Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, ҳәзирги күнде республика бойлап қан қуйыў орайлары, илимий-өндирислик кәрханалар ҳәм аймақлық станциялардан ибарат кең тармақлы система нәтийжели жумыс алып бармақта.

Республикалық қан қуйыў орайының директоры Аълонур Саидовтың атап өтиўинше, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң стандартлары бойынша халықтың талабын толық қаплаў ушын ҳәр 1000 адамға 30 донор туўра келиўи керек.

Өзбекстанда ҳәзирги ўақытта бул көрсеткиш 10 ды қураса да, көшпели донорлықты раўажландырыў арқалы талапты жүз процент тәмийинлеў илажлары көрилмекте. Усы мақсетте аймақларға арнаўлы үскенеленген 13 "Исузу" автобусларынан ибарат көшпели донорлық комплекслери жеткерип берилди. Бул мобил орайлар заманагөй медициналық үскенелер, музлатқышлар ҳәм бактерияға қарсы системалар менен тәмийинленген болып, қәлеген аймақта сапалы қан жыйнаў имканиятын береди.

Донорларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы нызамшылық та сезилерли дәрежеде жетилистирилди. 2025-жыл 28-февральдағы жаңа нызамға тийкарланып, "Өзбекстан Республикасы ҳүрметли доноры" көкирек белгиси менен сыйлықланғанлар ушын ақшалай сыйлық муғдары 3 есеге арттырылып, БЕМниң 15 есеси етип белгиленди. Сондай-ақ, ҳүрметли донорлар қалалық жәмийетлик транспорттан бийпул пайдаланыў, санаторийларда гезексиз емлениў ҳәм мийнет дем алысын өзлерине қолайлы ўақытта алыў сыяқлы жеңилликлерге ийе болды.

Еслетип өтилиўинше, елимизде 18 жастан 60 жасқа шекемги, денсаўлығы талапқа жуўап беретуғын ҳәр бир пуқара жылына 4 мәртеге шекем қан тапсырып, ийгиликли иске өз үлесин қосыўы мүмкин.