Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң хабар бериўинше, 2024-жылы Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежеси 11 проценттен 8,9 процентке азайды (3,3 миллион адам ямаса 2023-жылға салыстырғанда 719 мыңға азайған).
Бул нәтийже - Жәҳән банки менен биргеликте алып барылған изертлеўлер тийкарында анықланған.
Кәмбағаллық дәрежеси ең жоқары төменлеўлер:
Бухара ўәлаятында - 11,8 проценттен 8,7 процентке шекем;
Самарқанд ўәлаятында - 10,5 проценттен 7,5 процентке шекем;
Наманган ўәлаятында - 10,4 проценттен 7,6 процентке шекем;
- Қарақалпақстан Республикасында - 13,6 % тен 10,8 % ке шекем атап өтилди.
2024-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў, қыйтақ жер ҳәм дийқаншылық ушын ажыратылған жер майданларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрилген илажлар мәмлекетте кәмбағаллық дәрежесин азайтыўға үлкен үлес қосты.
Буның нәтийжесинде 2024-жылы халықтың реал дәраматы 10,7 процентке өсип, жан басына айына орташа 2,1 миллион сумға туўра келди (жылдың басында - 1,7 миллион сум).
Соның ишинде, халықтың дәраматлары қурамында:
- мийнет ҳақысы - 42,6 процент (2023-жылы - 41,9 процент);
- исбилерменликтен дәраматлар - 22,9 процент (21,4 процент);
- пенсия, социаллық жәрдем ҳәм субсидиялар - 18,2 процент (18,9 процент);
- аўыл хожалығы ҳәм қыйтақ жерден дәраматлар - 10,7 процент (9,8 процент);
- сырт елден ақша өткермелер - 2,0 процент (3,1 процент);
- басқа да дәраматлар - 3,6 процентти (4,9 процент) қурады.
Халықтың мийнет ҳақысынан дәраматлары болса 2023-жылға салыстырғанда 12,9 процентке көбейди.