Мәмлекетимизде туризм экспорты потенциалы 10 миллиард доллар болса, соннан 2 миллиард доллары Хорезмге туўра келетуғыны атап өтилди. Бирақ бул толық иске қосылмай атырғаны атап өтилди. Өткен жылы тек ғана 1,3 миллион сырт ел туристи келген ҳәм экспорт 400 миллион долларға да жетпеген.
Жуўапкерлерде Хорезмди региондағы жетекши туристлик орайлардан бирине айландырыў ушын имканиятлар жетерли екени атап өтилди.
Ўәлаятта жәми 263 мәдений мийрас объекти бар. Буннан нәтийжели пайдаланып, туризм хызметлерин шөлкемлестирип атырған исбилерменлер көп. Бирақ, Хийўа қаласы, Хийўа ҳәм Янгиариқ районларының ҳәкимлери потенциалы жоқары 14 объектти исбилерменлер менен туристлик орынға айландырыў бойынша ислемей атырғаны көрсетип өтилди.
Соның менен бирге, Хорезмдеги көплеген мәдений естеликлер еле изертленбей турыпты. Хазарасптағы "Сулаймон қалъа", Боғотдағы "Қалажик қалъа" сыяқлы тарийхый орынлар, Янгиариқтағы "Хон боғи", "Олма отишган қалъа" тарийхый объектлери ҳаққында мағлыўмат аз.
Усы мақсетте шөлкемлестирилген Өзбекстан тарийхшылар жәмиетиниң Хорезм бөлиминиң жумысы мәмлекетлик бюджеттен тәмийинленетуғыны белгиленди.
Жуўапкерлерге сырт елден тәжирийбели археологларды тартып, тарийхый естеликлерди анықлаў ҳәм тиклеў бойынша әмелий жумысларды баслаў тапсырылды.
Хорезм ҳәм Қарақалпақстан аймағындағы 8 әемги қалаларды өз-ара байланыстырыўшы төрт күнлик "Қала тур" маршруты ислеп шығылады. Бул қорғанлар әтирапында мастер-реже тийкарында хызмет көрсетиў обектлери иске қосылады.