Атап өтилиўинше, төмендеги аймақларда сел-суў тасқынлары жүзеге келиўи мүмкин:

- Қашқадәрья ўәлаяты: Яккабоғ, Деҳқонобод, Чироқчи, Китоб, Шаҳрисабз, Қамаши, Ғузор районларында;

- Сурхандәрья ўәлаяты: Сариосиё, Узун, Олтинсой, Денов, Байсун, Шерабад, Шўрчи, Қумқорған, Музробот районларында;

- Самарқанд ўәлаяты: Ургут, Самарқанд, Булунғур, Нурабад, Қўшработ, Каттақорған, Паяриқ, Жомбой, Иштихан районларында;

- Жиззақ ўәлаяты: Замин, Бахмал, Ғаллаорол, Шароф Рашидов, Фориш, Янгиобод районларында;

- Ташкент ўәлаяты: Оҳангарон, Бостанлық, Паркент, Пискент, Орта Чирчиқ, Жоқары Чирчиқ районларында ҳәм Ангрен, Алмалық қалаларында;

- Наманган ўәлаяты: Поп, Косонсой, Чортоқ, Чуст, Наманган, Янгиқорған районларында;

- Ферғана ўәлаяты: Сўх, Шоҳимардон, Ферғана, Бешариқ районларында;

- Әндижан ўәлаяты: Әндижан, Асака, Жалақудуқ, Қорғантепа, Пахтаабад, Избаскан, Хожаабад, Марҳамат районларында ҳәм Ханабад қаласында.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы, дем алыўшы ҳәм ҳәрекетлениўши пуқаралардан абайлылық илажларын көриў соралмақта.