Өзбекстан ҳәм Түркменстан делегацияларының кеңейтилген қурамдағы сөйлесиўлери болып өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың сөйлесиўлери еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти.

    Ушырасыў алдында мәмлекетимиз жетекшиси Түркменстан Президентиниң мәмлекетлик сапары халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары беккемлигиниң айқын көриниси екенин атап өтти.

    Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

    Саўда, транспорт, энергетика, суў хожалығы ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда әмелге асырылған жумысларға жоқары баҳа берилди.

    - Әлбетте, бунда Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы ҳүрметли Гурбангули Бердимуҳамедовтың хызмети үлкен, -деди Президент.

    Кейинги жылларда өз-ара саўда 2 есеге көбейип, 1 миллиард доллардан артты. Номенклатурасын кеңейтиў ҳәм еркин саўда режиминен нәтийжели пайдаланыў есабынан бул көрсеткишти 2 миллиардқа жеткериў ушын барлық имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.

    "Шовот-Тошовуз" шегараалды саўда зонасының иске қосылыўы да товар алмасыў көлемин арттырыўға хызмет етеди. Бул тәжирийбени басқа аймақларда, бәринен бурын, Алат-Фараб районында кеңейтиўге келисип алынды.

    Санаат кооперациясын кеңейтиў мақсетинде қурылыс материаллары, фармацевтика, азық-аўқат ҳәм талап жоқары болған басқа да товарларды ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарларды иске қосыўға бизнести жедел тартыў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Энергетика тараўында нәтийжели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў жолға қойылды. Кең көлемли жойбарларға, соның ишинде, перспективалы кәнлерди биргеликте өзлестириўге өтиўге келисип алынды.

    Еки мәмлекет экономикасын байланыстырыўшы буўын транспорт тараўы болып есапланады. Жүк тасыў көлеми артпақта, бажыхана-логистика тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылмақта. Тәреплер Түркменбашы портын биргеликте раўажландырыў, пайтахтлар арасында тиккелей авиақатнаўларды тиклеўге келисип алды.

    Ерисилген келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў ушын жылдың ақырына шекем Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислери өткериледи.

    Жетекшилер гуманитар тараў көп қырлы байланыслардың беккем тийкары екенин атап өтти. Үргенш ҳәм Ташкентте Түркменстан мәденияты күнлери табыслы өткерилгени, түркмен фильмлери көрсетилгени атап өтилди.

    Өз-ара бирге ислесиўдиң жедел пәтин сақлап қалыў мақсетинде тәреплер турақлы түрде өз-ара концертлер ҳәм театрлардың гастролларын өткериў, Хийўа қаласында Жаслар форумын шөлкемлестириў, биргеликте фильмлер жаратыў әмелиятын даўам еттириўге келисип алды.

    Денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими тараўындағы алмасыўлар жеделлестириледи.

    Сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекет басшылары ерисилген барлық келисимлерди әмелге асырыў бойынша комплексли "жол картасы"н қабыл етиўге тапсырма берди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates