Бүгинги күнде глобал экономикалық системада бәсекиге шыдамлы болыў ушын тек ғана ресурслар жетерли емес, ал енди институционаллық нәтийжелилик, мәлимлеме ағымларын басқарыў қәбилети, инклюзив экономикалық модель ҳәм санлы инфраструктураның бар екенлиги шешиўши әҳмийетке ийе.
Елимизде сыртқы экономикалық жумысты еркинлестириў, саўда процесслерин санластырыў ҳәм әпиўайыластырыў, артықша рәсмийлестириўди қысқартыў, бизнес ҳәм мәмлекет арасында ашық-айдын пикирлесиўди тәмийинлеў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта. Бул процесслердиң нәтийжеси БМШтың Санлы ҳәм турақлы саўда тәртибин әпиўайыластырыў бойынша глобал изертлеўи (UNTF Survey) нәтийжелеринде сәўлеленди.
Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты (МАИИ) қәнигелери тәрепинен талланған бул изертлеў нәтийжелерине бола, Өзбекстан 92,47 процентлик көрсеткиш пенен тек ғана регионда емес, ал бир қатар раўажланған мәмлекетлерден де алдында турады.
Бул изертлеў ҳәр еки жылда бир мәрте өткериледи, 180 нен аслам мәмлекетти қамтып алады ҳәм мәмлекетлер сыртқы саўдада заманагөй санластырыў стандартларын қолланып атырғанын, ашық-айдынлықты тәмийинлеп атырғанын ҳәм бюрократияны қысқартып атырғанын баҳалайды.
Изертлеўдиң тийкарғы көрсеткиши - Саўда тәртибин әпиўайыластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў коэффициенти (Trade Facilitation Score) болып, ол 62 бағдар бойынша мәмлекеттиң улыўма жетискенликлерин сәўлелендиреди. Бул бағдарларға Жәҳән саўда шөлкеминиң Саўданы әпиўайыластырыў бойынша келисиминиң (TFA) қағыйдалары, сондай-ақ, қағазсыз саўда, трансшегаралық электрон саўда ҳәм "жасыл саўда"ны әпиўайыластырыўға байланыслы жаңа регионаллық ҳәм глобаллық басламалар киреди. Изертлеў шеңберинде, сондай-ақ, киши бизнес ҳәм исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған, саўдада кең ҳәм инклюзив қатнасыўды тәмийинлеўши илажлар да үйренилген.
Өзбекстанның нәтийжелеринде сәўлелендирилгениндей, мәмлекет бүгин сыртқы саўданы тек ғана басқарыў объекти сыпатында емес, ал оны миллий раўажланыўдың орайлық тиреги сыпатында көрмекте. 2023-жылы 84,95 процентлик улыўма көрсеткиш белгиленген болса, быйыл нәтийже 7,5 процент пунктке өсти ҳәм 92,47 процентке жетти. Әсиресе, ашық-айдынлық (100 процент), қағазсыз саўда (96,3 процент), бажыханадағы рәсмийлестириўди қысқартыў (95,83 процент) ҳәм трансшегаралық қағазсыз саўда (88,89 процент) бойынша жоқары нәтийжелер атап өтилди. Институционаллық бирге ислесиў тараўында да өсиў бар (66,67 процент), бул болса келешектеги реформалар ушын үлкен потенциал бар екенлигин көрсетеди.
Бул жоқарыға алып келген әҳмийетли факторлардан бири "Бир айна" системасының кеңнен енгизилиўи болды. Енди исбилерменлер ушын экспорт ҳәм импорт операциялары шеңбериндеги көплеген ҳүжжетлер, руқсатнамалар, сертификатлар электрон система арқалы алынады. Мәмлекетлик уйымлар арасында электрон ҳүжжет айланысы кеңейип, халық ҳәм бизнес ушын мәмлекетлик хызметлерге электрон кириў имканиятлары артпақта. Бул өзгерислер тек ғана ўақыт ҳәм қәрежетти үнемлеп қоймастан, ал инсан қәдирин бәринен бурын қәдирлейтуғын басқарыў философиясын қәлиплестирмекте. Саўданы санластырыў дегени енди тек ғана техникалық қолайлық емес, ал кеңирек мәнисте пуқаралық жәмийети, ашық-айдын басқарыў, ашық экономика ҳәм инвестициялық орталықты жаратыўды аңлатады.
UNTF Survey 2025 нәтийжелери Өзбекстан ушын халықаралық әҳмийетке ийе белги болып хызмет етпекте. Бул нәтийжелер мәмлекетти глобал жеткерип бериў шынжырларына жедел тартыўға, халықаралық шериклердиң исениминиң артыўына ҳәм инвестициялық тартымлылықтың артыўына хызмет етпекте. Бул процесс, сөзсиз, Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў жолында алып барылып атырған ҳәрекетлерге де унамлы тәсир көрсетеди.
Бүгинги күнде Өзбекстан ушын саўда тек ғана товар ҳәм хызметлердиң алмасыўы емес, ал адамлардың өз турмысын аңсатластырыў, исбилерменлик орталығын кеңейтиў ҳәм экономикалық әдилликти тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қурал болып есапланады. Елимизде экономикалық реформалар процесинде тек санлар менен шекленип қалмастан, ал жәмийеттиң ҳәр бир ағзасын, әсиресе, киши бизнес ҳәм исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға итибар қаратылмақта. Бул болса пүткил мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турақлылығын беккемлеўге хызмет етпекте.
Бул жетискенликлер Өзбекстанның экономикалық еркинлигин арттырыў, халықаралық базарларда бәсекиге шыдамлылықты беккемлеў ҳәм глобал жеткерип бериў шынжырларында өз орнын беккемлеўде әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди. Бул процессте мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы исенимди беккемлеў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм ашық-айдын басқарыў системасын раўажландырыў тийкарғы рол атқарады.
Мәмлекетимиздиң "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгилеп берилген узақ мүддетли мақсетлерге ерисиў ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Саўданы әпиўайыластырыў, санластырыў ҳәм турақлылық келешек әўлад ушын және де раўажланған, ашық ҳәм әдил экономикалық орталық жаратыўдағы тийкар болып есапланады. Соның менен бирге, бул миллий раўажланыў жолындағы глобал интеграцияның әҳмийетли бөлеги болып, мәмлекетти халықаралық майданда бәсекиге шыдамлы ҳәм тартымлы мәмлекетке айландырыўға хызмет етеди.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы









