Мәмлекетимизде энергетика қәўипсизлигин беккемлеў, ишки базарды энергия ресурслары, соның ишинде, тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў, экономика тармақларын үзликсиз тәмийинлеў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, экономика ҳәм халықтың тәбийғый газге болған талабының артыўы жаңа резервлерди анықлаў, ислеп турған кәнлердиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жаңаларын иске қосыўды талап етпекте.
Усы мүнәсибет пенен "Өзбекнефтгаз" акционерлик жәмийетине тараўда нәтийжелиликти түп-тийкарынан арттырыў, заманагөй көзқарасларды енгизиў бойынша ўазыйпалар қойылды.
2025-жылы жәмийет кәрханалары тәрепинен 25,2 миллиард куб метр тәбийғый газ қазып шығарылғаны, 56 жаңа қудық бурғыланып, 29 қудық капитал оңланғаны атап өтилди.
2026-2027-жылларда тәбийғый газ қазып алыўдың турақлы көлемин тәмийинлеў, 300 ден аслам геологиялық-техникалық илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Презентацияда бул көрсеткишлерге ерисиў ушын әмелге асырылыўы зәрүр болған тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, геологиялық-излеў ҳәм геологиялық-техникалық илажлардың нәтийжелилигин арттырыў, резервлерди көбейтиў ҳәм өндирис көлеминиң турақлылығын тәмийинлеў, сатып алыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириўге айрықша итибар қаратылады.
Буннан тысқары, газди терең қайта ислеў арқалы қосымша қун шынжырын жаратыў, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа жарамлы өнимлер ислеп шығарыў, жәмийет ҳәм оның кәрханаларын финанслық жақтан саламатландырыў илажларын әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Компания жумысында операциялық нәтийжелиликти арттырыў, соның ишинде, тараўға байланыслы болмаған активлерди шығарыў, қәўендерлик төлемлерин тоқтатыў ҳәм қәрежетлерди оптималластырыў арқалы финанслық турақлылықты тәмийинлеўге тийкарғы әҳмийет қаратылатуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, өндирис процесслерин санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў, ишки қадағалаў ҳәм комплаенс системасын күшейтиў, қаржы активлериниң ҳәрекетин қадағалаў, коррупция ҳәм мәплер соқлығысыўының алдын алыў жәмийет жумысының тийкарғы бағдарлары қатарына киргизилген.
Мәмлекетимиз басшысы белгиленген ўазыйпалар ҳәм режелестирилген барлық илажлардың орынланыўын анық есап-санақ, қатаң тәртип-интизам ҳәм жеке жуўапкершилик тийкарында тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди.
Презентацияда геология-излеў жумысларын алып барыў процесинде, соның ишинде, Сурхандәрья ўәлаятында жүз берип атырған техноген жағдайларға да тоқтап өтилди. Бундай жағдайлар жаңа перспективалы кәнлерди излеўдеги қурамалы процесслердиң тәбийғый бөлеги болып, дүнья тәжирийбесинде орын алып атырғаны атап өтилди. Мәмлекетимизде бундай жағдайлар бойынша зәрүр илажлар көрилип атырғаны атап өтилди.
Президентимиз жуўапкерлерге геологиялық изертлеўлер өткерилетуғын аймақларда турақлы мониторингти күшейтиў, заманагөй қадағалаў технологияларын енгизиў, халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў бойынша көрсетпелер берди.