Бул халықаралық фестивальда Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем өнери кеңнен үгит-нәсиятланды. Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң шығыўлары, Фаррух Зокиров ҳәм "Ялла" топарының жеке концерт бағдарламасы, Қарақалпақстан жас тамашагөйлер театрының дөретиўшилик жәмәәтиниң спектакли, художниклер ҳәм миллий әмелий көркем өнер шеберлериниң көргизбеси сыяқлы илажлар болып өтти.
Өзбекстан ўәкиллери Ақылбек Пиязов, "Сабо" миллий аяқ ойыны ансамбли ҳәм "Айқулаш" Қарақалпақ миллий фольклор ансамбли фестивалдың сыйлы орын ийелери қатарынан орын алды.
Өзбекстан делегациясы фестивалда қатнасыўы даўамында Татарстан басшылығы, Мәденият, Спорт министрликлери ҳәм Туризм мәмлекетлик комитетиниң жуўапкерлери менен ушырасыўлар өткерди.
Онда туризм, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў, театр тараўын раўажландырыў, өнерментшилик мектеплери, билимлендириў туризми сыяқлы тараўларда байланысларды жолға қойыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы ҳәм Қазан мәмлекетлик мәденият институты арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша "жол картасы" және Қарақалпақстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры ҳәм Қазан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры арасында түсинисиў меморандумына қол қойылды, деп хабар береди "Дунё" ХА.