Сөйлесиў алдынан Беларус жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм Өзбекстанның раўажланыўы жолында жаңа табыслар тиледи.
Беларусь Президентиниң өткен жыл февраль айындағы Өзбекстанға сапары даўамында ерисилген келисимлерди қабыл етилген "жол картасы" тийкарында әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Ҳәр қыйлы дәрежелердеги жедел ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер, соның ишинде, жақында Минск қаласында өткен Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм Ташкент қаласында болып өткен сыртқы ислер министрлери ушырасыўының пайдалы нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Усы жылдың басынан товар алмасыў 28 процентке артты. Аўыл хожалығы, электротехника, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда биргеликтеги кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта. Биргеликте мәдений-гуманитарлық илажлар өткерилмекте.
Өзбекстан ҳәм Беларусь жетекшилери болажақ еки тәреплеме илажлардың режесин де додалады.






