Ҳүжжетке Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының биринши орынбасары Давронбек Қурбонов ҳәм Иордания Саўда палатасының баслығы, сенатор Халил Муҳаммад Ал-Ҳаж Тавфиқ қол қойды.

Кеңес еки мәмлекет исбилерменлери арасында тиккелей сөйлесиўди жолға қойыў, саўда миссиялары ҳәм В2В ушырасыўларын турақлы шөлкемлестириў, инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын турақлы майданға айланады.

Кеңес шеңберинде фармацевтика, аўыл хожалығы, энергетика, логистика, қаржы ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў режелестирилген. Бул биргеликтеги жойбарлардың санын арттырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм Өзбекстан исбилерменлериниң Жақын Шығыс базарларына шығыўын кеңейтиўге хызмет етеди.