Атап айтқанда, Словения Республикасы Экономика, туризм ҳәм спорт министри Матяж Хан, SID Банк басшылығы менен ушырасыўлар, еки тәреплеме додалаўлар ҳәм усы мәмлекеттиң ири компанияларының басшылары менен кеңейтилген дөгерек сәўбети өткерилди.
Ушырасыўларда Өзбекстанның инвестициялық потенциалы көрсетилди, санаат кооперациясын раўажландырыў ушын пайдаланылмаған ресурслар, ири регионаллық базарларға жеңиллетилген шығыў ҳәм еки мәмлекет исбилермен топарларының нәтийжели бирге ислесиўи ушын тийкар жаратыўы мүмкин болған әмелий бирге ислесиўдиң көплеген басқа да тәреплери көрсетилди.
Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар Словения тәрепинен ҳәм ҳүкимет, ҳәм бизнес дәрежесинде жоқары баҳаланып, мәплер ҳәм имканиятлар кесилискен барлық ноқатларда биргеликтеги жумыслардың көлемин арттырыўға толық таяр екени билдирилди.
Тоқымашылық ҳәм мийўе-овош өнимлери, минерал төгинлер, пластмасса, реңли металлар, қурылыс материаллары, фармацевтика, санаат үскенелери ҳәм жоқары қосымша қунға ийе басқа да таяр өнимлерди жеткерип бериў түри ҳәм көлемин кеңейтиў есабынан өз-ара товар алмасыў көлемин 500 миллион долларға жеткериў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди.
Соның менен бирге, дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм өсириў бойынша ири кластерлер шөлкемлестириў, фармацевтика ҳәм косметика өнимлерин биргеликте ислеп шығарыў, фармацевтика тараўындағы өзбекстанлы қәнигелердиң маманлығын арттырыў бойынша биргеликте оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў бойынша илажлар келисип алынды. Тәреплер Өзбекстаннан мийирбийкелер ҳәм шыпакерлерди жумысқа жибериў ушын мийнет миграциясы бойынша ҳүкиметлераралық келисимге қол қойыў бойынша жумысларды жеделлестиреди, деп хабар бермекте Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.
ИССМ делегациясы өз жумысын даўам еттириў ушын соль күни Будапештке жөнеп кетти.









