Бул ҳаққында Өзбекстанның Америкадағы елшиси Фурқат Сиддиқов мәлим етти.

Фурқат Сиддиқовтың айтыўынша, халық ушын АҚШ виза режимин жеңиллетиў бойынша турақлы ҳәрекет алып барылмақта. Күтилген нәтийжеге ерисиў болса аңсат болмаўы тәбийғый.

"АҚШқа визасыз кириўге ерисиў узақ ўақыт талап ететуғын процесс. Бирақ бул бойынша сөйлесиўлер алып барып атырмыз. Әлбетте, қандай виза режимин енгизиў, қандай шәртлер қойыў Америка ҳүкиметиниң ишки сиясатына байланыслы. Ҳәзирги ўақытта тек АҚШқа емес, ал Бразилия, Канада ҳәм басқа да мәмлекетлерге халқымыздың визасыз барыўын тәмийинлеў бойынша турақлы сөйлесиўлер алып барылмақта", деди елши.

Фурқат Сиддиқов бүгинги күнде өзбек-америка қатнасықлары тарийхый шыңға шыққанын атап өтти. Еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын үлкен потенциал бар екенлигин айтты.

"Өткен жылдың өзинде Өзбекстан ҳәм Америка президентлери арасында төрт мәрте сөйлесиў болды. Еки рет телефон қоңыраўы ҳәм еки рет Нью-Йорк ҳәм Вашингтонда ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Соның нәтийжесинде кең көлемли келисимлерге ерисилген. Бул Америка ҳүкиметиниң Өзбекстанда болып атырған реформаларға, мәмлекеттиң потенциалына итибарын, биз бенен бирге ислесиўге таяр екенлигин көрсетеди", деди дипломат.

Фурқат Сиддиқов 2026-жыл январь айының ақырынан Өзбекстанда АҚШ пуқаралары ушын 30 күнге шекемги визасыз режим енгизилетуғынын мәлим етти. Буның нәтийжесинде мәмлекетке океан артынан келетуғын туристлердиң саны үш есеге көбейиўи күтилмекте.