Атап өтиў орынлы, темир жол жойбарының улыўма баҳасы 4,7 миллиард АҚШ долларына баҳаланбақта. Бул сумманың ярымы, яғный дерлик 2,3 миллиард АҚШ доллары Қытай тәрепинен үш мәмлекет тәрепинен шөлкемлестирилген Биргеликтеги жойбарлаў компаниясына 35 жыл мүддетке кредит сыпатында бериледи. Бул сумманы қайтарыў тиккелей Биргеликтеги жойбарлаў компаниясы тәрепинен әмелге асырылады. Қалған 2,3 миллиард АҚШ доллары үш мәмлекет тәрепинен Биргеликтеги жойбарлаў компаниясының устав капиталына төмендеги процентлерде киргизиледи: Қытай – 51 процент, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан - 24,5 проценттен.
Өз гезегинде, "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жол компаниясы" БЖК бас директоры Чжоу Син Қоспа жойбарлаў компаниясы тәрепинен тек ғана тартылған қаржылардан нәтийжели пайдаланыў емес, ал келисим бойынша барлық миннетлемелердиң исенимли ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылатуғынын атап өтти.
"Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жолының қурылысы региондағы техникалық ҳәм инженерлик жақтан ең қурамалы жойбарлардан бири екенин атап өтиў орынлы. Оның қурылысы шеңберинде улыўма узынлығы 120 километр болған 50 көпир ҳәм 29 туннель қурыў нәзерде тутылған. Бул - барлық жолдың дерлик 40 проценти тоннеллер ҳәм көпирлер арқалы өтеди, дегени. Қырғызстан аймағында темир жолдың улыўма узынлығы 304 км болады.
Еслетип өтемиз, "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жол қурылысына 2024-жыл 27-декабрьде үш мәмлекет президентлери тәрепинен рәсмий старт берилген еди. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин шығып сөйлеп, бул жойбардың стратегиялық әҳмийетин атап өтти, деп жазбақта gov.kg.