"Дунё" МАның хабар бериўинше, Салтанатлы мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Босния ҳәм Герцеговина арасындағы еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў перспективалары додаланды.

Босния ҳәм Герцеговина жетекшиси Желька Цвиянович Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм олардың нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Ҳәр еки тәреп қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға таяр екенин тастыйықлады.