетлериниң өсип баратырған потенциалы ҳәм Қытайдың санаат тараўындағы жетекшилигин бирлестириў билимлер менен алмасыў ҳәм технологиялар трансфериниң нәтийжели механизмлерине ийе болған улыўма кең имканиятлар мәканының пайда болыўына алып келиўи керек.

Жаңа экономикалық шериклик бағдарламасының тезирек қабыл етилиўи бул бағдарда және бир әмелий қәдем болатуғынына исенемен.

Бул бағдарламаны анық ўазыйпалар менен толықтырыў, өз-ара саўда ҳәм инвестицияларды кеңейтиў бойынша жойбарлар портфелин қәлиплестириў ушын мәмлекетлеримиз бас министрлериниң орынбасарлары дәрежесинде Саўда ҳәм инвестициялар бойынша регионлараралық кеңес шөлкемлестириўди усыныс етемен. Оның биринши ушырасыўын усы жылдың ақырына шекем Өзбекстанда өткериўге таярмыз.

Саўда байланысларын хошаметлеў мақсетинде "Санлы белбеў ҳәм жол" шеңберинде "Санлы Жипек жолы" көп тәреплеме саўда платформасын шөлкемлестириў тәрепдарымыз.

Ташкентте регламент ҳәм стандартларды жақынластырыў, Қытай талаплары бойынша экспорт өнимлерин сертификатластырыў мәселелери менен шуғылланатуғын Санаатты стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў регионаллық орайын жаратыўды айрықша әҳмийетке ийе, деп есаплайман.

Бизнес, жетекши изертлеў институтлары ҳәм инженерлик орайларын тартқан ҳалда, технологиялар трансфери бойынша өз алдына "жол картасы"н қабыл етиўди усыныс етемен.

Санаат тараўындағы ҳәм инфраструктуралық байланыслылықтың күшейиўи мәмлекетлеримиздиң экономикалық потенциалынан нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди. Усы мақсетте "Орайлық Азия - Қытай" санаат ҳәм инфраструктуралық белбеўин жаратыўға қаратылған узақ мүддетли стратегияны ислеп шығыўды усыныс етемен.

Бул жерде гәп Қытайдың инвестициялары, технологиялық ҳәм илимий шешимлерин тартқан ҳалда, өз-ара байланысқан санаат кластерлери, технопарклер ҳәм логистика хаблары системасын жаратыў ҳаққында бармақта.

Буннан тысқары, энергетика министрлери Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай энергетика системаларын байланыстырыў, соның ишинде, жоқары күшлениўли электр узатыў тармақларын қурыў бойынша мега-жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин терең үйрениўи керек.

Регионаллық әҳмийетке ийе болған ири жойбарларды қоллап-қуўатлай алатуғын нәтийжели финанслық қуралларды енгизиў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Бүгинги күнде әмелде болған халықаралық механизмлер, әлбетте, әҳмийетли роль атқармақта, бирақ регионның инвестицияға болған талабын толық қаплай алмай атырғанын атап өтпекшимен.

Экспертлердиң жуўмағына бола, Орайлық Азияның инфраструктуралық раўажланыўында капитал қойылмалардың жетиспеўшилиги бир неше жүз миллиард долларға баҳаланбақта.

Усы мүнәсибет пенен инфраструктураларға байланыслы басламаларды алға қойыўда нәтийжели платформаға айланыўы мүмкин болған "Орайлық Азия - Қытай" раўажланыў қорын шөлкемлестириў имканиятларын көрип шығыў мақсетке муўапық.

Орайлық Азия ҳәм Қытайдың транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылығын раўажландырыў және бир тийкарғы бағдар болып есапланады. "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы қурылысының басланғанын Евроазия мәканында жаңа транспорт ҳәм транзит коммуникациялары системасының әҳмийетли элементи, деп есаплайды.

Барлық мәмлекетлеримиз ушын кең имканиятлар ашатуғын ҳәм Қытайды регионымыз арқалы Қубла Азия менен байланыстырыў имканиятын беретуғын Трансаўған темир жол магистралы жойбарының әмелге асырылыўы қоллап-қуўатланатуғынына үмит етемиз.

Бул стратегиялық тараўдың келешегине байланыслы улыўма көзқарасларды ислеп шығыў ушын транспорт уйымларымызға дала изертлеўлерин алып барыў, логистика инфраструктурасын модернизациялаў имканиятларын үйрениў, альтернатив коридорлар бойынша жүклерди тасыў бойынша сынақ түриндеги жойбарларын әмелге асырыў ушын эксперт топарларын қәлиплестириў бойынша тапсырма бериўимиз зәрүр, деп есаплайман.

Олардың жумысының нәтийжелери бойынша кейинги ушырасыўымызға шекем транспорт коридорлары ҳәм заманагөй транзит инфраструктураларының бирден-бир картасын қәлиплестириў ушын анық ҳәм тийкарланған усыныслар ислеп шығылыўы керек.

Мәмлекетлеримиздиң турақлы раўажланыўына айрықша қәўиплерден және бири - бул климат өзгерислериниң ақыбетлери болып есапланады.

Қытайдың алдынғы тәжирийбесин регионда кеңнен енгизиў қәўип-қәтерлерди азайтыў, "жасыл" күн тәртиби ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы илажлардың нәтийжелилигин сезилерли дәрежеде арттырыў имканиятын беретуғынына исенемен.

Усы мүнәсибет пенен 2030-жылға шекем мөлшерленген "Жасыл" раўажланыў бағдарламасын қабыл етиў ҳәм оны әмелге асырыўға имканы болғанынша тезирек кирисиў әҳмийетли болып есапланады.

Шөллениўге қарсы гүресиў, деградацияға ушыраған жерлерди қайта тиклеў, қурғақ ҳәм шөл аймақларда биоэкологиялық турақлылықты арттырыў тараўында сөйлесиў ҳәм шериклик ушын бизиң форматта Экологиялық альянсты дүзиўди усыныс етемен.

Қытай тәжирийбеси ҳәм усылынан пайдаланған ҳалда, биз регионда комплексли көклемзарластырыў ҳәм нәлханалар жаратыў, биомухандислик, биомониторинг станцияларын раўажландырыўды, сондай-ақ, социаллық-билимлендириў бағдарламаларын қамтып алған сынаў түриндеги жойбарларды әмелге асырыўымыз мүмкин екенин атап өтпекшимен.

Жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиў имканиятларына айрықша тоқтап өтиўди қәлер едим. Әйне усы бағдарлар бүгинги күнде миллий экономикалардың бәсекиге шыдамлылығын белгилеп, узақ мүддетли өсиўдиң драйвери болмақта.

Қытай интеллектуаллық системалар раўажланыўында жетекшилик етип, бул бағдарда дәстүрий түрде жоқары орынларды ийелеп келмекте.

Исенимим кәмил, жасалма интеллект ҳәм байланыспаған, трансшегаралық электрон каналлар тийкарында ислейтуғын үлкен мағлыўматлар базалары ҳәм процессинг орайларының Өз-ара интеграцияласқан банклер тармағын жаратыў экономикалық бирге ислесиўдиң турақлы санлы инфраструктурасын қәлиплестириў имканиятын береди.

Тийкарғы энергетика ҳәм транспорт бағдарлары бойлап "Орайлық Азия - Қытай" оптикалық талшықлы байланыс тармағының санлы трассасын қурыў зәрүр, деп есаплаймыз.

Бул онлайн саўда, "ақыллы" логистика, бултлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект - Сиань декларациясында өз көринисин тапқан санлы күн тәртибиниң барлық бағдарларын және де раўажландырыў ушын тийкар жаратады.

Халықларымыздың бир-бириниң мәдениятын өз-ара байытыў ҳәм жақынласыўға болған улыўмалық умтылысы - бул бизиң бийбаҳа байлығымыз болып есапланады. Мәдениятлардың ҳәр түрлилигин ҳүрмет етиў принципине сүйенген ҳалда, бизиң бирге ислесиўимиз миллионлаған инсанлар ушын мәдений алмасыў жолында жаңа имканиятларды ашпақта.

Бүгин қабыл етилип атырған Өз-ара сапар етиўлерди жеңиллетиў бойынша баслама ҳәм Мәдений-гуманитарлық илажлар бағдарламасы әне усы мақсетлерге қаратылған.

"Жипек жолы мәдений мийрасы" бирден-бир санлы порталын жаратыўды усыныс етемиз.

Ол Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытайдың тарийхый-мәдений ресурсларын, олардан изертлеўшилер, студентлер, туристлер ҳәм креатив санаат ўәкиллериниң пайдаланыўына имкан берип, бирлестиреди.

Профессионал билимлендириў тараўында бирге ислесиў бағдарламаларын ислеп шығыў, университетлер ректорларының форумларын өткериў, илимий академиялар ҳәм илимий-изертлеў орайлары басшыларының ушырасыўларын шөлкемлестириў арқалы улыўма илимий-билимлендириў платформаларын қәлиплестириў мақсетке муўапық.

Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў шешиўши тийкарғы бағдарлардан бири болып қалыўы керек. Арнаўлы хызметлер ҳәм қәўипсизлик кеңеслери бағдарында терроризм, экстремизм, радикализм, наркотрафик, нызамсыз миграция ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша мәлимлеме алмасыўдың көп тәреплеме жумысшы механизмлерин жолға қойыўды усыныс етемен.

Биз ушын тек ғана қоңсы емес, ал улыўма тарийхый-мәдений ҳәм экономикалық мәканымыздың ажыралмас бөлеги болған Аўғанстан машқалаларына халықаралық жәмийетшиликтиң итибарының төменлеп атырғаны айрықша тәшўиш оятпақта.

Қытай ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери Аўғанстанның бай бирге ислесиў тәжирийбесине ийе болған дәстүрий шериклери сыпатында оның қайта тиклениўи ҳәм регионаллық интеграция процесслерине тартылыўына жәрдемлесиў ушын барлық имканиятларға ийе, деп есаплайман.

Усы мүнәсибет пенен форматымыз шеңберинде усы мәселелерди көрип шығыў бойынша жоқары дәрежедеги топар шөлкемлестириўди ҳәм оның ушырасыўын Аўғанстан ўәкиллериниң қатнасыўында шегаралас Термизде өткериўди усыныс етемен.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Пурсаттан пайдаланып, Қытай Халық Республикасының ўәкили мырза Сун Вэйдунға қарым-қатнасымыздың турақлы жумыс алып баратуғын Секретариатының бас хаткери лаўазымындағы жумысында табыслар тилеймен.

Сөзимниң жуўмағында Өзбекстан ашықтан-ашық сөйлесиўге, "Орайлық Азия - Қытай" форматындағы прагматикалық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге садық екенин атап өтемен. Бундай шериклик мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы ҳәм раўажланыўына хызмет ететуғынына исенемен.