Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен қызғын қутлықлайман.
Бул қутлы әййямда өз өмирин Ўатанды қорғаўдай оғада мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жумысқа бағышлаған, әскерий антына садық қалып, елимиздиң ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин көздиң қарашығындай сақлап киятырған ана жердиң сақшыларына және бир мәрте жоқары ҳүрмет-иззет билдиремиз.
Ҳәзирги ўақытта Ўатан алдындағы жигитлик миннетин орынлаў ўақтында мәртлерше қайтыс болған қаҳарман улларымыздың естелигине терең ҳүрмет көрсетемиз.
Бүгинги күнде халқымыз Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында үлкен жетискенлик ҳәм шеклерди қолға киргизбекте. Турмысымыздың барлық тараў ҳәм тармақларында әмелге асырылып атырған шын мәнисиндеги тарийхый өзгерислерде даңқлы Қураллы Күшлеримиздиң, сизлердиң де мүнәсип үлесиңиз бар, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Биз сизлерди уллы ата-бабаларымыз дәстүрлериниң даңқлы даўамшылары деп билемиз ҳәм сизлер сыяқлы Ўатанға пидайы, жаўға аяўсыз, жаўынгерлик сапларда бәрқулла сергек ҳәм гүреске таяр болған күш-ғайрат иелери менен ҳақылы түрде мақтанамыз.
Бүгинги имканияттан пайдаланып, ел-журтымызға мине усындай мәрт, батыр перзентлерди тәрбиялап берген ата-аналарға, әскерий хызмет даўамында барлық қуўаныш ҳәм тәшўишлерди олар менен бирге бөлисип киятырған шаңарақ ағзаларына өзимниң шын жүректен миннетдаршылығымды билдиремен.
Қәдирли дослар!
Кейинги жыллары "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде артқа қайтпайтуғын реформаларымыздың беккем кепилликлериниң бирине айланып атырған Қураллы Күшлеримиздиң әскерий қүдиретин арттырыў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырмақтамыз. Соның ишинде, басқарыў ҳәм тәмийнат системасы жетилистирилип, заманагөй мәлимлеме технологиялары тийкарында модернизацияланбақта, әскерлеримиздиң жаўынгерлик қатарлары жаңаша тәлим ҳәм тәрбия алған тәжирийбели офицер ҳәм сержантлар менен толықтырылмақта.
Жеке қурамның таярлық дәрежеси, әскерий хызметкерлердиң кәсиплик, интеллектуаллық ҳәм руўхый потенциалы избе-из арттырып барылмақта. Қураллы Күшлеримиз заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен басқышпа-басқыш тәмийинленбекте.
Жаслар арасында әскерий хызметке қызығыўшылықты арттырыў, оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, халық пенен армия арасындағы беккем бирлик ҳәм аўызбиршиликти буннан былай да күшейтиўге қаратылған нәтийжели жумысларымыз исенимли даўам еттирилмекте.
Ҳәзирги ўақытта дүньяның сиясий ҳәм әскерий картасында қандай жедел өзгерислер жүз берип атырғанын бәршемиз көрип, аңлап турмыз.
Түрли регионларда геосиясий жағдай барған сайын қыйынласып, қарама-қарсылық ҳәм қанлы соқлығысыўлар күшеймекте. Заманагөй технологиялар, жаңа әўлад қурал-жарақлары пайда болмақта, жаўынгерлик ҳәрекетлерди алып барыўдың стратегиясы ҳәм тактикасы және де жетилисип бармақта.
Ҳәзирги жағдайды есапқа алған ҳалда, биз келешекте жаўынгерлик ҳәм басқарыў усылларын заман талаплары тийкарында жаңалаймыз, жоқары маманлықтағы әскерий кадрларды тәрбиялаўға айрықша итибар қаратамыз.
Әсиресе, әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик руўхы ҳәм физикалық таярлығын турақлы арттырып барыў, олардың қәлбинде ўатансүйиўшилик сезимин күшейтиў биз ушын тийкарғы ўазыйпа болып қалады. Себеби, ҳәр қандай гүрестиң тәғдирин жеке қурамның билим ҳәм маманлығы, ерк-ықрары ҳәм исеними, өзине болған исеними, мәртлик пазыйлетлери шешеди.
Миллий армиямызды заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника, соның ишинде, жасалма интеллект тийкарында роботластырылған комплекслер менен тәмийинлеў, әскерлерди басқарыў ҳәм қарар қабыл етиў процесслерине алдынғы мәлимлеме технологияларын және де кеңнен енгизиў де бәрқулла итибарымыз орайында болады.
Әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаўға байланыслы жумыслардың нәтийжелилигин арттырып, олардың турмыс абаданлығын арттырыўға қаратылған жумысларды күшейтемиз. Бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм пуқаралық институтлары және кең жәмийетшиликтиң белсене қатнасыўына айрықша әҳмийет қаратамыз.
Ҳәр бир әскерий хызметкер халық пенен армия - бир тән, бир жан екенин, оның артында 38 миллионлық халық таўдай сүйениш болып турғанын бәрқулла сезиўи, оннан шексиз күш, руўх ҳәм мәдет алыўы керек.
Күш-ғайратта теңсиз болған әскерлеримиз душпанлар алдында ҳеш қашан бас иймеген қорқпайтуғын ҳәм ержүрек ата-бабаларымыздың өлмес мийрасын үйренип, олардан ибрат алып, Ўатан алдындағы муқаддес миннетин буннан былай да мақтаныш пенен орынлайтуғынына исенемен.
Әзиз Ўатан қорғаўшылары!
Мине усы толқынландырыўшы демлерде ҳәр бириңизди бүгинги байрам менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, сизлерге ҳәм шаңарақ ағзаларыңызға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бағдарындағы уллы жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.
Жанажан Ўатанымызды қорғаў жолында ҳеш қашан талықпаң, табыс ҳәм жеңис сизлерге ҳәмийше яр болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти,
Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы