Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен жылдың жуўмақлары бойынша товар алмасыў көлеми 10 процентке өсип, 13 миллиард долларға жетти, усы жылдың басынан болса және 32 процентке артты.

Санаат, энергетика, транспорт ҳәм экономиканың басқа да тийкарғы тармақларында ири кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў даўам етпекте.

Өзбекстанда биринши атом электр станциясын қурыў жойбарын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның нәтийжели жумысына жоқары баҳа берилди.

Тәреплер гезектеги "ИННОПРОМ. Орайлық Азия" ушырасыўы өткерилди, бул кооперацияның жаңа түрлери ҳәм жойбарларын алға қойыў ушын нәтийжели майданға айланды.

Халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, Жақын Шығыс, Қубла Азия ҳәм Украинадағы жағдай бойынша пикир алысылды.

Сондай-ақ, болажақ илажлар режеси додаланды.