Өзбекстан Венгрия арасы және де жақынырақ болады

    20 ақпан 2025 964

    Транспорт министри “Wizz Air” авиакомпаниясының бас директоры ҳәм Венгрияның Өзбекстандағы елшиси Ёжеф Рожа менен сөйлесиўлер өткерди.

    Ушырасыўда “Yojef Varadi Wizz Air Abu-Dhabi” компаниясы Ташкент - Абу-Даби - Ташкент жөнелиси бойынша пәрўазларды көбейтиў, Наманган ҳәм Үргенш қалалары менен авиақатнаўларды жолға қойыўдан мәпдар екенин, сондай-ақ, Өзбекстан аймағында қоспа авиакомпания шөлкемлестириў перспективаларын мәлим етти.

    Транспорт министри И.Маҳкамов “Wizz Air” авиакомпаниясына Өзбекстан ҳәм Венгрия арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў ҳәм усы жылдың ақырына шекем Ташкент - Будапешт - Ташкент жөнелиси бойынша турақлы рейсти шөлкемлестириўди усыныс етти.

    Еслетип өтемиз, алдынырақ Малайзияның “AirAsia X” авиакомпаниясы Өзбекстанға турақлы пәрўазларды әмелге асырыў ушын рухсат алған еди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates