Транспорт министрлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, қарыздарлықлар
анықланған жағдайда қарызлар толық төленбегенше РФ аймағы бойлап транспорт
қуралының ҳәрекети қадаған етиледи.
Жаңа тәртип Россия аймағы арқалы транзит жүк тасыўды әмелге асыратуғын
сырт ел тасыўшыларына да енгизиледи.
Усы мүнәсибет
пенен Өзбекстан Республикасында дизимнен өткен халықаралық автомобиль
тасыўшыларына Россия Федерациясы аймағына кириўден алдын жәриймалар,
"Платон" системасы ҳәм төлемли автомобиль жоллары бойынша
қарыздарлықлар бар-жоқлығын алдыннан тексерип, оларды белгиленген тәртипте
толық қаплаў усыныс етиледи.