Өзбекстанда жаңа жол белгиси енгизилмекте

    Бәлент пиядалар өтиў жолы деп аталған жаңа жол белгиси пиядалар ағымы жоқары болған аймақлар, мектеплер, балалар бақшасы, балалар ойын майданшалары бар, шекленген тезлик 30 км/с болған аймақларда орнатылады.

    Ҳүкимет қарары менен Өзбекстанда жаңа жол белгиси енгизиледи.

    Ҳүжжетте Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрельдеги 172-санлы қарары менен тастыйықланған Жол ҳәрекети қағыйдаларына қосымшаға муўапық " Бәлент пиядалар өтиў орынлары" жол белгисин ҳәм жол жалпақ сызықларын енгизиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў белгиленди.

    Сол себепли енди қалалар ҳәм басқа да елатлы пунктлердиң көшелеринде, мәмлекетлик ҳәм жергиликли әҳмийетке ие автомобиль жолларының жақтыландырылған ҳәм жоқары тезлик саатына 30 километрге шеклеў енгизилген участкаларында, турақ жайлар аймақларындағы көриниси шекленген кесилиспелерде, балалар майданшасы ҳәм билимлендириў шөлкемлери алдындағы жол участкаларында, ғалабалық дем алыў орынлары, стадионлар, вокзаллар, саўда орайлары ҳәм "Балалар" жол белгиси тәсириндеги бөлимлерине "Бәлент пиядалар өтиў орынлары" жол белгиси ҳәм де жол жалпақ сызықлары орнатылады.

    Ишки ислер министрлиги Транспорт министрлиги ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары менен биргеликте еки ай мүддетте, таллаўлар тийкарында, 2025-2026-жылларда "Бәлент пиядалар өтиў орынлары" жол белгисин ҳәм жол жалпақ сызықларын орнатыў зәрүр болған орынлардың дизимин тастыйықлайды.