Өзбекстан ҳәм Беларусь парламентлераралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды

    Беларусь Республикасының Витебск қаласында өтип атырған бизнес-форум шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы делегация Беларусь Республикасы Миллий мәжилиси Республикалық Кеңесиниң Баслығы Наталья Кочанова менен ушырасты.

    Сөйлесиў ўақтында сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўда ҳәм парламентлер арасындағы бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды. Атап өтилгениндей, еки мәмлекет басшылары арасындағы сөйлесиў ҳәм жоқары дәрежедеги сапар етиўлер мәмлекетлераралық қатнасықларды жаңа басқышқа алып шықты.

    Еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми соңғы жыллары 5 есеге артты. Санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм тараўларында қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Мәдений-гуманитарлық тараўда "Шарқ тароналари", "Славянский базар" сыяқлы фестиваллар өткериў арқалы бирге ислесиў күшейтилгени атап өтилди. Билимлендириў бағдарында 45 жоқары оқыў орынларының бирге ислесиўи жолға қойылып, еки мыңнан аслам студент билим алмақта.

    Парламентлераралық бағдарда сапарлар, қоспа форумлар ҳәм комиссияның жумысы избе-из даўам етпекте. Усы жылы "дослық топары" Бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссияға айландырылғаны әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланды.

    Ушырасыў жуўмағында парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы ҳүжжетлерге қол қойылды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates