Атап өтилиўинше, Концепцияны ислеп шығыў процесинде түнги экономика табыслы раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбелери үйренилди.
Ҳүжжет 10 бағдарды, соның ишинде, 24/7 режиминде ислейтуғын гастрономиялық зоналар, түнги базарлар, мәдений ҳәм кеўилашар илажларды раўажландырыў, қала инфраструктурасын жақсылаў, түнги транспортты раўажландырыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиўди қамтып алған.
Ҳүжжетте 24/7 режиминде ислейтуғын көшелерди шөлкемлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Бундай аймақлар қәўипсизлик, сапалы жақтыландырыў системалары, заманагөй автомобиль турыў орынлары ҳәм санитариялық шараятларға байланыслы талапларға муўапық болыўы нәзерде тутылмақта. Бул аймақларды басқарыўға байланыслы мәселелерге басқарыў компаниялары арқалы шешим табыў режелестирилген.
Айрықша итибар түнги экономика мәселелери бойынша координатор лаўазымын енгизиўге қаратылмақта. Оның тийкарғы ўазыйпалары бизнес ўәкиллери менен бирге ислесиў, илажларды муўапықластырыў, көрсетилип атырған хызметлердиң сапа стандартларына әмел етилиўин қадағалаў ҳәм инфраструктураның нәтийжели ислеўин тәмийинлеўден ибарат болады. Бул лаўазым мәмлекетлик уйымлар, жеке меншик сектор ҳәм жәмийет арасында байланыстырыўшы буўын болып хызмет етеди.
Буннан тысқары, концепцияда "Түнги қала" санлы платформасын иске қосыў нәзерде тутылған болып, онда 24 саат даўамында көрсетилетуғын хызметлер, илажлар, түнги транспорт жөнелислери ҳәм басқа да хызметлер ҳаққында мағлыўмат берип барылады.
Ҳүжжеттиң толық тексти силтеме арқалы қосымшада бар.








