Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги "Жаңа жыл байрамын белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнди белгилеў ҳәм дем алыс күнин көшириў ҳаққында"ғы ПҚ-452-санлы қарарына муўапық, жумыста пайдаланыў ушын 2025-жылға мөлшерленген жумыс ўақты нормаларының даўамлылығы календары ислеп шығылды.
Байрам күнлери:
1-январь - Жаңа жыл.
8-март Ҳаял-қызлар күни.
21-март - Наўрыз байрамы.
31-март - Ораза ҳайыты (Ийд ал-Фитр).
9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни.
7-июнь - Қурбан ҳайыт (Ийд ал-Адҳа).
1-сентябрь - Ғәрезсизлик күни.
1-октябрь - Муғаллимлер ҳәм устазлар күни.
8-декабрь - Конституция күни.
Жумыс саатларының нормасы (жумыс ўақты) төмендегише белгиленеди:
5 күнлик (40 саатлы) жумыс ҳәптесинде:
8 саатлы жумыс күни ҳәм 7 саатлы байрам алды жумыс күнлери есапқа алынады;
6 күнлик (40 саатлы) жумыс ҳәптесинде:
7 саатлы жумыс күни ҳәм дем алысқа шекемги 5 саатлы жумыс күни сондай-ақ, байрам алдындағы күнлери 6 саатлы (шемби күнине туўры келсе, 4 саатлы) жумыс күни есапқа алынады;
36 саатлы жумыс ҳәптесинде:
6 саатлы жумыс күни ҳәм 5 саатлы байрам күнинен алдынғы жумыс күнлери есапқа алынады.
Ораза ҳайыты (Ийд ал-Фитр) ҳәм Қурбан ҳайыты (Ийд ал-Адҳа) байрамларының көрсетилген күнлери бир күнге өзгериўи мүмкин.