Армия қәбилетин беккемлеўде әскерий хызметкерлердиң профессионал таярлығы менен бир қатарда қорғаныў санаатын раўажландырыў әҳмийетли орын ийелейди. Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстанда заманагөй қорғаныў санаатына тийкар салынғаны тарийхый әҳмийетке ийе болды. Қорғаныў министрлиги жанындағы агентлик тәрепинен қурал-жарақларды модернизациялаў, жаңа технологияларды өзлестириў ҳәм перспективалы қолланбаларды әскерлерде енгизиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул Инновациялық технологиялар орайында 80 ге шамалас әскерий ҳәм еки түрли мақсетке мөлшерленген өнимлер ислеп шығарылмақта. Сондай-ақ, робототехника ҳәм ушыўшысыз аппаратлар бойынша стартап жойбарлары қоллап-қуўатланбақта.
Сапар етиў ўақтында әскерий техниканың жаңа үлгилери, қорғаныў тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша перспективалы жойбарлар менен режелер таныстырылды.
Мәмлекетимиз басшысы бул биринши қәдемлер болғанын атап өтип, қорғаныў системасының бәсекиге шыдамлылығын арттырып барыў бойынша көрсетпелер берди. Өндиристи турақлы жетилистирип, жаңа өнимлерди өзлестириў, онда инновациялық технологиялар ҳәм жасалма интеллекттен кеңнен пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, буйыртпа тийкарында тараўға жеке меншик секторды кеңирек тартып, әскерий ҳәм еки түрли мақсетке мөлшерленген өним түрлерин көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди. Жаңа жумыс орынларын жаратыў, қәнигелерди системалы таярлаў, жаңа техникалар бойынша илимий лабораториялар шөлкемлестириў мәселелерине итибар қаратылды.
Өзбекстан қорғаныў санааты кәрханалары халықаралық қәнигелестирилген көргизбелерде белсене қатнасып атырғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, усы жылдың 17-21-февраль күнлери Абу-Даби қаласында (БАӘ) өтип атырған "IDEX-2025" көргизбесинде елимизде ислеп шығарылған 100 ден аслам әскерий техника ҳәм өнимлердиң үлгилери көрсетилмекте. Сырт елли шериклерде үлкен қызығыўшылық оятқан "Арслон 8×8" ҳәм "Арслон 6×6" бронлы транспортёрлар, "Тўфон" өзи жүретуғын гаубицасы усылар қатарына киреди.
Сапар етиўдиң жуўмағында Президентимиз қорғаныў санаатын буннан былай да раўажландырыўдың стратегиялық бағдарларын көрсетип, жуўапкер адамлардың алдына өнимлердиң жоқары сапасын тәмийинлеў, өндирис потенциалын кеңейтиў ҳәм жергиликли кәрханалардың халықаралық базардағы орнын беккемлеў бойынша анық ўазыйпалар қойды.